НЕ ЖАҢАЛЫҚ?


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


❗️️"Права"сын алдырған айдаўшылар рульге отырса дерлик 19 млн сўм жәрийма төлейди

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгериске бола, енди транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслардың бундай қуралларды басқарыўы 18 млн 750 мың сум жәрийма салыўға себеп болады. БЕМниң 50 есеси муғдарында. Усы ўақытқа шекем бул 10 есе (3 млн 750 мың сум) еди.

Буннан тысқары, Жынаят кодексине киргизилген қосымшаға бола, транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған айдаўшы ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин және рульге отырса, жынайый жуўапкершиликке тартылады.

Онда БЕМның 50 есеси муғдарында (18 млн 750 мың сум) жәрийма төлейди, еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумысларына тартылады ямаса еки жылдан үш жылға шекем еркинен айырылады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❗️Tek 2 kún! Búginnen Texnikalerge idea'da "ZOR BAHALAR" baslandı

🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) Sovitkichi – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

Реклама


2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамы «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» деген бас уран менен улыўма халықлық сейиллер тәризинде белгиленеди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Шет тили муғаллимлери ушын 50 миллион сумлық субсидия ажыратылады

Арзаларды Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында 25-февральға шекем тапсырыў керек.

Дизимнен өтиў ҳәм керекли ҳүжжетлерди жибериў ушын арнаўлы силтеме:
https://my.gov.uz/oz/service/1194

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Бүгин Елликқала районының айырым аймақларында тәбийғый газ тәмийнаты ўақытша тоқтатылады

Елликқала районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен райондағы “Ал-Хорезмий” автоматластырылған газ бөлистириўши станциясынан шығыўшы жоқары басым д-159 мм газ тармағында ҳәм жоқары басым газ бөлистириўши пунктинде оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 22-февраль күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем “Гүлдирсин” ҳәм “Шахтиён” аўыл пуқаралар жыйынларындағы тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Усы аймақларда жәми 849 жеке хожалықлар жайласқан.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


⚡️️️️Трамп 9-май күни болып өтетуғын Жеңис парады ушын Москваға бармайтуғынлығын айтты ─ Reuters

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


🗒 22-февраль    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
➖ Пүткил жер жүзлик ойланыў күни

📖 Ўақыялар
➖ 1732-жылы Жорж Вашингтон туўылды;
➖ 1819-жылы Испания Флориданы АҚШқа 5 миллион долларға сатты.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


📆 22-февраль 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы

Бүгин Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, айырым жерлерде жаўын ҳәм қар жаўыўы мүмкин. Сондай-ақ, айырым жерлерге думан түсиўи күтиледи. Самал батыстан 9-14 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 2°C суўық, 3°C жыллы, күндиз 2-7°C жыллы болады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


🚗 Енди той сейилинде қатнасқан айдаўшылар айдаўшылық гүўалығынан айрылып қалыўы мүмкин

Ендигиден былай төмендеги қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма баллары есапланады.

1. 125-статьяның үшинши бөлими ─ айдаўшылардың тормоз системасында, руль басқарыўында ямаса тутастырыў қурылмасында насазлық болыўы ямаса тийисли рухсатнамасыз қайта үскенеленген транспорт қуралларын басқарыўы;

2. 125-статьяның бесинши бөлими ─ Белгиленген тәртипте пайдаланыў қадаған етилген транспорт қуралларын басқарыўы, сондай-ақ мәмлекетлик номери өзбасымшалық пенен шешип алынған транспорт қуралларын басқарыўы;

3. 126-статья ─ Реңи өзгертилген (қарайтырылған) айналы, сондай-ақ, әтирапты көриўди шеклейтуғын қапламалы транспорт қуралларынан пайдаланыўы;

4. 127-статьяның биринши бөлими ─ Сес сигналын себепсиз шалыўы, транспорт қуралларына оны ислеп шығарған кәрхана нәзерде тутпаған сес шығарыўшы ҳәм жақтыландырыўшы қурылмаларды орнатыўы, сондай-ақ оларды өзгертип орнатыўы;

5. 128-статья ─ Айдаўшылардың транспорт қуралларын пиядалар жолларынан басқарыўы, жол белгилери ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа қағыйдалары талапларына әмел етпеўи;

6. 128-3-статья ─ Транспорт қураллары айдаўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин асырып жибериўи;

7. 128-4-статьяның екинши бөлими ─ Транспорт қураллары айдаўшыларының светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши ишарасына бойсынбай өтиўи;

8. 128-5-статья ─ Транспорт қураллары айдаўшыларының кесент бериўи ямаса авариялық жағдайды жүзеге келтириўи, жолдың қарама-қарсы ҳәрекетлениў ушын мөлшерленген тәрепине ямаса бөлегине шығыўы;

9. 28-6-статья ─ Транспорт қураллары айдаўшыларының тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузыўы;

10. 28-8-статья ─ Транспорт қуралында адам тасыў қағыйдаларын бузыў;

11. 28-9-статья ─ Транспорт қуралларында қуўып өтиў қағыйдаларын бузыў;

12. 129-статья ─ Транспорт қураллары айдаўшыларының жол ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдырып, топар болып ҳәрекетлениўде қатнасыўы;

13. 130-статьясы ─ Транспорт қураллары айдаўшыларының темир жолдан өтиў қағыйдаларын бузыўы;

14. 137-статья биринши бөлими ─ Жол-транспорт ҳәдийсеси қатнасыўшыларының белгиленген қағыйдаларды бузған ҳалда ҳәдийсе жүз берген орыннан кетип қалыўы.


👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Өзбекстанда жасалма интеллект пенен ислейтуғын киберструктуралар раўажландырылады

Мәмлекет басшысы қорғаныў санааты менен танысыў ўақтында заманагөй әскерий технологиялардың әҳмийетине айрықша итибар қаратты.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


🚗 Gentra 3-pozitsiya (L-stayle AT)
📅 Jili: Mator 2022 kuzov 2023 (dekabr)
🎨 Reni: Qara (Black Met.Kettyl metallic.)(GBO)
⛽ Benzinde
🏃 Jurgeni: 29 500
💰 Bahasi: 195 mln swm (kelisim bar)
☎️ Tel:
+998915979700


Tayin mashin 40-50 mln swm tig'ilgan mashinaga. Metani joq (benzinde)

Isletilgen zatlari:
1. Salon podsvetka + Tablo=50$
2. Obshibka podsvetka=60$
3. Chexol=90$
4. Polik (2-3 turi bar)=30-40$
5. Polniy shumka (3 ay boldi)=400$
б. Amerikanka + Optra+ BiLED (black piano) original=550$
7. Videoregistrator MRS=50$
8. Pioner 725 mafon=60
9. Sambufer + 4 esik kalonka=1 500$
10. 907 Megicar=100$
11. Malibu bar + Malibu rul (original)=800$
12. Tonirovka (4 ayi bar) + Lob sonsa
zashita=300$
13. Benzinde mashin + qoshimsha zatlari kop
14. ABS + Luk+


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️ Ажырасыўдан кейин ҳаял-қызлар турақ жай менен тәмийинленеди

Сенат баслығы: Шаңарақты сақлап қаламыз деп зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды жибермегеннен кейин ол өзиниң жанына қаслық етиў жағдайлары ҳәм де өлим жағдайлари көп болған. Соның ушын биз ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз. Оларды турақ жай менен тәмийинлеў, алиментти 100 процент төлеў мәселесинде жуўапкершиликти күшейтемиз.


Сенатта көрип шығылған нызамға бола ерли-зайыплылар ажырасқаннан кейин ҳаялдың жасап атырған жеринде шараяты болмаса басқа үй менен тәмийинлеў белгиленбекте. Егер еркектиң үйи болмаса ижара ҳақысын төлеў миннетлемеси жүкленбекте.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Бразилияда 14 жаслы оқыўшыны бир ўақыттың өзинде 4,5 мың пал ҳәрре шақты

Бала топ ойнап атырғанда тосаттан ҳәррелер уясына зыян жеткерген, нәтийжеде ҳәррелер оған ҳүжим еткен. Шыпакерлер жас өспиримниң өмирин сақлап қалыўға еристи.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Өзбекстанда перзентин нызамсыз диний тәлимде оқытқанлар жәриймаға тартылатуғын болды

Бул ҳуқықбузарлық қайтадан исленгенде жәрийма муғдары артады ямаса 15 суткаға шекем қамаққа алыўға себеп болады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Филиппинде безгекке қарсы шара ретинде шыбынларды өлтиргенлерге пул төлеў басланды

Мәмлекеттиң Аддишн-Хиллс аўылында өлтирилген ҳәр бес шыбын ушын 1 песодан (шама менен 220 сум) пул төленбекте.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❗️Tek 3 kún! Búginnen Texnikalarǵa idea'da «ZOR BAXALAR» baslandı

🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) muzlatqıshı – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 21-22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat r, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy r, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Dúkanlarımız

Реклама


❗️️Жәрийма баллары 12 баллдан асатуғын болса айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

Белгиленген ҳуқықбузарлықлар ушын айдаўшыға тийкарғы жаза менен бирге жәрийма да баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Өзбекстанда транспорт қуралын мәс ҳалда басқарғанлар ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди

Жынаят кодексине тийисли қосымшалар киргизилди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


📊 Қарақалпақстанда жоқары категорияға (ААА) ийе болған исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти

Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:

•  «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
•  «АА» категориясына ийе жәми 244;
•  «А» катергориясына ийе жәми 279;
•  «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
•  «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
•  «В» катергориясына ийе жәми 2534;
•  «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
•  «СС» категорияға ийе жәми 6072;
•  «С» категорияға ийе жәми 4291;
•  «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Лавров орайлық азия мигрантлары ушын виза енгизиў идеясын мақулламады

«Биз мигрантлардың жүрис-турысын қадағалаўды күшейтиўимиз керек, қосымша илажлар мийнет миграциясына тосқынлықлар жаратыўға емес, усы қадағалаўды күшейтиўге бағдарланған», деди Россия СИМ басшысы.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.