«Жақсылар сүйикли болыўы қыйын»
Жақсылар сүйикли болыўы қыйын,
Шынлықты айтса да, кеўилге сыйым.
Ҳақыйқат сөзлери жүрекке аўыр,
Табалмайсаң оларды жалған менен түйин.
Ҳадалдың жолында жаны таза,
Жалғанға ермейди, болмас топас.
Еркинлик аңсайды, ойлары бийик,
Күнге – шырақ, түнге – шам сәўле.
Жақсылар сүйикли бола алмас бирдейи.
Турақлы жат болар көптиң әлпетине.
Теңиздей терең олар, бирақта жалғыз,
Дүзиў жол услаған қыйын жер бетинде.
Қәдирин жақсының түсинген жанға,
Әмел жоқ, гейде олар қалыпты дара.
Жүреги аўырған халық ушын мудамы,
Жулдыздай жарық ғой түнги аспанда.
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
Нөкис қаласы
15.01.2025
#miriad
Жақсылар сүйикли болыўы қыйын,
Шынлықты айтса да, кеўилге сыйым.
Ҳақыйқат сөзлери жүрекке аўыр,
Табалмайсаң оларды жалған менен түйин.
Ҳадалдың жолында жаны таза,
Жалғанға ермейди, болмас топас.
Еркинлик аңсайды, ойлары бийик,
Күнге – шырақ, түнге – шам сәўле.
Жақсылар сүйикли бола алмас бирдейи.
Турақлы жат болар көптиң әлпетине.
Теңиздей терең олар, бирақта жалғыз,
Дүзиў жол услаған қыйын жер бетинде.
Қәдирин жақсының түсинген жанға,
Әмел жоқ, гейде олар қалыпты дара.
Жүреги аўырған халық ушын мудамы,
Жулдыздай жарық ғой түнги аспанда.
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad
Нөкис қаласы
15.01.2025
#miriad