Класслас қызларға
Автор: Парахат Сулайманов.
Аш болғанда мени жер деп,
Пәпкисине нан сап келген.
Балалықты бөлиссем тек,
Жақын жан жоқ, маған сеннен.
Ишиң жансын гүрсингей де,
Классласым ақ билегим,
Еле сөйтип дүрсилдейме?
Мен деп урған пәк жүргеиң.
Усындайда ҳәзиллесип,
Маўқымды бир басқым келер.
Альбомыңа қосық жазып,
Мухаббат та ашқым келер.
Бәҳәр самал есип атыр,
Бүгин байрам десип атыр.
Көринбейсиз көптен бери,
Ҳалың қалай кешип атыр.
Тез-тез еслеп сағынатын,
Классласқо кеўил жақын.
Шайыр болсам жағынатын,
Жанларсызғо маған жақың.
Ҳәр бириңе қушақ гүлдиң,
Жиберейин сүўретинен.
Сағынсаңыз сүўретимниң,
Күлип қойып сүй бетинен.
Байрамларыңыз бенен қутлықлайман.
8-март. 2025-жыл.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Автор: Парахат Сулайманов.
Аш болғанда мени жер деп,
Пәпкисине нан сап келген.
Балалықты бөлиссем тек,
Жақын жан жоқ, маған сеннен.
Ишиң жансын гүрсингей де,
Классласым ақ билегим,
Еле сөйтип дүрсилдейме?
Мен деп урған пәк жүргеиң.
Усындайда ҳәзиллесип,
Маўқымды бир басқым келер.
Альбомыңа қосық жазып,
Мухаббат та ашқым келер.
Бәҳәр самал есип атыр,
Бүгин байрам десип атыр.
Көринбейсиз көптен бери,
Ҳалың қалай кешип атыр.
Тез-тез еслеп сағынатын,
Классласқо кеўил жақын.
Шайыр болсам жағынатын,
Жанларсызғо маған жақың.
Ҳәр бириңе қушақ гүлдиң,
Жиберейин сүўретинен.
Сағынсаңыз сүўретимниң,
Күлип қойып сүй бетинен.
Байрамларыңыз бенен қутлықлайман.
8-март. 2025-жыл.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал