36-MEKTEP_NEWS


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Ta’lim


Mektebimizde bolıp atirģan jańalıqlar hàm òzgerislerden xabardar bolıp barıń hàm hàr tùrli tańlaw hàm intellectual oyınlar qatnasıwshısına aylanıń.
Qosimsha magliwmat,soraw ham usinislar ushin tel:
+99897 650 84 80

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


Ayzada Siypatdinova dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Shımbay rayonı MShhMBB ne qaraslı 36-sanlı ayırım pànler tereńlestirilip oqıtılatuģın klası bar ulıwma bilim beriw mektebiniń baslawish klass muģallimi : Sipatdinova Ayzadaniñ 3-a klasinda 27 -yanvar kùni Oqiw pàninen " Mikroskop " temasinda òtkerilgen ashiq sabaģi


Сапаров Айбек Муратбаевич dan repost
Шымбай районы МШМББ не қараслы 36-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 9-10-11-класс оқыўшылары ата-аналарының (олардың орнын басыўшы шахслар) қатнасында жоқары турыўшы уйымлардың гезексиз тапсырмасы тийкарында  ата-аналар жыйналысы шөлкемлестирилди ҳәмде  Мәҳәлле жетилигинен тийисли қәнийгелер мирәт етилди.
1⃣
Биринши мәселе "Жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў",
2⃣
Екинши мәселе "Жас өспиримлер арасында ерте турмыс курыўдың алдын алыў",
3⃣
Ушинши мәселе "Оқыўшылардың сабақларға турақлы қатнасы" , "Кийиниў мәденияты" ,Сөйлеў мәденияты, сабаққа үлгериў дәрежеси бойынша   кең түрде тусиник жумыслары алып барылды.




2025-jil 16-17-18 yanvar kúnleri Shimbay rayoni sport mektebi maydanshasinda sporttiń FUTBOL túrinen "Umit-nihallari-2025" sport jarisinda mektep oqiwshilari arasinda rayonliq basqishi bolip ótti.
1-orin 38-mektep
2-orin 36-mektep
3-orin 17-mektep
3-orin 1-mektep


УСЫ КАНАЛГА КИРИП КОЙЫН ОКЫУШЫЛАР




"УСТАЗ ЖОЛЫ" ГАЗЕТАСЫ dan repost
#Ақыл-нәсият ҳаққында нақыл-мақаллар.

💥 Атаңа не қылсаң, алдыңа сол келеди.

💥 Ананың кеўли балада,
Баланың кеўли далада.

💥 Ағасы бардың ырысы бар,
Иниси бардың тынысы бар.

💥 Атадан алтаў туўсаң да,
Отаўына жалғызсаң.

💥 Атаның атағына қара,
Енениң затына қара.

💥 Атадан алтаў туўғаның атқан оғы жоғалмас,
Атадан жалғыз туўғанның атқан оғы табылмас.

💥 Ата насиятын көп алған кәтқуда болады.

💥 Атаның силтегени соқпағы балаға мың гүзар жол.

💥 Ата менен бала, гүл менен лала.

💥 Ата улы менен узақ жасайды.

💥Ата даңқы менен ул өседи,
Ене даңқы менен қыз өседи.

💥 Анасын көрип қызын ал,
Табағын көрип асын иш.

https://t.me/USTAZ_JOLI


"УСТАЗ ЖОЛЫ" ГАЗЕТАСЫ dan repost
ДҮРДАНА СӨЗЛЕР:

Меҳир не ҳәй адам?-меҳир еки көзиңдур.
Ақыбет не ҳәй адам?-ләбиң шийрин сөзиңдур.
Гүна не ҳәй адам?-гүнә қыйсық жолыңдур.
Ҳадал не ҳәй адам?-ҳадал еки қолыңдур.
Ықлас не ҳәй адам?-ықлас жүректиң жалыны.
Инсап не ҳәй адам?-инсап нәпсиң жылаўы.
Ҳүждан не ҳәй адам?-ҳүждан қайнаған булақдур.
Ийман не ҳәй адам?-ҳақты таныған жандур.
Күлпет не ҳәй адам?-күлпет қызыл тилиңдур.
Бахыт не ҳәй адам?-бахыт тыныш күниңдур.

             💐💐📚📚💐💐

🍀🍀👉https://t.me/USTAZ_JOLI
https://t.me/USTAZ_JOLI


"УСТАЗ ЖОЛЫ" ГАЗЕТАСЫ dan repost
#Архив_дереклеринен

МУҒАЛЛИМ

📜Муғаллим - ол артист, бирақ та,
Оған ҳеш ким қол шаппатламас.
Скульпторға да кетер усап,
Бирақ, оны баҳалаўшы аз.

Муғаллим - ол врач, бирақ та,
Елестирмес емлегенлери.
Мегзейди тап том-том китапқа,
Маңлайының терлегенлери.

Муғаллим - ол мийнеткеш адам,
Бинят болған қуяштан нурдан.
Өйткени ол - ҳәр бир баладан,
Жаратады ҳақыйқый инсан...

Толыбай Қабулов,
1990-жыл.

https://t.me/USTAZ_JOLI


"УСТАЗ ЖОЛЫ" ГАЗЕТАСЫ dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Тәрбия

Усы видеоролик бойынша талықлап өз пикирлериңизди билдиесиз деген үмиттемен?

💥💦☘💥💦☘💥☘💦💥


#🇺🇿14-Январь_Ўатан_қорғаўшылар_күни

#Шымбай_районы
#36-санлы_мектепте

       ⚡️⚡️ Бүгин мәмлекетимиз өмириндеги айрықша сәне , яғный Өзбекистан Республикасы Қураллы кушлери шөлкемлестирилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәмде 14-январ Ўатан қорғаўшылары куни мүнасебети менен  Шымбай районы 36-санлы мектепте көтеринки руўхта руўхый ағартыўшылық иләж шөлкемлестирилди.


Сапаров Айбек Муратбаевич dan repost

12 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.