#Ақыл-нәсият ҳаққында нақыл-мақаллар.
💥 Атаңа не қылсаң, алдыңа сол келеди.
💥 Ананың кеўли балада,
Баланың кеўли далада.
💥 Ағасы бардың ырысы бар,
Иниси бардың тынысы бар.
💥 Атадан алтаў туўсаң да,
Отаўына жалғызсаң.
💥 Атаның атағына қара,
Енениң затына қара.
💥 Атадан алтаў туўғаның атқан оғы жоғалмас,
Атадан жалғыз туўғанның атқан оғы табылмас.
💥 Ата насиятын көп алған кәтқуда болады.
💥 Атаның силтегени соқпағы балаға мың гүзар жол.
💥 Ата менен бала, гүл менен лала.
💥 Ата улы менен узақ жасайды.
💥Ата даңқы менен ул өседи,
Ене даңқы менен қыз өседи.
💥 Анасын көрип қызын ал,
Табағын көрип асын иш.
https://t.me/USTAZ_JOLI