...2001-жыл. Нөкис қаласы 25-орта мектептиң 6 класс оқыўшысы едим. Бизлерге тарийх пәнинен таза муғаллим келди. Бул муғаллим тарийх сабағын сол дәрежеде қызықлы қылып өтетуғын еди, тап көз алдымыздан ўақыялар кино ленталарындай болып өтетуғын еди. Ҳәттеки класымыздағы сабақларға онша қызыға бермейтуғын оқыўшыларда сол пәнге қызығатуғын болды. Ол пәнге ҳәммемиздиң қызығыўшылығымыз артып кетти. Сол устазымыз себебли менде келешекте Әжинияз атындағы НМПИ Тарийх факултетине оқыўға түстим. Бул мениң устазым Бахытбек аға Ельманов еди.
Кейиннен студент ўақтымда, Ишки ислер министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы тараўында хызмет алып барған ўақтымдада жумыс бабында бирге ислесип, көрисип тўратуғын едик. Арадан 20 жылға шамалас ўақыт өткен болсада бул хош кеўил инсан маған сол 25-орта мектепте меҳир берип оқытқан оқыўшысына қандай мүнәсибетте болса сондай қарым-қатнас қылатуғын еди. Рәсмий тәрептен мен Айрықша жағдайлар басқармасы офицери болсамда, Устазым ушын сол мектептеги оқыўшысы едим. Ал, бизди таныған адамларға болса "ол мениң муғаллимим!" деп жас баладай мақтанып қоятуғын едим.
Тағдир екен, сум әжел Устазым Бахытбек ағаны алып кетти. Ҳәммемиз ушын оның арамызда жоқлығы үлкен жоғалтыў болды.
Бахытбек аға Ельмановтың шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәмде бирге ислескен мийнет жәмәәтине терең қайғырыў менен кеўил айтаман.
Жайыңыз жәннеттен болсын, биз Сизди умытпаймыз Устаз!
Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҒХҚ ҳәм ЖШМБИ топары баслығы
аға лейтенант
Айбек Абдирахманов.