Машкала хәм кемшиликлер#үйде отырамыз


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Siyosat


Машкала хам кемшиликлерге гууа болсаныз каналымызга @mashqala жолласаныз болады. Жибериу https://t.me/Arziev адресине. Фото хам фактлеринизди кутип каламыз.

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Siyosat
Statistika
Postlar filtri


РАСМИЙ МҮНӘСИБЕТ
Джантулиева Айгул Тугелбаевнаның нызамсыз ис-ҳәрекетлерине тыйым салынсын

Бәршеңизге мәлим соңғы еки ҳәпте даўамында республикамыздың көплеп интернет тармақларында өзин мәмлекет ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкери, сондай-ақ журналист сыпатында таныстырып, қопал ҳәм турпайы түрде карантин қағыйдаларына әмел етиўин талап етип, пуқаралық ўазыйпаға улыўма жат болған бийзарылық ҳәрекетлерин ашкара жария етип жүрген шахс ҳаққында мағлыўматлар тарқалды.
Албетте, бул жағдайлар блогерлер менен бир қатарда кең жәмийетшилигимиздиңде орынлы наразылықларына себеп болды.
Бизде бар аудио ҳәм видео мағлыўматларға қарағанда, бул пуқара 1994-жыл 13-сентябрь күни Хожели районында туўылып, ҳәзирги күнде усы районның Бостан көшеси рақамсыз үйде жасап атырғанлығы, алдын бир неше мәрте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған Джантулиева Айгул Тугелбаевна екенлиги анық болды.
Ол 2020-жыл 6-август күни Хожели районы ИИБ имараты, район аймағында карантин мүнасибети менен қойылған арнаўлы постларда ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими хызметкерлерине өзин ҳәкимият, прокуратура, мәмлекет қәўипсизлик хызмети ҳәм ишки ислер министрлиги хызметкери сыпатында таныстырып, шахсын тастыйықлаўшы ҳеш бир ҳүжжет көрсетпестен ўәкиллигин атқарып турған орган хызметкерлердиң жумысларына нызамсыз араласқан ҳәм бийхаялық ҳәрекетлерин ашкара көрсеткен.
Сонлықтан, ол Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясы (Майда бийзарылық), 194-статьясы 1-бөлим (Ишки Ислер органлары хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаслық) ҳәм 195-статьясы 1-бөлиминде (Ишки Ислер органлары хызметкерлериниң өз хызмет ўазыйпасын орынлаўына қарсылық көрсетиў) көрсетилген ҳуқықбузарлықларды ислеген.
Сонлықтан, Шымбай районы Ҳәкимшилик судының 6.08.2020-жылғы қарары менен А.Джантулиева айыплы деп табылған.
Буннан тысқары, А.Джантулиева озиниң усы нызамсыз ҳәрекетлеринен тийисли жуўмақ шығармай 2020-жыл август айы ишинде Хожели районы ИИБ хызметкерлерине қопал мүнәсибетте болып, олардың кийимлерине асылып, сәдеплерин үзип таслап, өз ўазыйпасын атқарып турған ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлерине актив қарсылық көрсеткен.
Ҳәзирги күнде бул ҳалатлар бойынша оның үстинен жынаят исин қозғаў мәселесин шешиў ушын район прокуратурасы тәрепинен тергеў алды тексериў жумыслары алып барылмақта.
Жоқарыдағы жағдайларды итибарға алып, биз район ҳәкимлиги Джантулиева Айгул Тугелбаевнаның ҳәрекетлерине тез арада ҳуқықый баҳа берилиўин ҳәмде нәтийжесине муўапық оның руўҳый ҳалатына (өз ҳәрекетлерине жуўап бериў яки бермеслиги) суд-психиатрия экспертизасын тайынлаў жолы менен оны суд арқалы ҳуқық уқыплылығына ийе емес деп табыў мәселесин үйренип көрилиўин сораймыз. Өйткени бул пуқарамыз өзиниң қопал ис-ҳәрекетлери менен пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине сезилерли зыян жеткизиўи мүмкин екенлигине ҳеш ким кепиллик бермейди.


Хожели районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети


#Билесизбе

💊 Дәри-дәрман сатыӯда баҳаның шегарасы бар ма?

Президенттиң тийисли қарарына (https://lex.uz/docs/3060639) тийкар, шеттен алып келинетуғын, сондай-ақ мәмлекетимиз ислеп шығарыӯшыларынан сатып алынатуғын дәри-дәрман өнимлери ҳәм медициналық буйымларды сатыӯда оларды жеткерип бериӯде қатнасыӯшы дәлдәлшылар санына қарамастан, саӯда үстемелери төмендегиден артық болмаӯы керек:

👉 көтере саӯда ушын сатып алынған баҳасынан 15 пайыздан;

👉 усақлап саӯда ушын көтере баҳасынан 20 пайыздан.

Каналға жалғаныӯ👇👇👇
@huqiqiymalimleme


#Кеўил_билдириў

Өзбекстан, Қарақалпақстан, Башқуртстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты, “Дослық” ҳәм “Ел-журт ҳүрмети” орденлериниӊ
ийеси Байрам Матчанов бүгин дүньядан өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм барлық мәденият ҳәм көркем өнер жәмәәти Байрам Матчановтың қайтыс болыўына байланыслы марҳумның туўысқанлары ҳәм шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.


Терең қайғырыў ҳәм аўыр жоғалтыў менен соны мәлим етемиз, бәршемиз ушын қәдирли болған инсан, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов аўыр кеселлениўден соң 2020-жыл 31-июль күни Нөкис қаласында өмирден көз жумды.
Ақырети абат болсын! Бул дүньяда қылған жақсы әмеллери өзине жолдас болсын. Артында қалған жақынларына Аллаҳ таала сабыр берсин.

Иннә лилләҳи ўә иннә иләйҳи рожиъуўн.


👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


@mashqala #коронавирус.

Covid-19 бенен наукаслангаларды емлеп атырган, республикалык фтизиотрия хам пульмонология орайы шыпакерлериниң мүражети.

Алдынгы кийген жагылмай автоклавга жиберин деген спец формалар подвалга лестница астына жыйналган.

Уактында жакпастан инфекция таркатып отырыпты.


@mashqala #fakenews.

Кеше интернет тармакларында сум хабар таркаган еди. Кейинрек аныкланыуынша, бул жалган хабар болып шыкты.
Тилекке карсы, бул фэйк маглыуматты линцензияланган, макамы журналистке теңлестирилген канал ийелери шыгарды.
Журналист хар бир маглыуматты шыгармастан алдын толык маглыумат топлау шарт. Керек болса журналистик иззертлеу өткериү керек. Блогер менен журналисттиң айырмашылыгыда сонда.
Ал бизлердиң интернет жүрналистлеримиз сол хабарды биринши шыгарып, адам топлауды нийет еткен.
Асиресе хазиргидей ауыр жагдайда халык арасына гул гула салып атырсызлар.
Сизлерге маслахатимиз, тажирийбели журналистке шакирт түсип, ГХК хаккындагы нызамды хамде журналистик этиканы үйрениң!

Арзиев Азамат журналист.


@mashqala #fakenews

Ким болмасын, қандай журналист болмасын, блогерлер де мағлыўмат тарқатыўда озып өтемиз деп қаңқыя бермесин билгиши шығып. Адамға бас не ушын берилген. Мағлыўмат қәўпсизлиги ҳаққында умытып кеттик. Тек ғана амбициямызды қанаатландыратуғын ҳақыйқат халыққа мүнәсиппе? Шегарадан шығып кетип , натуўры иске жол қойылдыма ким болса да аяўдың қәжети жоқ, жуўапкершиликке тартылсын. Басымызды бир жөнге келтирейик бирадарлар.

Динара Алламбергенова, ТВ журналисти


@mashqala #fakenews

Каналына адамларды қызықтырыў мақсетинде бул блогерлеримиз адамларды тез өлтириўге, соны қуўанып жеткериўге асығып атырғандай. Өлим бәри-бир суўық хабар. Жерге қара жылан кирсин!
Онысыз да елимизде не бир азаматларымызды жойтып, ел ар-сар болып турғанда, мынаўсы бәринен де асып түсти. Енди дерек алған каналға асылып отырған шығар. Ол өзи ушын жуўап бере берер. Ал, өзимиздикине жол болсын! Өзиңди жаттай сыйла, жат бойыңнан түңилсин, демейме ата-бабаларымыз?! Оларға шара көрилетуғын ўақыт жеткен жоқпа екен? Мынаў тири деп көрсетсе де олардики жөн, тирини өлди деп көрсетсе де олардики жөн бола береме? Өзимизди-өзимиз талаўға өттикпе деймен...😢

Бес күнлик дүньяда тирилерди өлди деўге асықпайық, өлим ҳақ, бирақ ҳәммеге де кешинен берсин деп жақсы нийетте жасайық. Онысыз да дүнья ялғаншы, дүнья өткинши, жолдаслар!

Гүлнара Дәўлетмуратова,
журналист


@mashqala #fakenews

Интернеттиң түндеги жалған хабарлары ҳәммениң түн уйқысын шайдай ашты. Тастыйықланбаған хабарларды дәректи үйренбей турып басқан сайтлар ийелери сөз жуўапкершилигин түсинерме екен өзи. Ўақыя ортасында турған адам, оның ағайин-туўысқанлары, тамыр-таныслар орнына өзин қойып көрсе қалай болар екен сол "оператив" "журналистлер".
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Жақсы хабарга сүйинши соралады. Жаман хабардың өзи тез тарқалады. Оны жеткериўге бириншиликке "таласыў" қайсы халыктың қанында бар. Ўақыядағы анықлық, деректиң үйренилиўи, фактлер, тек 1 дерек емес, басқа дереклер менен салыстырыў журналистикадағы өзгермес нызамлылық емеспе. Сениң ҳәр бир айтқан сөзиңди халқымыз ҳақыйқатлық деп түсинеди. Соның ушын сәл сабырлы, салмақлырақ болайық.
" Жел өкпелик" журналистке жараспайды.

(Сүўрет интернеттен алынды)

Абдулла Ембергенов, журналист


ДЫҚҚАТ! ДЫҚҚАТ!
Ҳүрметли Нөкис қаласының турғынлары!

Пүткил дүнья жүзинде глобал машқалаға айланған бүгинги күндеги коронавирус инфекциясы кеселлиги пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына үлкен зыян тийгизиўи менен бир қатарда усы кеселлик пенен емлеўханаларда аўырып атырған наўқасларға зәрүр кислород концентраторларының жетиспеўшилик жағдайлары да ушырасып атыр.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-июль күнги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техникалар айланысын тәртипке салыўға байланыслы ис-илажлар ҳаққында»ғы 449-санлы қарарының орынланыўы ҳәм коронавирус инфекциясы кең тарқалыўына қарсы гүресиўде мәмлекетте дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен медициналық техникалар жетиспеўшилигиниң алдын алыў, сондай-ақ, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳәм өмирин қорғаў, сондай-ақ, коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқасларға өз ўақтында медициналық жәрдем көрсетилиўин, зәрүр кислород концентраторларының жеткерилип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги Сизлерден кислород баллонларын ўақтынша пайдаланыў ушын әмелий жәрдем бериўиңизди сорайды. Усынылған кислород баллонларыңыздың өз ҳалында сақланыўына ҳәм өз ийелерине қайтарып бериўине кепиллик беремиз.

МӘНЗИЛИ: Нөкис каласы, Беруний көшесинде жайласқан қалалық Абаданластырыў басқармасының гаражы имараты.
Бағдар: «Ташкент» кафеси жанында.
Мағлыўмат ушын телефон: 90 727-55-29.

https://t.me/paytaxt_city


@mashqala #жогалтыу.

КР ИИМ патруль пост хызмети бөлим баслыгы, жаслар устазы Кайпназаров Есемурат Калбаевич ( 10.06.71-- 24.07.2020жж) дүньядан көз жумды.
Мархумның тууган-туысканларына, шаңарак агзаларына кеүил билдиремиз.


1971 жыл 10 июнь туылган


@mashqala #жогалтыу.

Бүгин Канлыкөл районы хакими Толыбаев Даулет Аяпбергенович (18.10.1983 --24.07.2020жж) дүньядан көз жумды.
Ол бары жогы 36 жасты толтырып, енди 37 ге караган еди.
Ол ак көкирек жора, мийирман ата, уападар күйеу халкының нагыз улы еди.
Мархумның жакынларына кеуил билдиремиз.


Paziyletuz | Рәсмий канал dan repost
Зулҳижжанинг дәслепки 10 күни

Бул күнлерде қылынатуғын базы әмеллер:

1. Қурбанлық қылмақшы болған адам Аллаҳ тааланың мийрими ҳәм мағфираты ағзаларының бәршесин орап алыўы ушын шаш, сақал ҳәм тырнақларын алмаўы мақсетке муўапық болады.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "(Зулҳижжаның биринши) он күнлиги киргенде, қолында қурбанлық қылмақшы болған жанлығы бар адам шаш-сақалын да, тырнағын да алмасын", деди.
(Имам Муслим рәўияты)

2. Қуран оқыў, көп зикир қылыў.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Сол (күн) лерде тәҳлил (ләә иләәҳә иллаллоҳ), тәкбир (Аллоҳу әкбар) ҳәм тәҳмидты (Әлҳәмду лилләҳ) көбейтиң", деди.
(Имам Аҳмад рәўияты)

3. Дәслепки тоғыз күнинде ораза тутыў.

"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Ашуро күнинде, Зулҳижжаның тоғыз күнинде, ҳәр айдан үш күн - биринши дүйшемби ҳәм кейинги еки пийшемби күнлеринде ораза тутар еди".
(Имам Нәсәий рәўияты)

4. Тоғызыншы күниниң оразасы айрықша атап өтилген. Себеби ол күн "Арафа" күни.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан бул күнниң оразасын сорағанында: "... (Ондағы ораза) өткен ҳәм қалған жылды (ондағы гүнәларды) каффарат қылады", деп жуўап берди.
(Имам Муслим рәўияты)

5. Оныншы күни ораза тутылмайды, себеби ол қурбан ҳайыты күни. Ол күнлерде қылынатуғын әмеллердиң ең абзалы тәкбир айтыў (Аллоҳу акбар), қурбанлық қылыў, садақа бериў.

Быйыл ҳаж қылыў несип етпеген болса да, басқа жоқарыда айтылған әмеллерди орынлаў имканымыз бар. Солар менен көбирек саўаплар алыўға ҳәрекет етейик!


Каналға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың! 👇

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ


...2001-жыл. Нөкис қаласы 25-орта мектептиң 6 класс оқыўшысы едим. Бизлерге тарийх пәнинен таза муғаллим келди. Бул муғаллим тарийх сабағын сол дәрежеде қызықлы қылып өтетуғын еди, тап көз алдымыздан ўақыялар кино ленталарындай болып өтетуғын еди. Ҳәттеки класымыздағы сабақларға онша қызыға бермейтуғын оқыўшыларда сол пәнге қызығатуғын болды. Ол пәнге ҳәммемиздиң қызығыўшылығымыз артып кетти. Сол устазымыз себебли менде келешекте Әжинияз атындағы НМПИ Тарийх факултетине оқыўға түстим. Бул мениң устазым Бахытбек аға Ельманов еди.
Кейиннен студент ўақтымда, Ишки ислер министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы тараўында хызмет алып барған ўақтымдада жумыс бабында бирге ислесип, көрисип тўратуғын едик. Арадан 20 жылға шамалас ўақыт өткен болсада бул хош кеўил инсан маған сол 25-орта мектепте меҳир берип оқытқан оқыўшысына қандай мүнәсибетте болса сондай қарым-қатнас қылатуғын еди. Рәсмий тәрептен мен Айрықша жағдайлар басқармасы офицери болсамда, Устазым ушын сол мектептеги оқыўшысы едим. Ал, бизди таныған адамларға болса "ол мениң муғаллимим!" деп жас баладай мақтанып қоятуғын едим.
Тағдир екен, сум әжел Устазым Бахытбек ағаны алып кетти. Ҳәммемиз ушын оның арамызда жоқлығы үлкен жоғалтыў болды.
Бахытбек аға Ельмановтың шаңарақ ағзаларына, жақынларына ҳәмде бирге ислескен мийнет жәмәәтине терең қайғырыў менен кеўил айтаман.
Жайыңыз жәннеттен болсын, биз Сизди умытпаймыз Устаз!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ҒХҚ ҳәм ЖШМБИ топары баслығы
аға лейтенант
Айбек Абдирахманов.


@mashqala #жогалтыу.

Бахытбек Ельманов. (15.09.1972---21.07.2020)

Хамийше есимизде каласыз!

КТРК хамде УЗМТРК жамаати атынан!


@mashqala #жогалтыу.

Телерадиокомпаниямызга баслык болып келгенинде, жумысшы менен баслык ортасындагы перде көринбей калды.
Бул инсан өзиниң киши пейиллиги, ак көкиреги менен баршемиздиң жүрек төримизден орын алды.
Креатив идеялары, өзине сай оригинал пикирлери, жаңаша дүньякарасы телерадиокомпаниямыздың кайта тууылыуына себеп болды. Жүрегинде жанып турган оты, илхамланып турган көкиреги себепли көплеген ескирген үскенелеримиз жаңаланып, дөретиүшилик жамаатимизге бир канша уазыйпаларды жүклеген еди.
Хамийше күлип турган жүзинен баршемиз илхамланганбыз, хар бир негативтен-позитив жуумак шыгарган Бахытбек Ельманов ( 15.09.1972----21.07.2020), енди арамызда жок...
😢😢😢


Мениң устазым дүньядан өтти.
Адамға аўыр сөзи жоқ, ҳәмийше шох, арқасынан пышақ урған адамларды да күлип күтип алатуғын, ақ-көкирек, кең пейил инсан Бахтыбек аға Ельманов қайтыс болды.
Мениң кесиримнен көп бақырыс еситкен, бирақ сайтымның жумысына улыўма араласпаған, мени ҳәмийше қорғап келген инсан әлемнен өтти. Бул жоғалтыўды қабыл ете алмай атырман. Неге қудай арамыздан жақсыларды ерте алып кетеди??????
«Нөкис-ФМ» ҳәм «Жаслар-ТВ», Қарақалпақстан миллий телерадио компаниясы, изине ерген барлық шәкиртлери ушын бул үлкен жоғалтыў болды.
Мени кешириң Бахытбек аға, тирилигиңизде көп қапа қылдым, жағдайыңыздың буншелли аўыр екенин билмей қалдым. Кешириң…

@makan_uz


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
@mashqala #карантин

Ата-бала шыпакер анасын тууылған күни менен қутлықлауға баратыр (Қазақстан).
Шыпакерлеримизге күш-жигер тилеймиз!
Дүнья жүзин бийлеген пандемияга карсы гүресип атырган шыпакерлеримизге миннетдаршылыгымыз шексиз!


Сондай-ақ, халқымызды, елимизди, пүткил дүнья халықларын бул иллеттен саў-саламат қыл. Бул сынаўлы күнлерден аман-есен өтип, абадан турмысымызға қайтыўды несип ет! Бүгин емлеўханаларда емленип атырған наўқасларымыздың дәртлерине өзиң кәмил шыпа бер, шаңарақларына саламатлықта қайтып, бахытлы турмыс кешириўинде Өзиң яр бол, Аллаҳым! Гүналарымызды әпиў ет, айып-нуқсанларымызды жасыр. Бәршемизди еки дүнья бахтына миясар ет, Я Роббал аламийн, әмийн!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA


ШЫПАКЕРЛЕР – БҮГИННИҢ ҚАҲАРМАНЛАРЫ

Тарийхқа нәзер салсақ, инсаният қаншадан-қанша қыйын дәўирлерди басып өткергенлигиниң гүўасы боламыз. Атап айтқанда, кеселликлердиң тарқалыўы, дүнья жүзилик урыслар ҳәм тәбийий апатлардың жүз бериўи сыяқлы аўыр дәўирлер болған.

Соның менен бирге, мине, усындай сынаўлы дәўирлердиң өзине тән қаҳарманлары болғанлығы да ҳақыйқат.
Коронавирус инфекциясы себепли бүгинги күни де инсаният, мине, усындай аўыр сынаўлы күнлерди басынан өткермекте. Сол қатары, журтымызда да бул иллеттиң тәсири күшейгени инсанды қапа қылмай қоймайды.

Мине, усындай аўыр демлерде өзлериниң пидайы хызметлери менен медицина тараўы ўәкиллери көзге көринбес жаў менен күни-түни гүресип келмекте. Олардың, мине, усы хызметлерин көрип, шыпакерлер, мийирбийкелер, тез жәрдемде хызмет көрсетиўши шыпакер ҳәм айдаўшылар, санитария хызметкерлери, қулласы, усы тараўдың бәрше ўәкиллери бүгинги күнниң ҳақыйқый қаҳарманлары, десек асыра айтқан болмаймыз.

Өйткени, саламатлық ҳаққында сөз болғанда, сөзсиз шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер көз алдымызға келеди. Өйткени, инсан саламатлығын сақлаўда олардың хызмети уллы. Бүгинги сынаўлы күнлерде буның тиккелей гүўасы болып атырмыз.
Ҳақыйқатында да, шыпакерлер өзлериниң бар күш ҳәм ғайратын аямастан, наўқаслардың саламатлығы ушын пидайы хызмет етпекте. Сондай-ақ, тез жәрдемде тақ турған шыпакерлер ҳәм айдаўшылар да кеселликке тик барып, өз жәрдемин көрсетип келмекте.

Санитария хызметкерлери жаздың ыссы күнлеринде әтирапымызды вирус ҳәм бактериялардан тазалап, кеселликтиң ен жайыўының алдын алмақта.
Әзизлер! Гейде социаллық тармақларда медицина тараўы хызметкерлерине қарата унамсыз пикирлер билдирилген материаллардың гүўасы болып қаламыз. Әлбетте, бул нашүкирлик ҳәм үлкен гүна болып есапланады. Бул – пикирлеў қәбилети толық қәлиплеспеген адамлардың ямаса халық арасында алаўызлық пайда етиўди қәлеген душпанлардың гәпи. Сонлықтан, бундай тийкарсыз нәрселерге итибар берместен, керисинше, бул пандемия менен гүрес алып барып атырған тараў хызметкерлерине күш-қуўат бағышлап, қайырлы дуўалар жоллаўымыз мақсетке муўапық болады.

Ҳүрметли шыпакерлер, мийирбийкелер ҳәм бәрше денсаўлықты сақлаў хызметкерлери! Биз сизлерге исенемиз. Сиз таңлаған кәсип үлкен саўаплар алып келиўши муқаддес кәсип екени сөзсиз. Динимизде де ким бир инсанның жанын сақлап қалса, пүткил дүнья халқының жанын сақлап қалғандай сый-саўапларға ийе болады, делинеди. Биз билемиз, бүгин сиз жүзлеп, мыңлап адамлардың жанын сақлап қалмақтасыз.

Бизден бул иллеттен узақ болыўымызды сорап, үйимизде қалыўымызды илтимас қыласыз, ал өзлериңиз саламатлығыңызды қәўетерге қойып, бул көзге көринбес жаў менен урыс майданындасыз.
Бирақ, биз билемиз, сиз бул жаўды жеңип шығасыз. Мине, усы күнге шекем қаншадан-қанша наўқасларды емлеп, шаңарақларына саў-саламат қайтыўына себепши болдыңыз. Олардың қуўаныш толы жүзлери сизлерге және де күш-қуўат берери сөзсиз. Олардың сизлерден разы болған ҳалында қылған дуўаларының шарапаты, әлбетте, сиз әзизлердиң ҳәм қыяметке шекемги әўладларыңыздың еки дүньяда да бахытлы болыўына себеп болады, иншаалаҳ!

Бул хызметлериңиз тарийх бетлерине алтын сыялар менен жазылады. Сизлердиң бул теңсиз қаҳарманлығыңыз дүньяда ҳәр қандай сыйлыққа, ҳәр қандай мақтаўға ылайық. Келешек әўладлар сизлердиң бул хызметлериңизди мақтаныш пенен еслейди, балалар сизлерге уқсап мәрт ҳәм пидайы шыпакер болыўды арзыў етеди. 

Гүллән халқымыз бенен бирге сиз – қаҳарманлардың ҳақына қайырлы дуўалар қылыў биз ушын ҳәм қарыз ҳәм парыз. Аллаҳ таала сиз – шыпакерлер, мийирбийкелер, санитария хызметкерлериниң қылып атырған саўаплы ислериңизде Өзи қолласын, еки дүньяңызды абат етип, бул сынаўлы күнлерден саў-саламат өтип, узақ ҳәм мазмунлы өмир сүриўди миясар етсин. Жуўапкершиликли, аўыр, соның менен бирге, сый-саўапларға бай болған кәсибиңиздиң жемисин көрип, ел-халқымыздың ардағында, ҳүрмет-иззетинде болыўды Аллаҳ таала несип етсин!

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

843

obunachilar
Kanal statistikasi