Сапаров Бекбай:
МИЛЛИЙ ҚАРАҮЙЛЕР – ӮАТАНЫ ШЫМБАЙ
Қараүйлер (ақ отаӯ, кийиз үй - көбинесе қазақ халқы айтады) Орта Азияда тек Шымбай қаласында соғылады. Отаў әййемги дәўирлерден басланған, солай екен, биринши отаўды ким соғып, шаңарағын көтерди екен? Не де болса, инженерлик көз-қарастағы дәллеме-дәллик пенен бир де шеге қақпастан, кереге, уўық, шаңарақ, ергенекти усы ҳалатқа келтирип қурастырыў, бул дус келген адамның қолынан келмейтуғын жумыс екенлиги өз-өзинен-ақ белгили болып тур.
Деген менен отаўдың ең әўелги тийкары ылашықтан басланған болса керек. «Ылашық» деген сөздиң төркини «алашөп» деген сөз бенен байланыслы екенин ҳәзирги жаслардың көпшилиги түсинбеўи мүмкин. Төрт бақан көмилип, ашаларына дүзиў қадалар ҳәм тағы да қадалар тасланады. Оның үстине жас шөп жайылады. Жаўын-шашыннан қорғаныў керек болса, ылашықтың төбесин шошайтып бастырып, дөгерегине ший ямаса қамыс тутылады. Жас шөп кепкеннен соң ылашықтың ишине ала көлеңке түседи. Солай етип, адамлар өзлериниң бул баспанасын дәслеп «алашөп», деп атаған менен соңынан бул сөз сөйлеў тилимизде өзгериске ушырап «ылашық», ҳәттеки, орысшасы «лачуг» болып қәлиплесип кеткен.
Үйшиниң қолынан шыққан таза отаўға гилең ақ қойдың жүнинен бастырылған кийиз-ақ үзик жабылғанлықтан, адамлар буны гейде «боз отаў», гейде «боз орда» деп те атаған. Әжинияздың «Бозотаўлы нәзелим» қосығы өзине арналып соғылған таза отаўдан кирип-шығатуғын, ер жетип отырған, әжайып сулыўлыққа ийе әжайып қарақалпақ қызына арналғаны белгили.
Усылай етип, қарақалпақ халқының қараүйи (ақ отаўы) шаңарақлық қатнасықтың орайы болып қәлиплескен. Қарүйлердин көпшилиги дерлик Шымбай қаласында соғылғанлығына тарийхымыз гүўа. Қарүйлер буннан 3000 жыл бурын пайғамбарымыз Ибрайым алейкум ассалам тәрепинен жаратылғаны белгили. Қараүйлер көплеген қоңсылас Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәттеки, Монголияның жайлаўларындағы шарўаларды баспана менен тәмийинлеўде көп пайдасы тийип атыр. Қарүйлер тийкарынан 6-7 қанаттан ибарат болып, 90-96 баслы (уўықлы) отаўлар болады. Сондай-ақ, соңғы жыллары 8 қанат 130 бас уўықлы, 10 қанат 170 уўықлы, 12 қанат қарүйлер 185-200 уўықлы болып исленбекте.
Ерте дәўирлерден берли көшпели болып киятырған қарақалпақ, өзбек, қазақ, монғол, қырғыз, түркмен халқы шарўалары қыслаўдан жазлаўға көшип-қоныўына қолайлы болғаны ушын қарүй (отаў) соғыў өнери атадан-балаға мийрас болып киятыр. Бул халықлардың қараүйлери (отаўлары) арасында шамалы ғана айырмашлықлары бар. Бурын қарүйлерди жәнеўиттен, соңғы ўақытлары болса қаратал, ақтал ағашынан-қадаларынан соғады. Үйшилердиң тийкарғы мийнет қураллары болып әпиўайы жоңғы, шот, керме-пышқы атқарады. Қарақалпақларда қараүйлер кирер аўзы ергенек шәртли түрде қубла тәрепке қарап қурылады.
Қараүйдиң керегесин қарамал ямаса түйениң терисин жиңишке етип тилип, тийисли тесиклерден өткерип бириктирип барады. Жылқының териси үзилип кететуғын болғанлықтан пайдаланбайды. Бурынлары желим орнына балықтың торсылдағыннан пайдаланған. Оны аўзына салып шайнап, желим еткен. Бул желим жүдә беккем, жаўын-шашынға, суў алыспа ўақтында да босатып кетпей, сол беккемлиги менен турады екен. Қарүй питкеннен соң қаратаўдан алып келинген қызыл тас жосаға бояйды.
Бурынлары байлар қызларын узатқанда таза отаў тигип, дәскеси менен қосып беретуғын болған. Сондай-ақ, келиншек түскен ўақытта, кәйўаны ҳаяллардың ҳәм абысын-ажынлардың дәстүри бойынша келиншек еңкейип, отаўдың босағасына үш мәрте маңлайын тийгизгеннен соң ишке кирип, шымылдыққа отыратуғын болған. Итимал, бул таза түскен келиншектиң сол ақ отаўға, кийели босағаға (шаңараққа) ҳүрмет-иззети, садықлығы болса керек. Караүйши Ибрагимов Муратбай Исмайыл улы - өмирлик жолдасы Қалбазар Өтениязова еди. Бул республикамызға белгили аӯыл хожалығы хызметкери, колхоз дүзиминиң қатнасыӯшысы, урыс ӽәм мийнет ветераны Бекбай Өтениязовтың қызы еди.
Исмайлов Нурман Жаңабай улы - анасы Улбосын колхоз дүзиминиң белсене қатнасыӯшысы Бекбай Өтениязовтың қызы Бердақ МПЖ аймағында жасайды.