ШАЪБАН АЙЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ
Шаъбан айы – ҳижрий-қамарий тақўимниң сегизинши айы болып, Ражаб ҳәм Рамазан айлары ортасында жайласқан.
Бул ай туўралы келген мағлыўматларды үйренип көрсек, тийкарынан Рамазан айына руўхый ҳәм физикалың таярлық көриўге қаратылғанын аңлаймыз. Бул айда әдеттегиден көбирек нәпил ораза тутыў, Қуран тиләўат қылыў ҳәм түнги ибадатлар менен бәнт болыўға шақырылған. Усама ибн Зайд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Я Аллаҳтың Расулы, айлардан ҳеш биринде шаъбан оразасындай ораза тутқаныңызды көрмедим», дедим. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бул бир ай болып, адамлар оннан ғәплетте қалады. Ол Ражаб пенен Рамазанның арасында. Ол сондай ай, онда әмеллер Роббил аламийнге көтериледи. Мен де әмелим көтерилип атырғанда ораза тутқан ҳалда болыўды жақсы көремен”, деди (Имам Насаий рәўияты).
Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жылдың ҳеш бир айында шаъбандағыдай көп ораза тутпас еди” (Имам Муслим рәўияты).
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook