❗️Мектеп директоры ҳәм орынбасарының айлықлары 2 есеге көбийеди
2025-2026-оқыў жылынан баслап мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери директорлары, мектеп директоры орынбасарларының ис ҳақысы муғдарлары асырылады.
Соның менен бирге, 2026-жылдан баслап мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына жумыс искерлиги нәтийжелерине көре қосымша үстемелер енгизилиўи режелестирилмекте.
Буннан тысқары, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасындағы басшы хызметкерлериниң лаўазым ис ҳақыларына узақ мүддет ислегенлиги ушын ҳәр айлық үстеме ҳәмде тағы басқа қосымша төлемлер төлениўи жолға қойылады.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң атап өтиўинше, мектеп директорларының айлық ис ҳақысы 20 процентке шекем асырылады. Егер олар «Директорлар мектебинен» өтсе, айлық ис ҳақылары тағы 50 процентке асырылыўы есабына олардың ис ҳақысын 2 есе асырыўға ерисиледи.
😎 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!