Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
ХОШ КЕЛДИҢ БӘҲӘРИМ АНА ЖУРТЫМА
Тәбияттың нызамына бағынып,
Рәңбәрең гүллерден моншақ тағынып,
Асық, турмыз күтип сени сағынып,
Хош келдиң бәҳәрим ана журтыма.
Бастан - аяқ жасыл липас оранып,
Жаңа түскен келиншектей доланып,
Қәдемиңди маң- маң басып назланып,
Хош келдиң нәўбәҳәр ана журтыма.
Дарақлар ниш урып атқанда бөртип,
Қыслаўдағы қуслар кәрўанын ертип,
Машақатлы жолдан, келдиң бе... жетип?
Хош келдиң бәҳәр-ай ана журтыма.
Қыр әтирап гүлзар қылып жайнатып,
Бүлбиллерди тынбай бағда сайратып,
Шайыр илҳамына қанат байлатып,
Хош келдиң көклемим ана журтыма.
Әйўан да қарлығашқа уя қурғызып,
Уйқыдағы жанзатларды турғызып
Мийнет майданына жәўлан урғызып,
Хош келдиң гүлбәҳәр ана журтыма.
Ақшолпан Аманияз
Тәбияттың нызамына бағынып,
Рәңбәрең гүллерден моншақ тағынып,
Асық, турмыз күтип сени сағынып,
Хош келдиң бәҳәрим ана журтыма.
Бастан - аяқ жасыл липас оранып,
Жаңа түскен келиншектей доланып,
Қәдемиңди маң- маң басып назланып,
Хош келдиң нәўбәҳәр ана журтыма.
Дарақлар ниш урып атқанда бөртип,
Қыслаўдағы қуслар кәрўанын ертип,
Машақатлы жолдан, келдиң бе... жетип?
Хош келдиң бәҳәр-ай ана журтыма.
Қыр әтирап гүлзар қылып жайнатып,
Бүлбиллерди тынбай бағда сайратып,
Шайыр илҳамына қанат байлатып,
Хош келдиң көклемим ана журтыма.
Әйўан да қарлығашқа уя қурғызып,
Уйқыдағы жанзатларды турғызып
Мийнет майданына жәўлан урғызып,
Хош келдиң гүлбәҳәр ана журтыма.
Ақшолпан Аманияз