ЮНЕСКО Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықтыҲүрметли Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин ЮНЕСКОның Дүньяжүзлик мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди.
Бүгинги күнде усы берилген тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар даўам етпекте.
Атап айтқанда, әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде ЮНЕСКО халық аралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.
Қорқыт атадан мийрас болып, нешше әсирлер асып, талай жыраўлардың тилинде дәстанларды, толғаўларды халыққа жеткерген қобыз -қарақалпақ халқының өзине тән миллий саз әсбабы болып, оның менен байланыслы жыраўшылық өнери Қарақалпақстанның материаллық емес мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болып есапланады.
—
ЮНЕСКО Қорақалпоқ мероси ҳақида ҳужжатли фильм ишлаб чиқдиҲурматли Президентимиз томонидан қорақалпоқ миллий чолғу асбоби бўлган қўбизни ва жировчилик санъатини ЮНЕСКОнинг Жаҳон маданий мероси рўйхатига киритиш бўйича топшириқ берилган эди.
Бугунги кунда ушбу берилган топшириқнинг ижросини таъминлаш бўйича амалий ишлар давом этмоқда.
Хусусан, амалий ишлар доирасида Қорақалпоғистоннинг маданий меросини асраб-авайлаш ва келажак авлодлар учун сақлаб қолиш мақсадида ЮНЕСКО халқаро ташкилоти томонидан Қўбиз чолғу асбоби ҳамда жировчилик мероси ҳақида ҳужжатли фильм тайёрланди.
Қўрқут отадан мерос бўлиб, неча асрлар ошиб, талай жировлар тилида достонларни, тўлғовларни халққа етказган қўбиз - қорақалпоқ халқининг ўзига хос миллий чолғу асбоби бўлиб, у билан боғлиқ жировчилик санъати Қорақалпоғистоннинг номоддий маданий меросининг ажралмас қисми ҳисобланади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube