Жаңадан дүзилген Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясының тийкарғы ўазыйпалары белгиленди
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы пәрманына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Исбилерменликке көмеклесиў дирекциясы шөлкемлестирилген еди.
Пәрманға муўапық, Дирексияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:
- 2025-2027-жылларда Нөкис қаласында баҳасы кеминде 500 мың АҚШ доллары, Әмиўдәрья, Нөкис, Қоңырат ҳәм Хожели районларында 300 мың АҚШ доллары, Қарақалпақстан Республикасының қалған районларында болса 100 мың АҚШ доллары эквивалентинде болған ири инвестициялық жойбарлар ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры бериў бойынша Жумысшы уйым ўазыйпасын атқарады;
- Қарақалпақстан Республикасы район (қала) ларында санаат объектлери ушын имарат қурыў, оларды ижараға бериў ҳәм сатыўды әмелге асырады;
Бүгинги күнде Министрлер Кеңесиниң қарары менен Ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ушын ең жақсы усынысты таңлап алыў ҳәм жер участкаларын туўрыдан-туўры ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Усы Реже талапларына муўапық, ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын берилетуғын жер участкаларының дизими (мәнзили, майданы ҳәм руқсат етилетуғын жумыс түрлери ҳаққындағы мағлыўматлар) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланып барылады.
Ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў қәлеўшилигин билдирген физикалық ҳәм юридикалық шахслар (сондай-ақ, сырт ел инвестициясы қатнасыўындағы кәрханалар) жер участкаларын алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине арза менен мүрәжат етеди.
Буннан тысқары, усы Режеге муўапық, талабанларға еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары және жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарындағы жер участкаларын туўрыдан-туўры ажыратып бериў нәзерде тутылған.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube