АНА ТИЛИ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ
(дүрким)
1
ҚАРАҚАЛПАҚША
Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тиллерден» деген мәселе қозғалыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, сол пикирлерди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Әттең, сол азамат инсанның кимлигин сирә биле алмадым.
Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.
«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.
Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.
Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Тилиң өли» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.
Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...
2
ТИЛ КАРДИОГРАММАСЫ
2018-жыл Қазан университетинде болып өткен халықаралық семинарға пединституттан үш қыз қатнасты. Олардың қарақалпақ екенин естикен бир украин қызы ҳайран болып оларға былай деген екен: «Бизлер қарақалпақ тилин сабақлықларда өли тил деп өтип жүрмиз ғо...»
Миллет руўхы қанымызға тарап тур,
«Тилди жойтпа!», бабам көкте қарап тур,
Соғып тур ма? Жүрегиңе қулақ түр,
Тил де солай өмир сүриўи керек.
Усы тил көз ашып көргениң сениң,
Жылап-сықлап, ойнап-күлгениң сениң,
Тилиң өли десе – өлгениң сениң,
Буны жети әўладың билиўи керек.
Тиришилик – ийретилген сызықлар,
Инфаркт етер тилди тили бузықлар,
Айланып табар деп күтер қазықлар,
Бассыз кеткен атлар келиўи керек.
Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат,
Тири болсаң тири тилде даңқ тарат,
Импульс бар ма – жатпа бийкар жалт қарап,
Тилиң дүньялық тилге кириўи керек.
Ўазыйпа тур мәңгиликке еңсеңде,
Таза сөйле үйде, дүзде, кеңсеңде,
Қулпытасыңда күн келип өлсең де,
Қарақалпақша сөз турыўы керек!
2019-2020-жыллар
3
МЕНИҢ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИМ
(Бақша жасындағылар ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын)
Түркий бабам тилисең,
Батырлардың пирисең,
Өлмейсең, мәңги тирисең,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Шежиресисең Бердақтың,
Сүйенишисең урпақтың,
Тәғдирисең Қарақалпақтың,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Кенимехте, Тамдыда,
Зибанласлар қалды да,
Кирмейсең сен аз санлыға,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Туўысқан қазақ, ноғайым,
Бар қыпшақ қалың ағайин,
Дүньяға дабыл кағайын,
«Мениң Қарақалпақ тилим!».
Сен Дәшти Қыпшақ даламсаң,
Соппаслы Сыпыра бабамсаң,
Авесто, Орхон, Қурансаң,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Сен барсаң, бардур миллетим,
Сени асыраў миннетим,
Қалма латындай жур жетим,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Тентеклер бермейди төрин,
Сонда да төр беттен көрин,
Ийеле дүнья минберин,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Сен – ақ бесик таянған Анам,
Кешип кетсе өзиңнен балаң,
Тыңлаған бар ҳәййиўим ҳарам!
Мениң Қарақалпақ тилим.
01.11.2020
4
«ПОЗДРАВЛЯЮ»
Сыйлықлаўы басланды сыйлылардың,
– Орын алғанлар, кел берман, жақынла.
Келиўден расход усы декабрь дым,
Төлеў керек подарканың пулын да.
Әўеле белсене қатнасқанлар кел,
– Төреева Айгүл, молодцы, қызым.
Фотоға ал, сен грамотасын бер,
Давай, тезлетейик, оқы тез изин.
– Биринши декабрь тил байрамында
Үшинши орынды алғаны ушын
Айтбаев Ықлас… – Молодец, кел бунда,
Будущий поэт, зор, сөнбесин йошың.
Дипломы берилди ҳәрбир баланың,
Сүйиўден күйиўлер, күйиўден сүйиў.
Тил байрамы өтти, дослар, куўаның,
– Орын алған балалар, поздравляю.
Аллаяр Дарменов,
Ноябрь, 2024.
канал: @Allayar_Darmenov
(дүрким)
1
ҚАРАҚАЛПАҚША
Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тиллерден» деген мәселе қозғалыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, сол пикирлерди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Әттең, сол азамат инсанның кимлигин сирә биле алмадым.
Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.
«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.
Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.
Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Тилиң өли» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.
Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...
2
ТИЛ КАРДИОГРАММАСЫ
2018-жыл Қазан университетинде болып өткен халықаралық семинарға пединституттан үш қыз қатнасты. Олардың қарақалпақ екенин естикен бир украин қызы ҳайран болып оларға былай деген екен: «Бизлер қарақалпақ тилин сабақлықларда өли тил деп өтип жүрмиз ғо...»
Миллет руўхы қанымызға тарап тур,
«Тилди жойтпа!», бабам көкте қарап тур,
Соғып тур ма? Жүрегиңе қулақ түр,
Тил де солай өмир сүриўи керек.
Усы тил көз ашып көргениң сениң,
Жылап-сықлап, ойнап-күлгениң сениң,
Тилиң өли десе – өлгениң сениң,
Буны жети әўладың билиўи керек.
Тиришилик – ийретилген сызықлар,
Инфаркт етер тилди тили бузықлар,
Айланып табар деп күтер қазықлар,
Бассыз кеткен атлар келиўи керек.
Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат,
Тири болсаң тири тилде даңқ тарат,
Импульс бар ма – жатпа бийкар жалт қарап,
Тилиң дүньялық тилге кириўи керек.
Ўазыйпа тур мәңгиликке еңсеңде,
Таза сөйле үйде, дүзде, кеңсеңде,
Қулпытасыңда күн келип өлсең де,
Қарақалпақша сөз турыўы керек!
2019-2020-жыллар
3
МЕНИҢ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИМ
(Бақша жасындағылар ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын)
Түркий бабам тилисең,
Батырлардың пирисең,
Өлмейсең, мәңги тирисең,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Шежиресисең Бердақтың,
Сүйенишисең урпақтың,
Тәғдирисең Қарақалпақтың,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Кенимехте, Тамдыда,
Зибанласлар қалды да,
Кирмейсең сен аз санлыға,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Туўысқан қазақ, ноғайым,
Бар қыпшақ қалың ағайин,
Дүньяға дабыл кағайын,
«Мениң Қарақалпақ тилим!».
Сен Дәшти Қыпшақ даламсаң,
Соппаслы Сыпыра бабамсаң,
Авесто, Орхон, Қурансаң,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Сен барсаң, бардур миллетим,
Сени асыраў миннетим,
Қалма латындай жур жетим,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Тентеклер бермейди төрин,
Сонда да төр беттен көрин,
Ийеле дүнья минберин,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Сен – ақ бесик таянған Анам,
Кешип кетсе өзиңнен балаң,
Тыңлаған бар ҳәййиўим ҳарам!
Мениң Қарақалпақ тилим.
01.11.2020
4
«ПОЗДРАВЛЯЮ»
Сыйлықлаўы басланды сыйлылардың,
– Орын алғанлар, кел берман, жақынла.
Келиўден расход усы декабрь дым,
Төлеў керек подарканың пулын да.
Әўеле белсене қатнасқанлар кел,
– Төреева Айгүл, молодцы, қызым.
Фотоға ал, сен грамотасын бер,
Давай, тезлетейик, оқы тез изин.
– Биринши декабрь тил байрамында
Үшинши орынды алғаны ушын
Айтбаев Ықлас… – Молодец, кел бунда,
Будущий поэт, зор, сөнбесин йошың.
Дипломы берилди ҳәрбир баланың,
Сүйиўден күйиўлер, күйиўден сүйиў.
Тил байрамы өтти, дослар, куўаның,
– Орын алған балалар, поздравляю.
Аллаяр Дарменов,
Ноябрь, 2024.
канал: @Allayar_Darmenov