Не ушын


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Познавательное


"Не ушын❓" сораўына
жаўап бериўши канал
💡Канал жөнелиси | Илим
📭Реклама | @ne_ushin_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Статистика
Фильтр публикаций


Не ушын батареялар айнаның астына қурылады?

Айнадан келетуғын ҳаўа ағымы батареялардан шығатуғын ыссылық пенен қосылып толық бөлме бойлап ыссы ҳаўа тарқалады. Нәтийжеде бөлме тез ысыйды. Ыссылық бөлме бойлап тез таркалыўы ушын ҳаўа ағымы жүда зәрур.

Каналмыз | @ne_ushin


Не ушын интернетте 241543903 деп излесек музлатқышқа басын тыққан адам сүўрети шығады 😄?

— Мауритсио Сид атлы Бразилиялылардан бири дем алыўға қарар етди, басын музлатқышқа салады ҳəм смартфоны менен сүўретке түседи. Соннан кейин, ол буны Ынтернетге жайластырды.

— 241543903 - бул биринши фотосүўрет алынған Бразилия музлатқышының серия коды. Бразилиялық Маурисио Кид өз музлатқышын сондай атақлы етти!

П.с: Исенбесеңиз тексерип көриң 😁!

Биз бенен бирге болың 😊!
Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


Не ушын Исландияда гейде түн болмайды?

— Исландия Арқаға жүдә жақын болғанлығы себепли, онда гейде қуяш тап банкоматлар сыяқлы 24/7 тәртибинде ислейди.

— Әне усы ўақытта тунниң қадрине жетиўди баслайсиз. Себеби түн болыўы бизге уйқылаў ўақыты келгенин ҳәм жумысты тоқтатыў кереклиги ҳаққында белги берип турады. Түн жоғалғанда болса ўақыт араласып кетеди кетеди.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


Не ушын пластик картаға келген кодты ҳеш кимге айтпаўымыз керек.

Пул қабыллап алыўдың 2 усылы бар.

1) пластик картадағы 16 цифралы номер арқалы. Бунда тек ғана пул өткизиўши 16 цифраны тереди, керекли сўмманы өткизеди. Бул жерде пул қабыллаўшыға код керек емес, пул өткизиўшигеде керек емес. Пул туўрыдан-туўры қабыллаўшыға түседи.

2) телефон номер арқалы. Бунда пул өткизиўши телефон номерди жазады, ҳәм оған пулды қабыллыўшы қабыллаўы ушын код береди. Бунда кодты пулды қабыллаўшы тереди ҳәм сўмманы қабыллып алады.

❗️ Еки жағдайда да пул қабыллаўшыдан код талап етилмейди.

п.с Смс болып келген кодтың жазыўында оқып турыңда енди. Ол жерде бул кодты ҳеш кимге айтпаң !!! -деп болып астына код жазып қояды. Мағлаўматыңыз болмаса, ҳеш болмағанды смсти оқың.

Каналымыз | @ne_ushin


❓Не ушын айырым адамлардың аяқ ҳәм қолы барқулла муздай болады?

Инсан денеси биринши нәўбетте қайсы органларды сақлаўды жүдә жақы биледи, сол себепли де мый ҳәм жүрекке қан ҳәм кислород жеткериўге көбирек дыққат қаратады, бырақ аяқ-қолдың азықланыўы екинши дәрежеге өтип қалады. Егер қол-аяқлардың музлаўы байқалса, ол жағдайда, денениң барлық күшлери басқа қарсы тәсирлерге жумсалған. Мәселен:

✔️ Анемия
✔️ Гипотиреоз
✔️ Периферик артериялар кеселликлери
✔️ Рейно феномени
✔️ ИИ түрдеги диабет
✔️ Бүйреклер кеселлиги
✔️ Темир жетиспеўшилиги
✔️ Б12 витамининиң жетиспеўшилиги
✔️ Нерв анорексияси
✔️ Периферик невропатия
✔️ Уйқысызлық

Каналымыз | @ne_ushin


🍴 Қандай витаминлер салмақ азайтыў ушын зәрүрли ?

Туўры аўқатланыў физикалық искерлик пенен биргеликте салмақ азайтыўдың тийкары болып табылады. Бирақ көп адамлар диетада жетерли муғдардағы витаминлар болыўы кереклигини умытады, себеби организм аўыр стресс қоршаўында ҳәм қоллап-қуўатлаўға мүтәж.

Салмақ азайтыў ушын зәрүрли витамин түрлери:

🥛Б топары витаминлери - майды азайтып, гормонлар ислеп шығарыўға жәрдем береди;

🍊C Витамин - глюкоза тарқалыўына жәрдем береди, қорғаў күшин асырады 🛡️

🥚Д витамини - иштейдиң төменлеўине жәрдем береди;

🥕А витамини - териге ҳәм шашларға, соның менен бирге көриў өткирлигине пайдалы

🥑Е витамини - метаболизмди тезлестириўге жәрдем береди;

🍤Омега-3 май кислоталары - мий искерлигин жақсылаўға жәрдем береди.

Каналымыз | @ne_ushin


Не ушын китаптың шетине жазылмайды?

Тарийхта керекли мағлуматларды тышқанлар жеп кеткен. Сол себепли шетине жазылмайды. Бул ҳәзирги күнде әдетке айланған.

Каналмыз @ne_ushin


👨‍🎓 Не ушын бүгин студентлерди қутлықлаўымыз керек ?

— Себеби, бүгин халық аралық студентлер күни болып, 1939-жылдан бери кең түрде белгиленип келмекте.

— Елимиздиң бәрше студентлерин байрам менен қутлыклаймыз. Сизлерге оқыўларда табыс ҳәм келешекте қанийгеңиздиң маманы болып шығыўыңызды тилеп қаламыз.

Каналымыз | @ne_ushin


Не ушын тик турған ҳалда уйқлай алмаймыз ?

Вертикал ҳалатты сақлап қалыў ушын оған булшық етлер ҳәр дайым ҳәрекетте ҳәм булшық ет рецепторлары керек. Уйқы ўақытында мий дем алады. Сол себепли тик турған ҳалда уйқылаўға ҳәрекет етсек жығылып түсемиз.

Каналымыз| @ne_ushin


Не ушын айырым адамлар бензин, бояу (краска) ийислерин жақсы көреди ?

➖ Себеби, бензин қурамында ароматик углебодородлар деп аталатуғын бирикпелер бар, олардан аз мұғдарда дем алғанда, сизде ейфорик сезимди оятады.

➖Егер, бензин ийисине болған қызығыушылық хадден тысқары жоқары болса, онда сиз гемоглобин муғдарын тексертиуиңиз керек. Себеби бул қызығыушылық гемоглобин муғдарының хадден тысқары кемейип кетиуи себепли жүзеге келеди.

📌 Ейфорик - (грекше жақсы қабыл қыламан ) өз-өзинен қуаныу , кеуил-кейпият көтерилиуи.

Каналымыз| @ne_ushin


❓Азанда турғанда қабақ исиўи не себептен жүз береди ?

🟢Кесел болмаған жағдайларда төмендеги себеплер нәтийжесинде жүзеге келеди:
🔺майлы, дузы көп, ашшы аўқатларды жегенде
🔺Кеште жүдә кеш аўқатланғанда
🔺Шегиў
🔺Алкоголь ишкенде
🔺Натуўры жағдайда уйқылап қалғанда.

☑️Кеселликлерде:
📍Аллергиялық реакциялар
📍Блефарит (қабақ аязлаўы)
📍Шыбын-ширкей шағыўы
📍Көз әтирапы тоқымасы флегмонасы
📍Гипотиреоз
📍Грейвс кеселлиги

Каналымыз | @ne_ushin


Не ушын кеш туратуғынлар тез семириўи мүмкин?

❗️Бул тастыйықланған факт. Изертлеўшилер ерте туратуғын инсанлар жақсы қәўметли болыўын тастыйықлады.

➖Маған қалса аңсат тастыйықлар едим. Ерте турыў ушын ерте жатыў керек. Ерте жатпаған инсан түнде қарны аш болады. Түнги тамақ болса ең тез семиртиреди.

⏰ Диетани ерте турыўдан баслаң. Мысалы саат 5 30 да турың ҳәм кеште 22 де уйқыға жатың.

Соның өзи-ақ дәслепки 10 күнде сезилерли нәтийжени береди.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


Не ушын терезелер еки қабат айнадан жасалады ?

Жыллылық изоляциясын асырыў ушын терезелер бир-бирине беккемленген еки ямаса оннан да артық айнадан исленеди. Айналар арасындағы бослық хаўа менен толтырылады, хаўаның жыллылық өткизиушеңлиги шийшеге қарағанда 40 мәрте кем.
Әдетте шийше-хаўа-шийше конституциясы имараттағы жыллылықты сақлаўға имкән береди.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


Не ушын ноутбуктиң процессорын алмастырмаў керек ?

— Ноутбук процессорын алмастырыў қурамалы ҳəм жүдə кем ушрайтуғын жумыс болып есапланады. Себеби, ислеп шығарыў ўақтында оның процессоры платаға кепсерленеди . Соған көре, оны алмастырыў ушын қайта кепсерлеў керек болады. Бул жумыс болса сизге талай қымбатқа түсиўи анық!

— Егерде сиз ноутбукиңиз протсессорын алмастырған болсаңыз, процессордың көбирек қызып атырғанын сезген болсаңыз керек. Енди сизге жақсылаў суўытыў системасы да керек болады .

Биз бенен бирге болың!
Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


Не ушын жас улкейген сайын есте сақлау қабилети пасейеди ?

Бұл процесстиң тийкары кекселердеги когнитив қабилет (билим алыу, атирап-орталықтағы мағлўматларды қабыл етиу, қандайда бир жұмысты уйрениу) хам деменсия (бас мийдеги өзгерислер ) себебинен жүзеге келеди.

Кекселик себепли когнитив қабилет пасейиуи нормал халат. Жас улкейген сайын барлық клеткалар, тоқымалар, солар қатарында нейронлар (нерв клеткасы) да гөнереди.

Каналымыз| 👉 @Ne_ushin


Не ушын 120/80 қан басымы нормал есапланады?

Қан басымы- бұл қан ағымы қан тамырлар дійуалына қаншеллі дәрежеде жоқары басым беріуін көрсететуғын параметр. Қан басымы 2 көрсеткіште: жоғары хам төмен басымларда болады.

Инсан денесі ушын нормал басым консепсіясы ХХ асирдиң басларында кірітілген. Англіяда өзлерин сау-саламат деп есапдайтуғын бір неше мың адамды тексергенде, олардың көпшілігінің қан басымы 120/80 болған. Солай етип, бұл көрсеткіш статистик тарептен қабыл етилген.

Каналымыз| 👉 @Ne_ushin


❓Не ушын күлип жүриў пайдалы?

🔴 Билесизбе, инсан жүзи 44 мускулды өз ишине алады, олар 5000 ға жақын жүздеги белгилерди көрсетеди ҳәм булардың тийкарын күлиў қурайды.

✔️ Күлип жүриў сизди бахытлырақ қылады (ҳәтте жаман кейпиятта болғаныңызда да ). Кеўилли болғаныңызда болса, инсан денеси ендорфин деп аталыўши гармон ислеп шығарады ҳәм олар кейпиятты көтереди.

✔️ Күлиў сизди және де сулыў көрсетеди. Қабақ үйиў инсанларды сизден қашырады, мыйық тартыў болса өзине тартады.

✔️ Мыйық тартыў стресс жағдайынан шығыўға жәрдем береди, тынышсызланыўды басады ҳәм саламатлыққа унамлы тәсир көрсетеди.

✔️ Уйқыны жақсылаўға да жәрдем береди.

P.s/ Сиз және қандай пайдалары бар деп ойлайсыз?

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


Шегирме баҳада РЕКЛАМА ислеп беремиз хабарласиң
👇❗️
@PEGAS_SHOUU_ADMIN

РЕКЛАМАҢЫЗ төмендегі каналларға салынады👇
1⃣.@ne_ushin 3 мың 700 + аудитория
2⃣.@Pegas_shouuu 3 мың 400 + аудитория


Qаrеkеńniń júrеgi bаr bаyaǵı,
Zır juwırıp tаlıqqаn tеk аyaǵı,
Hаlı jоq dеp bаsqılаmа iyninеn,
Qápеlimdе tiyip kеtеr tаyaǵı.

Lаl bоlаrsаń júrеginiń isinе,
Tаp bоlmаpsаń ǵаyrаtınа‒kúshinе,
Qıysаńlаmа mеniń mеnеn qаslаsıp,
Sаǵаn jеtеr bаrmаǵımnıń kúshi dе.

Kúshim bаr dеp dаwıl bоlıp еsеrsеń,
Mаzаq qılıp tildi jеrgе tósеrsеń,
Birаq qаlmа аshıwımа duslаsıp,
Qápеlimdе shаlq-оrtаńа túsеrsеń.

Аshıw shıqsа bоrаnnаn dа bеtеrmеn,
Аq kеwilmеn аybıńnаn tеz ótеrmеn,
Úndеmеydi dеp jаǵаmа аsılmа,
Qápеlimdе jеrgе jеrlеp kеtеrmеn.

Qаs bоlǵаnlаr tаwıp kеtеr qаzаsın,
Qаrеkеńlеr sóytip bеrеr jаzаsın,
Dоs bоlаbеr, dushpаn bоlıp júrgеndе,
Tаtıp qаlmа mushlаrımnıń mаzаsın.

Kanalmız @ne_ushin


🦷 Не ушын саў тислер де суўық ҳәм мазалы аўқатларға реаксия береди?

☑️ Бул қатты тыс чотка ислетиў, көп муғдарда цитрус мийўелер ямаса олардың шербетин ишиў себепли жүзеге келиўи мүмкин.

🔺 Жүдә көп жағдайларда бул карийес нәтийжеси болып табылады.

П.с Тис шыпакерине ҳәр 6 айда барыўды умытпаң

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Показано 20 последних публикаций.