“Өзге тилди билиў, өзлигиңди умытыў емес”
Бүгин 26-сентябрь күни Хожели районымызда “Өзге тилди билиў, өзлигиңди умытыў емес” сүрени астында районның белсенди жасларының арасында семинар шөлкемлестирилди.
Семинардың баслы мақсети жаслардың арасында бүгинги глобалласыў дәўиринде миллий өзликти аңлаў, миллеттиң айнасы болған ана тилимизди таза ҳалында қәстерлеп абайлаў әҳмийетли мәселелердиң бири сыпатында қаралды. Инсанның руўхый жақтан жетилисиўи, әдеп-икрамлылық ҳәм инсанийлық пазыйлетлери менен бирге ар-намыс, меҳир-ақыбет сыяқлы ең жоқары адамгершилик қәсийетлерди ийелеўиниң тийкарында, әлбетте билим ҳәм тәрбия туратуғынлығы белгили. Усы билим ҳәм тәрбия тил арқалы жүзеге шығатуғынлығы бойынша жаслар тәрепинен пикир усыныслар билдирилди .
Семинар соңында қатнасыўшы жасларға Хожели районы ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
http://xodjeylirk.uz/qq/qaraqalpaqsha-%d3%a9zge-tildi-bili%d1%9e-%d3%a9zligi%d2%a3di-umyty%d1%9e-emes/
@xodjeyli_rk