Ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен «Абат шаңарақ – Абат кѳше – Абат мәҳәлле» принципи тийкарында "Мустақыллық" мәҳәллесинде кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Бүгин 28.12.2024-жыл "Мустақыллық" мәҳәллесиниң жаңа имәраты пайдаланыўға тапсырылды. Салтанатлы ашылыў мәресимине район ҳәкими Ж.Ермашев, Ққ.Р. МСБ баслығы орынбасары У.Алиев, сектор басшылары ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Иләжда сөзге шыққанлар, мәҳәлле имәраты аймақ турғынлары менен биргеликте аўызбиршилик түрде әмелге асырылатуғын ийгиликли жумыслар ушын хызмет етиўин тилеп, бәршени "Жаңа жыл" байрамы менен қутлықлады. Сондай-ақ, имәратта "мәҳәлле жетилиги" ушын ɵз алдына ханалар жаратылған болып, барлық қолайлықларға ийе. Иләж даўамында аймақтағы балаларымыз ушын таярланған байрам саўғалары тапсырылды.
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈