#Рәсмий_мағлыўмат
Социал тармақлардың биринде жәрияланған видео бойынша -
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.
Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы Әмиўдәрья районы тез медициналық жәрдем бөлиминиң 15-бригадасына саат 19:40та Әмиўдәрья районы Қылышбай АПЖ Баҳовиддин Нақшбандий көшеси турғынынан сол үйде жасаўшы пуқара 1997-жыл туўылған К.Р исмли пуқараның бийтаплығы бойынша шақырық келип түскен.
Шақырыққа сол күни нәўбетшиликте болған тез медициналық жәрдем хызметкерлери шыпакер С.П, фельдшер Б.Ж, шофёр М.Ҳ шақырық мәнзилине 8 минут 30 секундта яғный, саат 19:48де жетип барған.
Бийтапты тексериўден өткерип, оған "Алиментар гастрит" диагнозын қойған ҳәм бийтапқа керекли медициналық жәрдем көрсетилип турған ўақтында бийтаптың қасында ханада қайин атасы, қайин енеси, қайин сиңлиси болған. Бийтапқа медициналық жәрдем көрсетилип атырғанында, бийтап қайин атасына ханадан шығып турыўын илтимас еткенинде, оның қайин атасы мәс жағдайда(спиртли ишимлик ишкен) болып, ханадан агрессив жағдайда сөгинип шығып кеткен.
Тез медициналық жәрдем хызметкерлери бийтапқа керекли жәрдемди көрсетип сыртқа шығып атырған ўақтында, бийтаптың Т исмли қайин атасы шыпакер ҳәм фельдшерге ҳүжим етип, денесиниң жүз ҳәм мойынына жеңил дене жарақатын жеткизген ҳәм оларды кемситип, сөгис гәплерди айтқан.
Бул жағдай бойынша "102" районлық ИИБне хабар берилген. Тез медициналық жәрдем хызметкерлерине зулымлық еткен шахс ИИБ хызметкерлери тәрепинен алып кетилген.
Дене жарақатын алған тез медициналық жәрдем хызметкерлери Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспесиниң травматологиялық пунктинде шыпакер тексериўинен өткерилген.
Бул жағдайдан кейин тез медициналық жәрдем фельдшери Б.Ж нәўбетшилигин жуўмақлап үйине қайтқан. Ал шыпакер С.П денесине жеткерилген жарақатқа қарамастан жумыс орнында искерлигин даўам еттире алыўын айтып тил хат берген ҳәм өз жумыс орнында қалдырылған.
Усы орында пуқараларға медицина хызметкерлериниң жумысына кесент етиўши ис-ҳәрекетлер ушын Нызамда жуўапкершилик бар екенлигин ескертпекшимиз.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети
✅
@qrdssm