❗️Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ушын исбилерменлерге мәмлекетлик грант ажыратылады
🔰Нызамшылыққа бола, Мәҳәллелерде хаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары шөлкемлестирилиўи белгиленген.
💰Орайларда
бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял қыз ушын исбилерменлерге
3 миллион сумға шекем мәмлекетлик грант ажыратылады.
☑️Мәмлекетлик грант
төмендеги категориядағы ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады:
▫️
“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, сондай-ақ, “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген;
▫️Жумыссыз, әсиресе, аўыллық орынларда
бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;
▫️Сырт ел
мийнет миграциясынан қайтып келген;
▫️
Майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;
▫️Рәсмий болмаған бәнтликти қысқартыў мақсетинде
күнделикли мийнет жумысы менен шуғылланып, дәрамат таўып атырған;
▫️
Адам саўдасынан ҳәмде зорлық-зомбылықтан жәбир көрген, қыйын экономикалық жағдайға түсип қалған;
▫️Улыўма орта ҳәм профессионал
билимлендириў мәкемелерин жуўмақлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған яки жоқары билимлендириўде оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;
▫️Алдын
жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter