ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛЕТ АРЫ


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ЕҢ АШЫҚ АЙДЫН СИЯСИЙ КАНАЛ, ӨЗ ПИКИРЛЕРИҢИЗДИ ҚАЛДЫРЫҢ
СОРАЎЛАР ЯМАСА ДЕБАТҚА МӘРХАМАТ
@QRARIIBOT
ДОДАЛАЎ УШЫН МЫНА ТОПАРҒА
@millletari

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:


📌 Фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылатуғын, елатлы пунктке жақын ҳәм суў тәмийнаты жақсы болған аймақлардан резервке қайтарылған жер майданлары дийқан хожалығын шөлкемлестирген ҳалда овощ, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқараларға, бурынғысынан өзгеше тәризде, 2 гектарға шекемги өлшемлерде ашық электрон таңлаў арқалы 30 жылға ижараға бериледи.

📌 мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, мәкке дәни, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем, бирақ гектарына 7 миллион сумнан артпаған муғдарда жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада, 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылады.



@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ассалаума алейкум бәршеге бугинги күниңиз кеуилли өтсин.


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бийтәкрар елимиздиӊ әжайып көринислери жаӊаша ракурста, әлбетте тамаша етиӊ !!!👍👍👍


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Тлеубаевич Орынбаев

Аманбай Тлеубаевич Орынбаев 1979-жылы Кегейли районында туўылған. Миллети қарақалпақ. Мағлыўматы жоқары. 2002-жылы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Академиясын, 2004-жылы усы Академияның магистратурасын, 2011-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализлеў ҳәм прогнозлаў Жоқары мектебин тамамлаған.
Шымбай районы 56-санлы «Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутаты.
А.Т.Орынбаев 1996-жылы Кегейли районы қурылыс-монтажлаў басқармасында исши болып мийнет жолын баслады. 2002-2003-жыллары Кегейли районлық Ишки ислер бөлиминиң жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлимшесиниң оператив ўәкили, 2003-2004-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясының магистранты, 2004-2006-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаят излеў ҳәм терроризмге қарсы гүресиў басқармасының аға оператив ўәкили, 2006-2009-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурам бойынша арнаўлы инспекциясының оператив ўәкили, 2009-2011-жыллары Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектебиниң тыңлаўшысы, 2011-2012-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди таярлаў бөлиминиң үлкен ҳуқық мәсләҳәтшиси, 2012-2014-жыллары Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығының биринши орынбасары – жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлими баслығы, 2014-2016-жыллары Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығы, 2016-2017-жыллары Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими баслығы, 2017-2019-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жынаят излеў басқармасы баслығы, 2019-2020-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары, 2020-2022-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасы баслығы, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң Пробация хызмети баслығы, 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 2022-жыл 26-июльден ҳәзирги күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымларында жумыс алып барды.
Мийнет жолы даўамында ерискен нәтийжелери ушын 2013-жылы «Дўстлик» ордени, 2015-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Аманбай Тлеубаевич Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ усы жыл 26-августтағы гезексиз отыз төртинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы болып сайланды.


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына сайланған Аманбай Тлеубаевич Орынбаевтың автобиографиясы.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN/153

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ҳурметли заманласалар, усы видео кеткен ўақтыңыз ушын қыйналмай көриўиңизге арзыйды деп ойлайман.......


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Алымлар Атлантика океанына шөгип кеткен Титаник кемесиниң ҳәзирги ўақыттағы видеокөринисин 8D форматында усынды.


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


▪️Қойдың пири - Шопан ата
▪️Малдың пири - Зәнги баба
▪️Жылқының пири - Қамбар ата
▪️Түйениң пири - Ойсыл қара
▪️Ешкиниң пири - Шекшек ата
▪️Егиншиниң пири - Дийқан баба
▪️Ырыс-берекет пири - Қыдыр ата
▪️Темир пири - Ҳәзирети Даўыт ата
▪️Қобыз пири - Қорқыт ата
▪️Дәрт-кеселликтиң пири - Ҳәким Улыкпан ата


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ассалаума алейкум бәршеге бугинги күниңиз кеуилли өтсин.


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Қаратерең көли туўралы

Әкем Алламбергенниң анасы Улсулыў мүйтен руўының самат тийресинен еди. Балалығымызда айтқан аңызын сизлерге айтып бермекшимен.

Күтә ерте заманлардың биринде Бөрши таўдың етегинде бир қала болған екен. Қаланың ортасында бир таў тасынан өрилген терең қудық болыпты. Қала халқы усы қудықтың суўын душшы болғанлықтан ишимлик ушын пайдаланған. Қудықтың маңлай алдында көлеми кишигирим қара үйдей қара тас болып, бул таста мынандай мазмунда жазыў болған екен:

"Бул қудықтың тереңлиги қырық қулаш. Түбинде аспаннан жанып түскен кәрәматлы қара тас жатыр. Бул тасты алыўшы болмаңлар, жер бетине шығарсаңызлар апат алып келеди."

Қанша заманлар өткени белгисиз, сонша ўақыт даўамында бул қаланың адамлары жазылған нәсиятқа садық болып, қудық түбиндеги қара тасты орнынан қозғамапты. Заманлар изинен заманлар келипти. Тәңриниң ҳәмири менен сол дәўирдеги қала ҳүкимдары болған патша өлипти. Оның тахтына баласы отырыпты. Күнлердиң бир күнинде қала халқы арасындағы палўан жигитлерге хәм нөкерлерине қудық ишиндеги тасты сыртқа шығарып алыў ушын ҳәмир етипти. Жас патша "Қудықтағы қара тастың астында Сулайман патшаның жети ғәзийнесиниң бири бар, соны ийелеймен," деп нийет қылған екен. Тасты қырық қулаш тереңликтен жердиң бетине бир әмеллеп алып шығыпты...

Күн батып, қараңғылық түскен соң хәммеси уйқыға жатыпты. Сол түнде тас алынған қудықтан адам баласы бурын көрмеген муғдардағы суў тасқыны атлығып шығып, қала ҳәм оның халқы суў астында мәңгиге қалып кетипти...
Соңғы замандағы адамлар усы көлди "Қара терең", деп атайтуғын болған.

Тахтакөпирши мүйтенлердиң бир топары 19 әсирдиң соңы 20 әсир басларында Қара терең көлдиң батыс жағаларында жасаған. Кемпир апам Улсулыў: "Ҳәр бәҳәрде Қара тереңниң суўы бир тасып қайтатуғын еди. Суў қайтқан жерлерди қайыр дейди. Сол Қара тереңниң қайырына ағайинлеримиз тары, арпа, гүнжи, жүўери, жоңышқа, қаўын-ғарбыз егетуғын еди. Қайырда өскенлердиң бәриде болық болатуғын еди", деп еслеп отырғанлары ядымызда мөрленип қалған...


жудә әжайып мағлыўмат, әлбетте оқың

👇👇👇👇👇👇👇👇

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


«««««««ЕР АДАМНЫҢ КИЙИМИН БАСПА»»»»»»»

....... Көшеде кетип баратырған жасы үлкен ана анадайда киятырған, аяғы ауыр жас келиншекти көрип, келген жеринде тоқтап қалды да да, келиншектиң өтип кетиуин күтип турды. Келиншек жақынлап сәлем берди де:
~Апа, сизиң жасыңыз үлкен ғой, өте бериңиз,-деди.
Жасы үлкен ана:
~Әй, балам ай, аяғың ауыр екен, ишиңдеги ул ма, қыз ба бир Аллаға аян, егер ул бала болса алдын кесип өтип үлкен гүнаға батарман, сен өте ғой, шырағым,-деп, келиншекти өткерип жиберип, жолын дауам етти....

Ер баланы,ер адамды сыйлау-халқымыздың мәдениятында ең тийкарғы орынды ийелейди,сонлықтан да халқымыздың тыйым салыу дәстүринде:

~Ер баланы теппе;
~Ер адамның алдын кесип өтпе;
~Ер адамның кийимин баспа:--
--деген сөзлерди кишкене уақтымыздан ақ санамызға аналарымыз сиңдирип отырады.

Ер адам~шаңарақ басшысы,асыраушысы,тәрбияшысы,панасы,ғамхоры,айбаты хәм әуладлар дауамшысы.Сонлықтан ерди хүрметлеу ана қарнында жатқан уақтынан ақ басланады.Ер адамның өзин ғана хүрметлеп қоймай,оның кийими,услап-тутатуғын затларына хүрмет пенен қаралады.Ер адам тек бир шаңарақтың ғана емес,пүткил ауыл,елдиң ғамхоры,панасы хәм айбаты.

......«Өткен уақытларда малы мыңғырған, жети атасынан бери бай,дәулетли бир киси болыпты.Сол дәулеттиң арқасында болыс болып ел де басқарады.
Байдың тоқалынан тууылған киши балаға бәйбишеден тууылған үлкен балалары күн бермейди. Қызғаншақлық жасап,әкесин айдап салып киши балаға қарсы қояды.Байға: ~"Балаңыз атадан қалған дәулетти қалай болса солай шашып жүр.Ел-журтқа қарайтуғын бет қалмады,абырайыңызды төгип жүр,~ дейди.

Бул сөзлерге қатты исенген бай киши улды биреулерди жумсап өлтиртеди.Киши баладағы келин күтә ақыллы еди,ол байдың өз улының түбине жеткенлигин дәлиллеп қазы,бийлердиң алдына жүгинеди.
Бай баласын өлтиргенлигин илажсыз мойынлайды.

Даудың соңы өлтирилген күйеуиниң қунын төлеуге келип тирелгенде,қайсар келин:
~Ериме қут болмаған дәулет маған бахыт әкелмейди,дүнья-малы керек емес,бир ғана тилегим бар,~дейди.
~Қайын атамның жети атасынан берман киятырған қундыз жағалы тоны төринде илиули тур,соны бир атлап өтсем болды,басқа талабым жоқ,~депти.
Келинниң өтиниши сол уақытта ақ орынланыпты.

Көп узамай бай бир жутта төрт түлик малынан түуел айырылып,таяқ услап қалады.Кийели кийими аяқ асты болғанлықтан,байдың басынан дәулет қусы ушып,ең соңында садақа сорап жүрип,ашлықтан өлген екен.»......

2k 0 32 8 10

«««««««ЕР АДАМНЫҢ КИЙИМИН БАСПА»»»»»»»

ҳар бир қарақалпақ билиўи шарт!!!
аныздын толык тексти томендеги постта...


2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылады.

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Хурметли каналым агзалары қызықлы бир ўақия !


Бир одам хотинини ишхонасидаги зиёфатга олиб келибди. Бир оз тургач, хотини:
— Анави сочини чиройлик турмаклаган аёл ким? — деб сўраса, Эри:⠀
— У бошлиқнинг машуқаси! — дебди.
Хотини яна бир бошқасини кўрсатиб:
— Анави тўлагина аёл ким? — деса, Эри:
— Бош ҳисобчимизнинг машуқаси — дебди.
Хотини бир чеккада фужерда шампан виноси ичаётган аёлни кўрсатиб:
— Бу аёл кимнинг машуқаси? — деб сўраса, Эри:
— Бу аёл бўлим бошлиғининг машуқаси, — дебди.
Хотини кетворган бир ёш жувонни кўрсатиб:
— Бу кимнинг машуқаси,— деса,
Эри ким билан гаплашаётгани эсида йўқ:
— Бу меники, мени асалим бу! — дебди,
Шунда хотини...🤦‍♂️😂


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Хурметли каналым агзалары, жерлесимиз бенен мактансак арзыйды!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.А.Худайбергенов тәрепинен "Маҳалла ифтихори" көкирек белгиси менен сыйлықланды.


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Хурметли каналым агзалары, жерлесимиз бенен мактансак арзыйды!


Билесиз бе? Алматыда «Шоманай» атлы чай ислеп шығарылады

Тийкарынан Қарақалпақстанлы Шоманай районында туўылған исбилермен ҳәзирги ўақытта Қазақстанның Тараз қаласында жасап атырған Орынғалий Алнияз улы туўылып өскен жери ҳүрметине «Шоманай» аты менен чай ислеп шығармақта.



@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛЕТ АРЫ
Hu’rmetli kanalim ag’zalari!


⚜️Berdaq atındag'ı Qaraqalpaq ma'mleketlik akademyalıq muzikalı teatrında

🔹1-3 Sentyabr ku'nleri saat
17:00 de "Injıqtın' muxabbatı" spektakli

🔹2-4 Sentyabr ku'nleri 17:00 de
"Perzent ta'shwershi" spektakli

⚜️Qaraqalpaq Ma'mleketlik jas
tamashago'yler teatrında

🔸2-Sentyabr ku'ni 11:00 de
"Qorqıt ata" spektakli

🔸3 - Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Qopal qoshqar" spektsklı

🔸4-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Tog'aydıg'ı bayram" spektakli

⚜️Qaraqalpaq ma'mleketlik Quırshaq teatrında

♦️2-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de"
Ertekler - jaqsılıqqa jetekler" spektakli

♦️3-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Jaqsılıq qaytsın" spektakli

♦️4-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Altın sho'je: spektakli

‼️Mustaqlıg'ımızdın' 31 jıllıg'ına
Xalqımızdın' na'zerine beypul usınıladı


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Hu’rmetli kanalim ag’zalari!


⚜️Berdaq atındag'ı Qaraqalpaq ma'mleketlik akademyalıq muzikalı teatrında

🔹1-3 Sentyabr ku'nleri saat
17:00 de "Injıqtın' muxabbatı" spektakli

🔹2-4 Sentyabr ku'nleri 17:00 de
"Perzent ta'shwershi" spektakli

⚜️Qaraqalpaq Ma'mleketlik jas
tamashago'yler teatrında

🔸2-Sentyabr ku'ni 11:00 de
"Qorqıt ata" spektakli

🔸3 - Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Qopal qoshqar" spektsklı

🔸4-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Tog'aydıg'ı bayram" spektakli

⚜️Qaraqalpaq ma'mleketlik Quırshaq teatrında

♦️2-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de"
Ertekler - jaqsılıqqa jetekler" spektakli

♦️3-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Jaqsılıq qaytsın" spektakli

♦️4-Sentyabr ku'ni saat 11:00 de
"Altın sho'je: spektakli

‼️Mustaqlıg'ımızdın' 31 jıllıg'ına
Xalqımızdın' na'zerine beypul usınıladı


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Ҳүрметли каналым ағзалары!

Халқымыз ушын жақсы жаналықлар!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында:

📌 жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары усынылады.

📌 шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем қосымша түрде 200 миллиард сўм кредит ажыратылады.


@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN

Показано 20 последних публикаций.

100

подписчиков
Статистика канала