Nukus.uz


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Образование


Мүрәжаат ушын: @Press_bot_nukus
Веб-сайт: http://nukus.uz
Twitter: @NukusShahar
Фейсбукта:https://www.facebook.com/profile.php?id=100060541063636&mibextid=ZbWKwL
https://www.instagram.com/nukusuz?igsh=Y2Q3Zno1Nmt0bWpu

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Образование
Статистика
Фильтр публикаций


"Терек егиўге мениң үлесим" акциясы бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң МҮРӘЖАТЫ

Бүгинги күнде елимизде турмысымыздың әҳмийетли мәселелеринен болған жасыл әлемди сақлаў ҳәм жасыллықты көбейтиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.

Президентимиз Ш.Мирзиёев: "Жасыл мәкан" - ҳүжданымыз, келешектеги турмысымыз, перзентлеримиз алдындағы жуўапкершилигимиз" екенин айрықша атап өткен еди.
Ҳүрметли Журтбасшымыздың "Республикада жасыллық дәрежесин және де арттырыў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын избе-из әмелге асырыў арқалы екологиялық турақлылықты тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы 2023-жыл 23-ноябрьдеги ПП-199-санлы Пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы 2024-жыл 30-ноябрьдеги 804-санлы қарары тийкарында мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Быйылғы бәҳәрде "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде Нөкис қаласында 400 мың түп нәл егилиўи мөлшерленген. Аймақларда бағлар жаратыў, жол бойларына саяманлы тереклер егиў бойынша жумыслар баслап жиберилген.
Қаладағы "Теле орай" мәҳәллеси аймағында 2 гектар жер майданында "Мениң бағым" жойбары шеңберинде бағ шөлкемлестириў режелестирилип, онда мыңнан аслам мийўели ҳәм саяманлы тереклер егилиўи нәзерде тутылған.

Елимизде терек егип, жасыллық жаратыўды қәлеўшилер көп. Бирақ, қала аймағындағы министрликлер, уйымлар, жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер "Терек егиўге мениң үлесим" сүрени менен өз басламасы тийкарында ҳәммеге өрнек көрсетиўи керек.
Себеби, бул басламалар арқалы ҳәр бир нәл оны еккен адам ямаса шөлкем атына тамғаланады. Ал, бул егилген нәллер жыллар өтип, қайырлы иске өз үлесин қосқан инсанларда мақтаныш оятатуғынына, әлбетте, исенемиз.
Егилген нәллерди тәрбиялаў ушын Абаданластырыў басқармасы менен жуўапкер шөлкемлер бириктирилип, оларға ўазыйпалар жүкленген.
Қаладағы барлық 71 мәҳәлле жетилиги өз аймақларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, нәллерди егиў ҳәм тәрбиялаўға бас-қас болып, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыўда үгит-нәсиятлаўға әҳмийет қаратылған.
Қала қурылысы кеңеси жаңа қурылыслар майданының кеминде
30 процентине терек егиў миннетлемесин қойып, нәлдиң түрлерине шекем белгилеп бермекте.
Көп қабатлы турақ жайлар аймағының әтирапларында да жасыл бағлар шөлкемлестирилиўине айрықша итибар қаратылмақта. Бул аймақларда терек ҳәм гүллер егиў, оларды тәрбиялаў, салмаларды тазалаў, көшелерди жақтыландырыў менен бирге, шығындыларды алып шығыўға қатаң қадағалаўға алынады.
Әзиз ўатанласлар, бәҳәр мәўсими келиўи менен әмелий жумыслар ўақты келди. Пайтахтымыз Нөкис қаласында терек егиў ҳәм оларды тәрбиялаў турақлы процесс есапланады. Сонлықтан да, Сиз де бул илажларға белсене қатнасып, жасыл челленджге қосылың ҳәм қайырлы иске өз үлесиңизди қосың!




Нөкисте болған ўақыя

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар Нөкис қаласында жеделлик пенен әмелге асырылмақта. Жумыссыз пуқаралардың тәмийинлеўде, олардың турақлы дәрамат дереклерине ийе болыўына қаратылған жумыслар аймақларда даўам етпекте.
Нөкис қаласы ҳәкимлигинде қала ҳәкими А.Данияров, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов басшылығында усы мәселеге бағышланған ушырасыў болып өтти.

Онда аймақларға бекитилген ҳәким жәрдемшилер менен биргиликте МПЖ баслықлары мәнзилли үйрениўлер ҳәм қатлаўлардың жуўмағына бола, мониторинг нәтийжелерин салыстырмалы түрде сын көз-қараста қарап шығылды.


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Мобилхабаршы

Сен жайқалып өссең, мен де өсемен,
Сен, пәт берсең мен жел болып есемен,
Сен арқалы жүрт көзине түсемен,
Сен байтерек, мен сениң бир шақаңман...
Б.Қайыпназаров

Ўатанымыздың келешеги ушын

Бүгин , "Жасыл мәкан" улыўмамиллий ҳәрекети шеңбериндеги терек егиў,көшелерди абаданластырыў жумыслар Нөкис қаласы аймақларында баслап жиберилди.Атап айтқанда, "Узын көл", "Тынышлық","Алланияз Қаҳарман" МПЖ да жеделлик пенен бос майданлар абаданластырылмақта.


Нөкис қаласы ҳәкимлиги басламасы тийкарында 1 сотох жер шәртнама тийкарында бийпул берилмекте

Нөкис қаласындағы "Тынышлық" МПЖ дағы алдын шығынды,тасландылар орны болған сондай-ақ, пуқаралардың нызамсыз қойымханалары болған орынға ыссыхана шөлкемлестирилмекте.
___
Нукус шаҳар ҳокимлиги ташаббуси билан Нукусда 1 сотох ер шартнома  асосида аҳолига бепул берилмоқда

Нукус шаҳрида дарахт экиш бўйича бошланган лойиҳага кўра,  шаҳримиздаги "Тинчлик" МФЙ ҳудудаги 16 гектар ерда иссиқхона барпо этилмоқда. Батафсил видеолавҳаларимизда...

Сабзавот, кўкатлар ва кўчат етиштириш учун иссиқхонадан фойдаланиб, даромадли тижорат ғоясини амалга ошириш,  кичик иссиқхона ҳам вақт ўтиши билан барқарор даромад манбаига айланиши мумкин. Шу билан бирга, мақбул шароитларда етиштирилган янги, экологик тоза озиқ-овқат маҳсулотлари доимо дастурхонда бўлади.


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
09:00  10.03.2025

HUNARMAND AYOLNING MEHNATLARI RAGʻBAT TOPDI

#Qoraqalpog'iston Nukus shahri

muxbir: Muxtar Umbetov

https://t.me/zamon_lavhalar


"Яшил маконнинг шамоли"

Бугун "Ёшлар" саройи биноси олдида Қорақалпоғистон Республикаси Нукус шаҳрида маҳаллалардаги аҳолининг ерларини экишга тайёрлаш, ҳудудларни ободонлаштириш ва "Яшил макон" дастури доирасида амалга ошириладиган ишлар бўйича семинар бўлиб ўтди.
Семинарда Вазирлар Кенгашининг Раиси Ф.Эрманов, шаҳар ҳокими А.Данияров ва соҳалардаги шаҳар муассаса-ташкилот раҳбарлари иштирок этди.

Мақсад - мамлакатимизнинг экологик турмуш тарзини шакллантириш ва инсон салоҳиятини рўёбга чиқариш учун шароитларни кенгайтириш, "Ўзбекистон - 2030" номи остида шаҳар ҳудудларида яшил майдонларни кенгайтириш.
Халқимизни Яшил маконда келажагимиз учун биз билан бирга бўлишга чақирамиз.
Хабарингиз бор, ҳар йили "миллий анъана"га айланиб улгурган, "Яшил макон" умуммиллий ҳаракати эрта баҳордан кеч кузгача кўчат, дарахтлар экиш, ободонлаштириш ишлари бошланади.
Шаҳримизнинг катта йўллари бўйлаб, ички кўчалардаги бўш жойларда яшил ҳудудлар яратилгани эвазига келажакда Нукус шаҳри яшил пойтахт мақомини олса ажаб эмас.



Показано 8 последних публикаций.