НЕ ЖАҢАЛЫҚ?


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!
👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️ Ажырасыўдан кейин ҳаял-қызлар турақ жай менен тәмийинленеди

Сенат баслығы: Шаңарақты сақлап қаламыз деп зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды жибермегеннен кейин ол өзиниң жанына қаслық етиў жағдайлары ҳәм де өлим жағдайлари көп болған. Соның ушын биз ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз. Оларды турақ жай менен тәмийинлеў, алиментти 100 процент төлеў мәселесинде жуўапкершиликти күшейтемиз.


Сенатта көрип шығылған нызамға бола ерли-зайыплылар ажырасқаннан кейин ҳаялдың жасап атырған жеринде шараяты болмаса басқа үй менен тәмийинлеў белгиленбекте. Егер еркектиң үйи болмаса ижара ҳақысын төлеў миннетлемеси жүкленбекте.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Бразилияда 14 жаслы оқыўшыны бир ўақыттың өзинде 4,5 мың пал ҳәрре шақты

Бала топ ойнап атырғанда тосаттан ҳәррелер уясына зыян жеткерген, нәтийжеде ҳәррелер оған ҳүжим еткен. Шыпакерлер жас өспиримниң өмирин сақлап қалыўға еристи.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Өзбекстанда перзентин нызамсыз диний тәлимде оқытқанлар жәриймаға тартылатуғын болды

Бул ҳуқықбузарлық қайтадан исленгенде жәрийма муғдары артады ямаса 15 суткаға шекем қамаққа алыўға себеп болады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Филиппинде безгекке қарсы шара ретинде шыбынларды өлтиргенлерге пул төлеў басланды

Мәмлекеттиң Аддишн-Хиллс аўылында өлтирилген ҳәр бес шыбын ушын 1 песодан (шама менен 220 сум) пул төленбекте.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❗️Tek 3 kún! Búginnen Texnikalarǵa idea'da «ZOR BAXALAR» baslandı

🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) muzlatqıshı – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 21-22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat r, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy r, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Dúkanlarımız

Реклама


❗️️Жәрийма баллары 12 баллдан асатуғын болса айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады

Белгиленген ҳуқықбузарлықлар ушын айдаўшыға тийкарғы жаза менен бирге жәрийма да баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Өзбекстанда транспорт қуралын мәс ҳалда басқарғанлар ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди

Жынаят кодексине тийисли қосымшалар киргизилди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


📊 Қарақалпақстанда жоқары категорияға (ААА) ийе болған исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти

Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:

•  «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
•  «АА» категориясына ийе жәми 244;
•  «А» катергориясына ийе жәми 279;
•  «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
•  «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
•  «В» катергориясына ийе жәми 2534;
•  «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
•  «СС» категорияға ийе жәми 6072;
•  «С» категорияға ийе жәми 4291;
•  «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Лавров орайлық азия мигрантлары ушын виза енгизиў идеясын мақулламады

«Биз мигрантлардың жүрис-турысын қадағалаўды күшейтиўимиз керек, қосымша илажлар мийнет миграциясына тосқынлықлар жаратыўға емес, усы қадағалаўды күшейтиўге бағдарланған», деди Россия СИМ басшысы.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

КРЕДИТ!!!
ТЕЗ АҢСАТ ҚОЛАЙ

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз
📅 6 айдан 3-жыл мүддетке.

(ЗАЛОГҚА)ТУРАК ЖАЙ ХӘМДЕ АВТОТРАНСПОРТ

🪙 ГИРЕУ ТИКАРЫНда кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты ҳәмде Турар Жайды НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, кредит аласыз.

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

Телеграмм канал https://t.me/pulmakon_mmt

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Қоңырат р-ны
+998906504945

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

Реклама


Спорт тараўын еле де раўажландырыў бойынша тараў ўәкиллери менен пикирлесилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Толық оқыў

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


🗒 21-февраль    📌Күн ҳаққында

🗓 Байрам ҳәм еслеў күнлери
➖ Халықаралық ана тили күни.

📖 Ўақыялар
➖ 1992-жылы Өзбекстан Сыртқы экономикалық байланыслар министрлиги шөлкемлестирилди;
➖ 2022-жылы Россия президенти Владимир Путин Донецк ҳәм Луганск Халық Республикаларын тән алыў ҳаққындағы пәрманға қол қойды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


📆 21-февраль 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы

Бүгин Қарақалпақстанда күн алағат бултлы болады. Жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5°C жыллы, күндиз 11-16°C жыллы болыўы күтиледи.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❄️Түркияда күшли қар жаўыўы себепли сабақлар тоқтатылды

Түркияда күшли қар жаўыўы себепли 35 ўәлаятта, сондай-ақ, Стамбулда билимлендириў процесслери тоқтатылды.

Рәсмийлер ҳаўа-райының жаманласыўы себепли пуқараларды абайлы болыўға ҳәм қәўипсизлик илажларына әмел етиўге шақырмақта.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


❄️ Дем алыс күнлери Қарақалпақстанда тағы жаўын ҳәм қар жаўыўы мүмкин

Түркияның арқа аймақларына тәсир етип атырған антициклон дем алыс күнлери Қарақалпақстанға әдеўир жаўын ҳәм қар алып келиўи күтилмекте.

23-24-февраль күнлери Өзбекстанның үлкен бөлегинде +20...+24 жыллы болыўы күтилип атырған бир ўақытта сол күнлери Қарақалпақстанда күндиз +0...+5 дәреже жыллы, түнде 0...-5 дәрежеге шекем суўық болыўы мүмкин.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Орайлық Азия 3 жылда суў жетиспеўшилигиниң даўамлы басқышына өтеди ─ илимпаз

Россия Илимлер академиясының IMEMO Орайлық Азия секторының баслығы Станислав Притчинниң «Климат өзгерислери ҳәм Орайлық Азияда суў ресурсларынан пайдаланыў машқалалары» темасындағы сәўбетинде айтыўынша, ҳәр қыйлы прогнозларға бола, 2028-жылға барып, Орайлық Азия суў жетиспеўшилигиниң даўамлы басқышына өтеди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Сенат жалпы мәжилисиндеги жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде «уйқылап қалған» деп болжанған қатнасыўшы негизинде өзин жаман сезгенлиги мәлим болды.

Рәсмийлерге қарағанда, ол жыйналыс ўақтында басқалардың дыққатын тартпаў ушын орнында қалған ҳәм жағдайынан келип шығып көринбеўге ҳәрекет еткен.

Ҳәзирде оған медициналық жәрдем көрсетилген ҳәм аўҳалы жақсы.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
💥 Siz sevgan texnikalar aksiyada!

Issiqqina oshxonada yangi, sifatli texnika bilan taom tayyorlash zarikarli ish emas haqiqiy maroqli mashg‘ulotga aylanadi.

✔️ Oshxonada yaxshi vaqt o‘tkazishingiz uchun kerakli texnikalarni ISHONCHdan katta chegirma yoki bonuslar bilan xarid qiling!

Бирюса — 20% CHEGIRMA yoki 25% BONUS
Ferre — 20% CHEGIRMA yoki 25% BONUS
Ideal — 15% CHEGIRMA yoki 25% BONUS
Isitkichlar — 25% CHEGIRMA yoki 30% BONUS


Aksiya 1-fevraldan amal qiladi!
Sizni ISHONCHda kutib qolamiz! 😊

Batafsil:
📞 +998735152222
@ishonch_chatbot

Barcha aksiya va yangiliklardan xabardor bo'lish uchun @ishonch kanaliga obuna bo‘ling!

Реклама


Глобал музлықлардың ериўи тезлести, бул теңиз суўларының көтерилиўине алып келиўи мүмкин

Илимпазлардың пикиринше, орташа есапта ҳәр жылы шама менен 273 миллиард тонна муз жоғалтылмақта. Бул муғдар пүткил дүнья халқының 30 жыл даўамындағы суўдан пайдаланыўы менен тең. Музлықлардың ериўи әсиресе Орайлық Азия ҳәм Орайлық Анд таўларында душши суў тәмийнатына тәсир көрсетеди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында


Өзбекстанда банклер 12 ай даўамында пайдаланылмаған карталарды блоклаўы мүмкин

Humo төлеў системасы белсенди болмаған банк карталарын алдыннан ўақытша блоклап қойыўды усыныс етти.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Показано 20 последних публикаций.