Қызық факт.
Егер қайсыдур ҳәмелдар «өз қәлеўи менен жумыстан кетти» деп излесеңиз, нәтийжеде Өзбекстаннан басқа барлық мәмлекетлер көрсетиледи. Себеби, бизиң ҳәмелдарлар ҳеш қашан өз басламасы менен жумыстан босамайды. Олар Президент тәрепинен тайынланады ҳәм тек ғана Президент оларды лаўазымынан азат етеди. Ҳәкимлерден баслап жоқары оқыў орынлары ректорларына шекем сол жағдай.
Раўажланған мәмлекетлерде, айырым даўлардан кейин ҳәкимлер, министрлер, бас министрлер ҳәм ҳәттеки, президентлер де өзи жумыстан кетиўин жәриялайды. Усының менен кеширимге ылайық емеслигин, бул лаўазымға арзымайтуғынын көрсетеди.
Бизлерде не? Айтайық, бир ҳәмелдар, тосыннан ядролық ракета жибериў түймесин басқан жағдайда да, ол халықтан тек ғана кеширим сорайды ҳәм Президенттиң тапсырмасын күтеди. Өзлигинен жумыстан кетиў ҳаққында ойламайды. Ҳеш қашан.
Сораў туўылады: өз басламасы менен лаўазымнан кетиўге батына алмаған ҳәмелдардан нени күтиў мүмкин?
@trolluz
Аўдарма: @makan_uz