Бүгинги күнде Қарақалпақстанда 1 гигаваттлы самал электр станциясы қурылмақта. Жәми 9,3 гигаваттлы бундай станциялар қурыў бойынша жойбарлар басланбақта. Бул - жылына 33 миллиард киловатт саат электр энергиясы, дегени. Тәбийғый газ бойынша да қолайлық көп.
Соның ушын
металлургия, химия, қурылыс материаллары сыяқлы тармақлардағы көп энергия талап ететуғын ири жойбарларды Қарақалпақстанда жайластырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Аўыл хожалығында да нәтийжелиликти арттырыў зәрүр. Суўғарылатуғын жерлерде жәми
3 мың гектар санаатласқан бағ ҳәм жүзимзар жаратылады.
31 мың гектарда гүнжи, 22 мың гектарда мәш егилип, экспортқа бағдарланады.
30 мың гектарда боян тамыр егиў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады.
Булар Қарақалпақстандағы имканиятлардың айырымлары ғана. Оларды нәтийжели иске қосыў аймақтың жедел раўажланыўын тәмийинлейди.
Соның ушын Қарақалпақстанда
3 тийкарғы бағдарды - аўыл хожалығы, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша
жойбар офиси шөлкемлестириледи.
Бул структура ҳәр бир районның өсиў ноқатларын таллап, қандай егинлерди жетистириў, жерден дәраматты көбейтиўге жәрдем береди. Шийки зат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарлар таярлап, ҳәкимлерге жеткереди. Жаңа туризм бағдарларын ашыў ҳәм оларға инфраструктура алып барыў бойынша усыныслар ислеп шығады.
Жуўапкерлерге инвестициялық жойбарлардың барысы, бәнтлик ҳәм экспорт режелериниң тәмийинлениўин айрықша қадағалаў бойынша көрсетпелер берилди. Абырайлы сырт ел экспертлерин тартып, ҳәр бир районды раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.
—
Ҳозирги кунда Қорақалпоғистонда 1 гигаваттли шамол электр станцияси қурилаяпти. Жами 9,3 гигаваттли шундай станциялар қуриш бўйича лойиҳалар бошланаяпти.
Бу – йилига 33 миллиард киловатт соат электр энергияси, дегани. Табиий газ бўйича ҳам қулайлик кўп.
Шунинг учун
металлургия, кимё, қурилиш материаллари каби тармоқлардаги кўп энергия талаб қиладиган йирик лойиҳаларни Қорақалпоғистонда жойлаштириш зарурлиги кўрсатиб ўтилди.
Қишлоқ хўжалигида ҳам самарадорликни ошириш зарур. Суғориладиган ерларда
жами 3 минг гектар саноатлашган боғ ва токзор барпо қилинади.
31 минг гектарда кунжут, 22 минг гектарда мош экиб, экспортга йўналтирилади.
30 минг гектарда қизилмия экиш бўйича уч йиллик дастур ишлаб чиқилади.
Булар Қорақалпоғистондаги имкониятларнинг айримлари, холос. Уларни самарали ишга солиш ҳудуднинг жадал тараққиётини таъминлайди.
Шу боис Қорақалпоғистонда
3 та асосий йўналишни – қишлоқ хўжалиги, саноат ва туризмни ривожлантириш бўйича
лойиҳа офиси ташкил этилади.Мазкур тузилма ҳар бир туманнинг ўсиш нуқталарини таҳлил қилиб, қандай экинларни етиштириш, ердан даромадни кўпайтиришга ёрдам беради. Хомашё ва қишлоқ хўжалиги маҳсулотларини қайта ишлаш бўйича лойиҳалар тайёрлаб, ҳокимларга етказади. Янги туризм йўналишларини очиш ва уларга инфратузилма олиб бориш бўйича таклифлар ишлаб чиқади.
Мутасаддиларга инвестиция лойиҳаларининг бориши, бандлик ва экспорт режалари таъминланишини алоҳида назорат қилиш бўйича кўрсатмалар берилди. Нуфузли хорижий экспертларни жалб қилиб, ҳар бир туманни ривожлантириш стратегиясини ишлаб чиқиш топширилди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube