БИР ҚОСЫҚ ДӨРЕТ
Сағынған ықласбентлер мени онлайн,
Оқып бәри тақылдатсын таңлайын,
Ақшолпанды десең, қәне қоллайын,
Кел, сақый илҳәмым, бир қосық дөрет.
Алтынның пуўына тутып сөзлерин,
Мисли, масаладай жандыр көзлерин,
Жети қат аспанда сезсин өзлерин,
Кел, сақый илҳәмым, бир қосық дөрет.
Дойнағында бардың арқасы қозып,
Жазсын жарыспаққа қәлеми тозып,
Сыншылар үңилсин мойынын созып,
Кел, сақый илҳәмым, бир қосық дөрет.
Айлаўға қосылған тулпардай шаўып,
Адамлар кеўлиндеги наманы таўып,
Жарыққа шығарғыл, қалсын қыл қаўып,
Кел, сақый илҳәмым, бир қосық дөрет.
Ашықлардың айтып арзыў - ҳалларын,
Қыйнасаң да бираз шийрин жанларын,
Кеўиллердиң шертип кетсин тарларын,
Кел, сақый илҳәмым, бир қосық дөрет.
Инсанлар меҳирге зарлығын айтып,
Кемликтиң камалы барлығын айтып,
Наданға дүньяның тарлығын айтып,
Кел - ҳә, йош- илҳәмым, бир қосық дөрет.
Ақшолпан Аманияз 08.01.2025 жыл