Ҳүрметли пуқаралар!📣
OLX’та саўда ислегениңизде абайлы болың. Ең баслысы банк пластик картаңыздың сырлы кодын екинши-үшинши тәрептеги адамларға айтыўшы болмаң.
Болған ўақыя. Бир пуқара хожалыққа ғәрежети жетпей OLX’қа сатыўға зат шығарған. Оның қойған затына Россиядан бир «қарыйдар» табылып, пластигине ақша өткерип бермекшилигин айтып қоңыраў етеди. Сөйлесип отырып пуқара телефонға келген смсти де «қарыйдар»ға айтып салады. Өтирик қарыйдар бир заматта пластик картаның ишиндеги 3 млн сўм ақшаны тартып алады.
Өкинишлиси, бул пластик карта пуқараның өзине тийисли емес, ал танысының пластиги екен. Пуқара ғәрежет таппай қыйналып атырғаны аздай, қарап отырып, танысына 3 млн сўм қарыз болды да қалды.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң рәсмий телеграм каналындағы төмендеги видеода бундай алдаўшылық қурбаны болыўда пуқараның өзи айыпкер екени айтылған. Видеоны еринбей көриң, алдаўшылар тек ғана OLX’де емес ал интернети бар ҳәмме адамды алдаўы мүмкин.
ИИМ Видеосы: https://t.me/qriim/605
Егер усындай алдаўшылық жағдайына түсип қалсаңыз Ишки ислер бөлимине арза менен мүрәжат етсеңиз болады.
✍🏻makan.uz
@Karakalpak24