Репост из: MAKAN.UZ
Әкем менен шешемниң тынышын алмаң!!!
Әри-бери үндемейин, телеграмда өзим менен болып атырған барлық нәрселерди жаза бермей-ақ қояйын деп едим. Бүгингиси асып кетти бирақ.
9-июнь күни Гор.отдельден повестка келди. Айтылған ўақытта тергеўшиге қоңыраў еткенимде «болды улыўма келмей-ақ қойың, шәрт емес» деди. Ертеси күни өзин Әдиллик министрлигинен деп таныстырған бир қыз бенен «инвестиция»ға арналған сәўбет болды. Сөйлесиў арасында «кешеги жазылған постларыңды өширесең бе» деген сораў берилди. Постларымды өширип-өширмеў туўралы ҳеш кимге есабат бериўге мәжбүр емеспен дедим. Соның менен тыншыған шығар десем, яқ, бүгин Нөкис ҳәкимияттан Женсовет қоңыраў етти. «Келип кет», деди. Оған егер диалог «инвестиция» бойынша болса барғанымның пайдасы жоқ, пикирлеримиз бир жерден шықпайды дедим. Арадан бир саат ўақыт өткен жоқ, бийшара домкомымыз үйге келипти. Оның айтыўы бойынша баслығы папамды, мамамды ҳәм мени ҳәкимиятқа шақыртыпты. Ким баслық десем Зам. ҳәким екен. Домкомның бир өзи қайтты.
Тек сораў туўылады: Булар қайсы ақыл менен 31 жасқа шыққан адамды әке-шешеси менен кабинетке шақыртып отыр? Домкомды жумыс ўақты питкеннен кейин телефоннан қоңыраў етип жумсап оның да, мениң де ҳуқықымды неге аяқ асты етип атыр. Оларға булай ислеўге ким ҳуқық берди?
Ҳүрметли, мениң менен инвестиция ҳәм сиясат туўралы сөйлесиўди қәлейтуғын, өзиниң ақылын бөлискиси келетуғынлар!
Егер журналист болып жазған пикирлерим нызамнан тыс болса маған қарсы дело ашың, жуўапкершиликке тартың. Айыбым болса жуўапкершиликтен қашып атырған жоқпан. Бирақ, ҳәр күни ҳәр зат ойлап таппаң, берекет табың. Әкем менен шешемниң тынышын алмаң! Олар мени еркин пикирлейтуғын, биреўдиң айтқаны менен жүрмейтуғын етип тәрбиялаған. Кабинетиңизге барған жағдайда да олардың айтатуғын гәпи мынаў: «Мен қызымның жумысына араласпайман». Мени қамасаңыз да, атсаңыз да постларымды өширмеймен.
Сиясат өзгермели қосық, оны айтып жүргенлер қайсы заман болса да әдилликтиң сөзин сөйлейтуғынларды улыўма түсинбейди.
Лалагүл Қаллыханова,
журналист
Каналға ағза болыў: @makan_uz