#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
❗️Қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң хызметкерлерин аттестациядан өткериў тәртиби белгиленди
Ҳүкимет қарары (26.01.2025-жыл) менен "Қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы ҳәм инженер-техникалық хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды
🔰Реже төмендегилерди нәзерде тутады:
🔹қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы ҳәм инженер-техник хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў тәртиби, мүддетлери ҳәм оларды әмелге асырыўшы шөлкемлер;
🔹қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы ҳәм инженер-техник хызметкерлерин аттестациядан өткериў тәртиби, мүддетлери, аттестация түрлери ҳәм де аттестациядан өткерилетуғын хызметкерлердиң категориялары;
🔹аттестация комиссиясының қурамын қәлиплестириў ҳәм искерлигин шөлкемлестириў;
🔹аттестация нәтийжелери бойынша апелляция бериў ҳәм оны көрип шығыў қағыйдалары.
🔍 Хызметкерлер дәўирлик аттестациядан төмендеги мүддетлерде өткериледи:
▪️қәўипли ислеп шығарыў объектинен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы хызметкерлери, олардың орайлық аттестация комиссиялары баслықлары ҳәм баслықтың орынбасарлары - бес жылда бир мәрте;
▪️инженер-техник хызметкерлер, сондай-ақ, аттестация комиссиялары ағзалары - үш жылда бир мәрте;
▪️қәўипли ислеп шығарыў объектинен пайдаланыўшы шөлкемлерде жумыс алып барыўшы басқа жумысшы-хызметкерлер - бир жылда бир мәрте.
📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram