ГӘЎҲАР ТАС ҲӘМ ШАҢ ҲАҚҚЫНДА
Гәўҳар тас ылайға былғанса да,бийбаҳалығын сақлап қалады,
Шаң аспанға көтерилсе де шаңлығынша қала береди.
Саадий ШЕРАЗИЙ
Гәўҳар тасты былғасаң да ылайға,
Жарқыраған нурын жоқ етип болмас.
Жаратылыс берген ығбал-талайға,
Қастыянлық пенен оқ атып болмас.
Балшыққа батырып жерге көмсең де,
Гәўҳар тастың кетпес ҳасла сыяғы.
Баҳасы аспанда қашан көрсең де,
Ушығаның қыйқымындай қыяғы.
Ал,шаң көтерилсе жерден аспанға,
Айланып-айланып қарылар жерге.
Инсап,ийман қымбат гәўҳар тастан да,
Инсанның орынын шығарар төрге.
Инсап,ийман жолдас болса адамға,
Жарқырап нур шығар гәўҳар тастан да.
Негизинде шаңлар мегзер наданға,
Көтерилип жүргенинде аспанға.
Демек,көз аштырмас дузлы шаң болып,
Самал ессе уша бермей аспанға.
Ҳасыл гәўҳар яңлы журтқа таң болып,
Жарқырап жасайық гөззал бостанда!
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
18 январь,2025 жыл
Каналға ағза болыў: @hoja_uz