ХУРШИД ДАВРОН
ҚОСЫҚЛАР Атағулла Сатбаев қарақалпақшалади
• ***
Бүгин түнде және тирилдим...
Сен есикти аштың, асықпайсаң.
Сыбырладым: «Мине, мен келдим,
Неге перделерди ашпайсаң?»
Бир нәрселердии изледи көзлер,
Изледим, изледим... шынтлап.
Көрип қалдым дастық үстинде
Жатар еди мен сүйген китап.
КЕЛМЕДИҢ
Сен келер жолларға тигилдим тәкрар,
Тигилдим жапалақлап жаўғанында қар,
Тигилдим гүллерин шашқанда бәҳәр,
Келмедиң, келмедиң, жаным, келмедиң.
«Хош!» деп кеттиң де, қайрылмадың ҳеш,
Бирақ, жүрегимнен айрылмадың ҳеш,
Ўә дарығ, енди кеш пе, аттең, енди кеш,
Келмедиң, келмедиң, жаным, келмедиң.
Ғамлы көзлериңди көңлиме жайлап,
Жолларыңды аңлыдым жүректи қыйнап,
Лекин, бийкар кетти күткеним айлап,
Келмедиң, келмедиң, жаным, келмедиң.
• * * *
Сәўдигимниң көзлери қара –
Дәртим сыяқлы.
Сәўдигимниң кирпиги узын –
Дәртим сыяқлы.
Сәўдигимниң ләблери шийрин –
Дәртим сыяқлы.
Сәўдигимниң көзлери жанар –
Дәртим сыяқлы.
АНА ТИЛИМ
Келип-кетти нешше дүньялар,
Күлди өмир, жылады өлим.
Сен деп қурбан болды бабалар,
Олар кетти, сен қалдың, тилим.
Бесигиң басында Қашқарый,
Жырлап өтти ески наманы.
Наўқыран жапырақларыңа,
Көңил қанын берди Наўайы.
Кетерде Самарқандтан Бабурдың,
Көксин өртеди ҳәсирет сеси.
Алып кетти ана журтынан,
Түркий тилим, бир ғана сени.
Машраб емес, сен асылдың дарға,
Надыра емес, сенсең сойылған.
Ҳозиқтың емес, сениң, ей тилим,
Басың ажыратылып, көзиң ойылған.
Лекин, душпан өлтирген батыр,
Және тирилгендей өш алыўға.
Мәңги барсаң, сенсең ылайық,
Жерди ҳаўазға толтырыўға.
Ўатан ушын арнап жанын,
Өтип өрттен, сүңгип дәрьяға.
Перзентлериң төккен ҳәр қанын,
Симирдиң сен уқсап гияға.
Ана тилим, аман бол мәнги,
Сен бар болсаң мен де өлмеймен.
Тилден қалсам, сени Айбектей
Мен көзлерим менен сөйлеймен.
* * *
Сен ҳаққыңда қосығым
Жазылған қағаз
Ушып кетти алыс бағларға
Сайрап атырған қусларды излеп
УЛЫМ ТЕМУРҒА
Улым, бул жер –
Бизиң жеримиз.
Өзимиздиң жеримиз.
Қорқпастан қәдем тасла.
Жер жүдә қатты –
Бабалардың қаны қатырған оны,
Мамалардың көз жасы қатырған.
Балам, бул жер –
Өзимиздики,
Қорқпа, исенгил әкеңе,
Қарай берме изиңе.
Жығылсаң, көтерер,
Сени бул топырақ.
Жығылсаң, турыўды үйренесең,
Турыўды үйрен, улым.
Жығылсаң, еңбеклеме,
Еңбеклегеним жетер, улым.
Қәддиңди тик тутыўды үйрен,
Соның ушын бизге берилген,
Бул жер – бул Ўатан.
ХОШЛАСЫЎ
Мен сеннен кетиўди қәлеймен,
Жаўындай емес –
Жаўын бир күн қайтып келеди.
Самалдай емес –
Самал және қайтып келеди.
Мен сеннен кетиўди қәлеймен,
Муҳаббат киби...
КЕРЕК БОЛСА...
Керек болса қылыш ушында,
жаса, жыла ҳәм күлгил толып!
Сары реңли гүллер ишинде,
ашыл кейин қызыл гүл болып!
Көңлиңдеги сөзди айт тек те,
сүйсең бахытлы ет ҳаялды.
Оған сен алтын-дүрлерди емес,
инәм еткил айды, самалды.
Өшиңди ал жаўдан, сатқыннан,
гүрескил, сеники – майдан.
Санмың тереклер арасында,
ең беккем шынарға айлан.
Әтирап жалғанға толғанда,
ишиңе жут дәртти, наланы.
Кекселер сақаў болып қалғанда,
Қутлықла шын сөз айтқан баланы...