Тахтакөпир районы ҳәкимлиги


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Veb-sayt:
http://taxtakopir.uz
Facebook:
https://www.facebook.com/TaxtakopirPress
Instagram:
https://www.instagram.com/taxtakopirpress
Youtube:
www.youtube.com/@TaxtakopirPress
Múrájat ushın:
https://t.me/Taxtakopir_KR_bot

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Хабарландырыў!

Д-234 Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 102,6-километр аралығында жайласқан көпирде (Тахтакөпир районына киреберистеги) авариялық жағдай жүзеге келиўине байланыслы орынларға тийисли тәртипте жол белгилери орнатылғанлығын хабарлаймыз.

Ҳәзирги ўақытта Тахтакөпир районлық Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен усы авариялық жағдайды оператив түрде сапластырыў илажлары көрилмекте.

Ҳүрметли автотранспорт басқарыўшылары, жол ҳәрекети қағыйдаларына қатаң әмел етиўиңизди сораймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:

https://t.me/Taxtakopir_press


Хабарландарыў!

Усы жылдың 22-январь күни саат 10:00 ден 18:00 ге шекем «Тахта» фидериниң 10 кВ ҳаўа тармағында киши оӊлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы райондағы «Айдынжол» ҳәм «Дәўир» МПЖның айырым аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы

каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press


Хабарландарыў!

Усы жылдың 22-январь күни саат 10:00 ден 18:00 ге шекем 110/10 кВ лы «Қызылнур» фидеринде киши оӊлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы райондағы «Дәўқара»,«Белтаў» АПЖ, Қаратерең» МПЖ аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы

каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги ПҚ-454-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районы аймағындағы «Ески Қуўаныш жарма» каналының 6,3 км аралығын реконструкциялаў (бетонлаў) белгиленген.

Жойбарды әмелге асырыў ушын 9 млрд.сўм қаржы қаратылған болып, бүгинги күнде кесип алып ислеўши «Элликқала махсус сув пудрат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен керекли техникалар алып келинип, каналды бетонлаў ушын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Бул суў каналын бетонлаў нәтийжесинде райондағы «Дәўир» МПЖ, «Айдын жол» МПЖ ҳәм «Тахтакөпир» ППЖ аймағындағы хожалықлардың қыйтақ жер майданларын суўғарыў нәтийжелилиги артып, жыллық есапта 5 млн 443 метр куб суў тежеледи.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:

https://t.me/Taxtakopir_press


Мәҳәллелерде «Жаслар балансы»н қәлиплестириў жумыслары алып барылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январь күнги «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў бағдарын еледе жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-92-санлы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыздың барлық аймақлары қатары Тахтакөпир районындағы мәҳәллелерде улыўма жаслар балансын қәлиплестириў ушын белгиленген бағдарлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Хатлаў процесслери даўамында мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери тәрепинен үйме-үй жүрген ҳалда жаслардың социаллық жағдайлары үйренилип, сәўбет жуўмақлары тийкарында жасларға мәнзилли жәрдем көрсетиў бойынша илажлар белгиленип алынбақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:

https://t.me/Taxtakopir_press


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Yulduz_bilan_sayohat

⚡️ Madaniyat vazirligi huzuridagi Iqtidorli yoshlarni-qo’llab quvvatlash markazi hamda Turizim qo’mitasi bilan hamkorlikda “Yulduz bilan sayohat” lohiyasini taqdim etib kelmoqda.

✅ Loyihaning navbatdagi manzili 23-yanvar kuni soat 18:00da Qoraqalpog’iston Respublikasining Nukus shahrida bo’lib o’tishi kutilmoqda.

✅ Dastur mehmoni Benom guruhi.

📍 Manzil: Nukus shahridagi “Mustaqillik maydoni”.

Telegram | Instagram | Facebook | Veb-sayt


#Спорт

Бүгин Тахтакөпир районлық Мәденият орайы имаратында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олар арасында «Шахмат» спорт түрин раўажландырыў мақсетинде «Ҳәким кубогы» жарысы шөлкемлестирилди.

Жарысқа район аймағындағы мәҳәллелерден 14-30 жас аралығындағы ер балалар ҳәм қызлар қатнасты.

Жарыс жуўмағында жеңимпазларды район ҳәкими Ж.Адилов қызғын қутлықлап, район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғаларын тапсырды.
————
#Спорт

Бугун Тахтакўпир тумани Маданият маркази биносида ёшларнинг бўш вақтларини мазмунли ўтказиш, улар ўртасида "Шахмат" спорт турини ривожлантириш мақсадида "Ҳоким кубоги" мусобақаси ташкил этилди.

Мусобақада туман ҳудудидаги маҳаллалардан 14-30 ёшдаги ўғил ва қиз болалар иштирок этди.

Мусобақа якунида ғолибларни туман ҳокими Ж.Адилов самимий қутлаб, туман ҳокимлиги томонидан тайёрланган диплом ва қимматбаҳо совғаларни топширди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:

https://t.me/Taxtakopir_press


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Қарақалпақстан_телеканалы

Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепте «Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў» атамасында өткерилген Республикалық семинар «Жаңалықлар» бағдарламасында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:

https://t.me/Taxtakopir_press



Показано 9 последних публикаций.