Қәдирли Ўатанласлар, Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!Ең дәслеп, сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Мәҳәлле - әсирлер аса миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақын қоңсышылық ҳәм аўызбиршиликтиң мәсканы болып келмекте.
Биз мәҳәлле дегенде, дүньяда кемнен-кем ушырайтуғын, инсанды жәмийет пенен бирге жасаўға үйретип, кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпир ўазыйпасын орынлайтуғын тараўды түсинемиз. Бунда мәҳәллелерде аўызбиршилик ҳәм миллий қәдриятларымызды ен жайдырыўда әҳмийетли болған көше бийлери институты халық пенен тығыз бирге ислесиўде “мәҳәлле жетилиги”ниң шын мәнисиндеги көмекшисине айланған.
Ҳәзирги ўақытта елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан, миллети, тили, динине қарамастан, өз өмири, қуўаныш ҳәм тәшўишлерин мәҳәлледен бөлек көз алдына келтире алмайды.
Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы—
Қадрли Ватандошлар, Ҳурматли маҳалла тизими ходимлари!Аввало, сизларни, сизларнинг тимсолингизда бутун халқимизни Маҳалла тизими ходимлари куни билан самимий табриклаймиз.
Маҳалла - асрлар оша миллий урф-одат ва анъаналаримизни эъзозлаб сақлаб, халқимиз учун эзгулик ва тарбия бешиги, яхши қўшничилик ва аҳиллик маскани бўлиб келмоқда.
Биз маҳалла деганда, дунёда камдан-кам учрайдиган, инсонни жамият билан бирга яшашга ўргатиб, бағрикенглик руҳида тарбиялайдиган, халқ билан давлат ўртасида ишончли кўприк вазифасини бажарадиган соҳани тушунамиз. Бунда маҳаллаларда ҳамжиҳатлик ва миллий қадриятларимизни кенг ёйишда муҳим бўлган кўча бошилари институти халқ билан яқиндан ишлашда «маҳалла еттилиги»нинг чинакам кўмакчисига айланган.
Ҳозирги вақтда юртимизда яшаётган ҳар бир инсон, миллати, тили, динидан қатъи назар, ўз ҳаётини, қувонч ва ташвишларини маҳалладан алоҳида тасаввур қила олмайди.
Ҳурматли маҳалла тизими ходимлари!Сизларни бугунги байрам билан табриклаб, барчангизга сиҳат-саломатлик, хонадонларингизга тинчлик-хотиржамлик, машаққатли ва шарафли ишларингизда улкан зафарлар тилаймиз!
Аманбай Орынбаев,
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг РаисиКаналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube