2019-жыл 4-сентябрь күни Хожели районы аймағында жайласқан Халық билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде 2019-2020 оқыў жылыныӊ биринши күни салтанатлы түрде күтип алынды. Онда район ҳәкими Ж.М.Ермашев қатнасып, устаз ҳәм оқыўшыларды байрам менен қутлықлады. Буннан соӊ мектеп жасына жеткен 1-класс оқыўшыларына Президент саўғасы мектеп қураллары тапсырылды. Сондай-ақ, мектептиӊ мәжилислер залында «Жонажон Ӯзбекистоним, мангу бўл омон!» темасында оқытыўшы ҳәм оқыўшыларға район ҳәкими сабақ өтти.
Расмий каналимизга қўшилинг
🌐👉https://t.me/xodjeyli_rk
Расмий каналимизга қўшилинг
🌐👉https://t.me/xodjeyli_rk