Президентимиздиң итибары менен қарақалпақстанлы жасларға быйылғы жылда да қосымша 10 мың квота ажыратылды Ҳүрметли Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте. Усылар қатарында, 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Президент пәрманы менен өткен оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекет гранты тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге, төлемли-контракт тийкарында қосымша 6500 квота ажыратылған еди.
Быйылғы жылда да республикамыздың қала ҳәм районлары ушын зәрүр болған маманлықлар санынан ҳәм кадрлардың ишки мүтәжликлеринен келип шығып, 10 мың қосымша квота ажыратылды. Бунда ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларын таңлаған абитуриентлер ушын қосымша төлемли-контракт тийкарында 7 мың квота берилген болса, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ушын 2 мың квота, Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынлары ушын мың қосымша квота төлемли-контракт тийкарында ажыратылды.
Әлбетте, қосымша квоталардың ажыратылыўы бул республикамыз ушын зәрүр болған жоқары билимге ийе маман кадрларды таярлаўда әҳмийетли болып, бул өз нәўбетинде ҳүрметли Президентимиздиң қарақалпақстанлы жаслар ушын айрықша жаратып берген имканиятларының және бир көриниси болды десек алжаспаған боламыз.
—
Президентимизнинг эътибори билан қорақалпоғистонлик ёшларга жорий йилда ҳам қўшимча 10 минг квота ажратилдиҲурматли Президентимизнинг ғамхўрлиги ва эътибори натижасида қорақалпоғистонлик ёшларга қатор имкониятлар яратиб берилмоқда. Шулар қаторида 2022 йил 31-августдаги 213-сонли Президент фармони билан Қорақалпоғистон Республикасида доимий яшовчи ҳамда умумий ўрта, ўрта махсус ва профессионал таълим муассасаларини тамомлаган ёшлар учун 2023-2024-ўқув йилида давлат гранти асосида қўшимча 3 минг квота, тўлов-контракт асосида қўшимча 6500 квота ажратилган эди.
Жорий йилда ҳам республикамизнинг шаҳар ва туманлари учун зарур бўлган мутахассисликлар сонидан ва кадрларнинг ички заруриятидан келиб чиқиб, 10 минг қўшимча квота ажратилди. Бунда вилоятлардаги олий таълим муассасаларини танлаган абитуриентлар учун қўшимча тўлов-контракт асосида 7 минг квота берилган бўлса, Қорақалпоғистон Республикасидаги олий таълим муассасалари учун 2 минг квота, Тошкент шаҳридаги олийгоҳлар учун минг квота тўлов-контракт асосида ажратилди.
Албатта, қўшимча квоталарнинг ажратилиши бу республикамиз учун зарур бўлган юқори билимга эга мутахассис кадрларни тайёрлашда аҳамиятли бўлиб, бу ўз навбатида ҳурматли Президентимизнинг қорақалпоғистонлик ёшлар учун алоҳида яратиб берган имкониятларининг яна бир кўриниши бўлди десак адашмаган бўламиз.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes🌐
Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐
YouTube