#Дыққат #ДАҒАЗА!
📚 Китапқумарлар ушын әжайып жаңалық Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте усы жыл ноябрь айының 25-сәнесинен баслап «Китаплар әлеминде 80 күн» марафонына старт берилди.
Бүгиннен баслап бар жоғы жәми 8 китап оқың ҳәм де 💻 Ноутбук, 📲 планшетлерди ҳәм де 🎁 қымбат баҳалы саўғаларды утып алың.
Таңлаўға мәрҳамат! Барлық китапқумар халқымызды таңлаўға белсене қатнасыўға шақырамыз!
Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм

Таңлаў тийкарынан 4 басқыштан ибарат:
1-басқыш 25-ноябрь 14-декабрь күнлери аралығында өткерилип, Караматдин Султанов “Ажинияз” Ўткир Ҳошимов “Дунёнинг ишлари” (“Дүньяның ислери”) шығармаларынан 16-декабрьде тест алынады.
2-басқыш 17-декабрь 5-январь аралығында өткерилип, Абдулла Кодирий “Мехробдан чаён” ҳәм Жолмурза Аймурзаев “Жетимниң жүреги” китапларынан 6-январь күни тест алынады.
3-басқыш 7-26-январь аралығында өткерилип, Тоғай Мурат “Атамнан қалған далалар” ҳәм Кеӊесбай Рахманов “Биринши муҳаббатым” шығармаларынан 27-январь күни тест болады.
1-2-3-басқыштан өткен еӊ жоқары балл топлаған 50 қатнасыўшы сол күнниӊ өзинде анықланып, 4-басқышқа жоллама алады. Жеңимпазлар Республика Руўхыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ @QR_ruwxiyliq ҳәм @ziya_nuri телеграм каналлары арқалы жәрияланып барылады.
4-басқыш 28-январь менен 16-февраль аралығында өткерилип, Муратбай Нызанов “Қарақалпақлар” 1-2 китабы ҳәм Сайд Ахмад “Жимжитлик” шығармаларынан 17-февраль күни таӊлаўдыӊ жуўмақлаўшы тести болады.
Таңлаўға мәрҳамат! Барлық китапқумар халқымызды таңлаўға белсене қатнасыўға шақырамыз!
Каналға ағза болыў: 👇
Телеграм | Инстаграм