Хожели районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ



Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Репост из: Xojelirk.uz/Рәсмий каналы
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Húrmetli puqaralar!

Ishki isler ministrligine kelip túsip atırǵan maǵlıwmatlar analizine bola, puqaralarǵa ózin "Ishki isler organı tergewshisimen" yaki "Bank xızmetkerimen" dep tanıstırıp, rus tilinde soylep bank karta maǵlıwmatların hám SMS kodların sorap qońıraw etpekte

Bul aldawshılardıń náwbettegi hiylesi bolıp aytqan maǵlıwmatları haqıyqatqa tuwrı kelmeydi

Eslep qalıń, Ishki isler organı xızmetkerleri yaki bank xızmetkerleri hesh qashan sizden tastıyıqlawshı SMS kod soramaydı

Ózińizdi hám jaqınlarıńızdı aldawshılardıń duzaǵınan saqlań!


Репост из: Xojelirk.uz/Рәсмий каналы
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ҳүрметли пуқаралар!

Ишки ислер министрлигине келип түсип атырған мағлыўматлар анализине бола, пуқараларға өзин "Ишки ислер органы тергеўшисимен" яки "Банк хызметкеримен" деп таныстырып, рус тилинде СМС кодларын сорап қоңыраў етпекте.

Бул алдаўшылардың нәўбеттеги ҳийлеси болып айтқан мағлыўматлары ҳақыйқатқа туўры келмейди.

Еслеп қалың, Ишки ислер органы хызметкерлери яки банк хызметкерлери ҳеш қашан сизден тастыйықлаўшы СМС код сорамайды.

Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды алдаўшылардың дузағынан сақлаң!




Репост из: Xojelirk.uz/Рәсмий каналы
Бүгин 2025-жыл 4-февраль күни Хожели районы "Мәденият" мәҳәллесинде жайласқан 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жаңа қосымша имәраты пайдаланыўға тапсырылды. Ашылыў салтанатына район ҳәкими Ж.Ермашев, билимлендириў тараў ўәкиллери ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты. Заманогөй имәрат 510 орынға мөлшерленген болып, Президентимиздиӊ 25.12.2023-жылғы «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-404-санлы қарары тийкарында 3,8 млрд.сўмлық қаржы есабынан қурып питкерилди. Иләж даўамында, мийманлар мектептиң ишки шәраятлары менен жақыннан танысып, оқыўшылар ушын жаратылған бәрше қолайлылықларды жоқары баҳалады.


Репост из: Joqarǵi keńes.uz
Қылышпазларымыз Жəҳəн кубогында алтын медаль ийесине айланды

Грузияның Тбилиси қаласында спорттың қылышпазлық түриниң сабля жөнелиси бойынша қызлар арасында Жəҳəн кубогы беллесиўлери болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасы командалық есапта 1-орынды ийелеп, алтын медаль ийеси болыўға миясар болды.

Өзбекстан сайланды командасы қурамында Гүлистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова ҳəм Наргиза Жақсыбаевалардан ибарат Қарақалпақстанлы спортшыларымыз жеңимпазлықты қолға киргизиўде өзиниң мүнәсип үлесин қосты.

Қиличбозларимиз Жаҳон кубогида олтин медаль соҳибига айланди

Грузиянинг Тбилиси шаҳрида қиличбозлик спорт турининг сабля йўналиши бўйича қизлар ўртасида Жаҳон кубоги беллашувлари бўлиб ўтмоқда.

Унда Ўзбекистон терма жамоаси жамоавий ҳисобда 1-ўринни эгаллаб, олтин медал соҳиби бўлиш шарафига муяссар бўлди.

Ўзбекистон терма жамоаси таркибида Гулистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова ва Наргиза Жақсыбаевалардан иборат Қорақалпоғистонлик спортчиларимиз ғолибликни қўлга киритишда ўзининг муносиб ҳиссасини қўшди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Репост из: Oila va xotin-qizlar qo'mitasi
“Sayxunobod tajribasi” asosida xonadon sharoitida daromad topish ishlari o‘rganildi.

🌐Veb sayt |🌐Facebook |🌐Instagram |🌐Youtube


Репост из: Oila va xotin-qizlar qo'mitasi
Yangiqo‘rg‘on mahallasida “Oila maskani” ochildi

Jarayonda Bosh vazir o‘rinbosari Zulayxo Maxkamova ishtirok etib, mazkur maskanda xotin-qizlarni kasb-hunarga o‘rgatish, salomatligini mustahkamlash borasida yaratilgan shart-sharoitlar bilan yaqindan tanishdi. Tadbir davomida bandligini ta’minlash, tikuvchilik faoliyati bilan shug‘ullanishlari uchun bir guruh xotin-qizlarga tikuv mashinalari topshirildi.

🌐Veb sayt |🌐Facebook |🌐Instagram |🌐Youtube


Репост из: Shańaraq hám hayal-qızlar.uz
#Қарақалпақстан  Республикасы Шанарақ ҳам Ҳаял-қызлар  Комитети жанында Жәмийетлик  Кеңес дузилды

Усы жылдың 28-январь күни  Жәмийетшилик кеңесиниң «Маърифатли аёл – фаровон жамият  таянчи»  атамасында  илимий-дөретиўшилик конференциясы  Жаслар орайында болып өтти. Усы конференцияға  ЗООМ платформасы  арқалы  30 алыма, дөретиўши  ҳаял-қызлар  қатнасты. Конференцияны   модератор Баймурзаева Саодат  Ораковна  алып барды. Конференцияны  Өзбекстан  Республикасы Бас министр орынбасары Маҳкамова Зулайхо Бахриддиновна  ашып берди. Ол өз  сөзинде  жәмийетте жаңа  ағартыўшылық орталық  жаратыўда илимий-дөретиўшилик тараўлардағы  ҳаял-кқызлардың искерлигин  қоллап-қуўатлаў,   руўхый-жетик  жәмийетти  қурыўда   үлгили  аналардың ролин  кең нәсиятлаў, перзент тәрбиясы, шаңарақты  беккемлеў, ҳаял-қызлардың мәнаўиятын раўажландырыў  жумысларының нәтийжелигин  асырыў  мақсетинде Комитет жанында  «Аёл маърифати» атамасында   илимий-дөретиўши тараў ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик кеңес  хызмет  алып  барып  атырғанын  айтып  өтти. 
Өз  гезегинде,  конференцияда озлериниң мазмунлы баянатлары менен сөзге шыккан  Жана Өзбекстан  университети  проректоры, Абу Райхан Беруний  атындағы  Шығыстаныўшылық  институты илимий  хызметкери, тарийх  пәнлери  бойынша   философия докторы  (PhD)  Хилола Назирова «Тарихни  кимлар  ёзган?»  баянаты конференция қатнасыўшыларына  үлкен  ой салды. Әсиресе, ол өз  сөзинде  ҳаяллар тымсалы  перде  атынан  сүўретленгени, олардың  образлары ҳаяллардың өз  дәрежесинде  берилмегенин айтты.
Шараф Рашидов атындағы  Самарқанд мәмлекетлик университетиниң  профессоры  Маҳкамой  Турсунова өзинин  «Медресе  қурдырган  маликалар» атлы  мақаласында  Амир Темурдың некесине  алған  маликалар  ҳаққында  келтирген мағлыўматлар тийкарында  қызықлы  фактлерди  айтып  өтти.
Амир Темур  некесинде болған  18  ҳаялына атап сарайлар  салдырған. «Боғи Бехишт», «Боғи Дилкушо», «Боғи Шамол» бағлары  булардың  айқын  дәлийли. Сондай-ақ,Амир  Темур уллы алым Мырза  Улуғбектиң анасы  Гаўхаршадбегимге  арнап  медресе  қурғызған, Балх қаласында, Самарқандта, Қоқанда  маликалар  медресе  қурып, мектеп  сыпатында  пайдаланған. Бул  медреселерде маликалар медресе  имамларына, мударриске  ҳәм   басқа да хызметкерлерге  пул  муғдарын  берип отырған.

Тарийх  пәнлери  бойынша  докторы  Олимова Дилором Агзамовна Абдурауф Фитраттың  «Оила» шығармасы ҳәм оның ҳәзирги  дәўирдеги  әҳмийети  ҳаққында  айтып  өтти.  Алым  өз  сөзинде  Абдурауф Фитраттың  «Оила» шығармасы  1914-жылы жазылган.  Абдурауф Фитрат Туркистан  ҳәм  Бухара жадидшилериниң ўәкили  еди. Оның  пикиринше, "Шаңарақ тийкарын туўры  қурмастан  ҳәм  жас  аўладты  толық туўры тәрбияламай  турып,  жәмийетти  дүзиў мүмкин  емес ҳәм ақыбетинде  миллет  тәғдири  оның шаңарағының жағдайына  байланыслы" деген сөзлери  аймақлық конференция қатнасыўшыларын  терең  пикирлесиўге  себепши  болды.
Буннан басқа да Колумбия  университети профессори  Шоназарова Азиза  Абдумаликовнаның «Ўзбекистон тарихида   олима  аёллар», Филология  пәнлери  бойынша  философия докторы,«Зия арт»  мектеби  оқытыўшысы   Ачилова Нурхон Нормухаммедовнаның «Хорижда  таълим  олаётган қизлар  тарбиясида  миллий  қадриятларнинг роли»  атамасындағы  баянатлар   өз  мазмуны  менен  ядымызда  қалды.
Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ҳәм  шаңарақтағы  ролин  беккемлеў, олардың ҳуқықларын  қорғаў, раўажланыўы  ушын  мүмкиншиликлерди  жаратып бериў ҳәм де олардың  мәнаўиятын жетилистириў  нәтийжелигин асырыў барысында Қарақалпақстан  Республикасы Ҳаял-қызлар  Комитети жанынан дүзилген Жәмийетлик  Кеңес ағзалары өзлериниң мазмунлы, илимге тийкарланған  усыныс, пикир, тилеклери  менен Республика ҳаял-қызлары менен нәтийжели жумыс  ислейди,деп исенемен.

Сапарова Оралхан Джолдасбаевна

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы,Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңеси  депутаты

https://t.me/shanaraq_ham_hayalqizlar_komitet

Показано 8 последних публикаций.