XALÍQ USHÍN ⚖️


Гео и язык канала: Узбекистан, Русский
Категория: Право


Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @trillion_uzb
Est. 10.04.2020.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Русский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


🤩Ҳәр бир раўажланған инсанның өзине тән қәсийетлери

✅Басқалар әўметсизлик  деп билген нәрселерди олар өмир сабақлары деп есаплайды.

✅Басқалар ислей алмаған жумысқа олар қол силтеп кетпей жолын излейди.

✅Олар анық ойланған режелерди қабыл етеди.

✅Басқалар әўметти күтип отырса, олар өзлери излейди.

✅ Басқалар сыяқлы оларда да, қорқыў бар. Бирақ қорқыў оларды басқарыўына жол қоймайды. Қорқыўды олар әпиўайы қаўетерлениў деп қабыллайды.

✅Олар машқалалардан қашпайды, керисинше оларға тик қарайды.

✅Олар оптимист адамлар, сол себепли ҳәр нәрсениң пайдалы тәрепин көре алады.

✅Олар бир өмир үйрениўге шаршамайды. Ҳәр қандай өмирлик тәжирийбе олар ушын сабақ.

✅Олар өз жумысларын кейинге қалдырмайды.

✅Олар өзлерин қандай сезиниўине қарамастан ислеўи керек болған исти әмелге асырады.

Генри Форд

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


Россияда оилангиз ва яқинларингизни қўллаб-қувватлаш учун ишлайсизми?

Биз SalamPay да буни тушунамиз ва сизнинг ишингизни қадрлаймиз! Шунинг учун биз Россиядан Ўзбекистонга (Uzcard/Humo) комиссиясиз пул ўтказиш учун қулай дастурни таклиф етамиз.

🔥 Бизнинг иловамиз аллақачон 1,4 миллиондан ортиқ одам томонидан юклаб олинган. Google Play -даги илованинг ўртача баҳоси 4.6 юлдуз.

Нега бизни танлашади?
Фойдали валюта курси
Ҳалол Сертификати
Илова ва қўллаб-қувватлаш ўзбек тилида мавжуд
Авиачипталар учун ҳаққоний нархлар
Миллий Radio

👉 SalamPay-ни ҳозир ЎРНАТИНГ ва комиссиясиз қулай пул ўтказмаларидан фойдаланишни бошланг!


⚡️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Ҳүрметли ўатанласлар!

Қазақстан Республикасының Тажен шегара өткериў пункти жаўылып атырғанлығы себепли, Даўыт ата шегара  пунктинде автотранспорт қураллары көбейип тығылыс жүзеге келмекте.

Шегара пункти усы жылдың 31-январь күни кешки саат 24:00 де жаўылады.

Сол себепли узақтан киятырған жерлеслеримиз шаралар көриўин сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар


❓"Процентке пул бериў" ҳуқықбузыўшылықпа?

✅ Пуқаралық кодексиниң 734-статьясы
на көре, пуқаралар қарызға пул берген жағдайда, қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада көрсетилген муғдарда ҳәм тәртипте процентлер алыў ҳуқықына ийе.

❗️
Демек, қарызды проценти менен қайтарып алыў хуқықбузыўшылық емес, яғный нызамда руқсат етилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


🤔 Gilamlarni "birinchi qo'ldan" xarid qilish mumkinmi?

Gilamlar ikkinchi yoki uchinchi qo'ldan xarid qilinganda narxlar keskin ko'tarilib ketadi. Bunda eng to'g'ri yechim – ularni ishlab chiqaruvchining o'zidan xarid qilishdir.

⚡️ SAG brendining yurtimiz bo'ylab joylashgan rasmiy do'konlari sizga ana shunday imkoniyatni taqdim etadi.

Siz ham gilamlarni o'rtadagi vositachilarsiz, foyda bilan xarid qiling.

👉 Gilamlar va ularning narxi bilan tanishish uchun ushbu kanalga obuna bo'ling.

📞 1365


⚡️Ағайин-туўғанлар бирге ислеўге болатуғын мәмлекетлик шөлкемлер дизими тастыйықланды

Министрлер Кабинетиниң 14.11.2024-жылдағы 758-санлы қарары менен Ағайин-туўысқанлардың бирге ислеўин шеклеў ҳаққындағы қағыйдалар қолланылмайтуғын мәмлекетлик шөлкемлердиң дизими тастыйықланған.

☝️Бул дизим Ҳүкиметтиң алдынғы 133-санлы қарарына қарағанда парқы бар.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


🆘 DÍQQAT JUMÍSQA SHAQÍRÍP QALAMÍZ🆘
"idea" Xojaliq texnika hám elektronika dúkanlar tarmaǵı⚡️
📌Nókis, Qońırat📌
filiallarına jumısqa shaqırıp qalamız!!!

Bos jumıs orınları:
🔴Satıwshı-máslahátshi;
🔴Shártnama Menedjeri
🔴Sawda agenti;

Jumıs tártibi:
🔴 5 jumıs kúni hám 2 kún dem alıs
🔴 Jumıs waqtı saat 09:00 den 20:00 ge shekem

❗️Talab etiledi:📌
❗️18 jastan 30 jasqa shekem
✔️Sawdag'a qizig'iwshiliq
✔️Kompyuterdi biliwi
✔️Soylesiw madeniyatina iye boliw

Kompaniya tárepinen:
➡️ Ózbekstan Respublikası Miynet kodeksine tiykarlanıp nızamli túrde jumısqa qabıl etemiz;
➡️ Miynet haqı waqtında beriledi;
➡️ Miynet dem alısı;
➡️ Kepillengen mártebe ósiwi direktorǵa shekem;
➡️ Miynet haqı:
Satıwshı - 1,5 млн - 10 млн
Menedjer - 1,5 млн - 4 млн
➡️ Qosımsha bonuslar;

❌ Oqıytuǵın studentler qabıl etilmeydi.

➡️ @idea_jbot házir-aq arza qaldırıń! 🔥
(Jumıs orınları sheklengen)
📱Telefon: +998 77 372 67 69


⚡️Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босатыўға ҳақылы?

❗️Мийнет кодексиниң 161-статьясына муўапық, баслық (жумыс бериўши) төмендеги жағдайларда хызметкерди жумыстан босатыўға ҳақылы:

🔸 кәрхана жабылғанда (сапластырылғанда);

🔸 штатлар қысқарғанда;

🔸 хызметкердиң маманлығы ийелеп турған лаўазымына муўапық болмаса (мысалы, аттестациядан өткерилгенде билими ҳәм тәжирийбеси жетерли емес деп табылғанда);

🔸 хызметкер өзиниң миннетлемелерин турақлы түрде бузғанда (яғный хызметкер бир жылдың ишинде кеминде еки мәрте тәртип-интизамды бузғанда);

🔸 хызметкер өзиниң миннетлемелерин бир мәрте қопал түрде бузғанда (бундай жағдайлар кәрхананың ишки ҳүжжетлеринде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленеди);

🔸 усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда белгиленген басқа себеплер (тийкарлар) келип шыққанда.

☝️Штат қысқарғанда ямаса хызметкердиң маманлығы ийелеп турған лаўазымына муўапық болмағанда жумыс бериўши хызметкерге оның қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық келетуғын басқа бос лаўазымды усыныс етиўи шәрт.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Әжайип жаңалық! Қарақалпақ сегментинде саяхатқа байланыслы канал ашылыпты!

YouTube'тағы Qara shay атлы бул каналда сиз саяхат етиў мүмкин болған ең сулыў жерлерди көриўиңиз мүмкин. Жойбардың биринши санында Нөкис қаласы көрсетилген екен.
Бизди қызық нәрселер күтип турғанға қусайды.
✨Төмендеги силтеме арқалы толық видеоны тамаша етиң!

https://www.youtube.com/watch?v=9oGkb36Avkc&feature=youtu.be


⚡️1-сентябрден баслап айырым бағша директорларына ҳәр айда 30% қосымша үстеме төленеди

Ҳүкиметтиң 27.08.2024-жылдағы 531-санлы қарарына тийкар:

🖥 2025-жыл 1-январдан баслап Маманлықты арттырыў институтында мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемлер (бағшалар) директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсында оқытыў ҳәм оларға арнаўлы портал арқалы менеджерлик сертификатын электрон формада бериў системасы иске түсириледи;

💰2025-жыл 1-сентябрден баслап менеджерлик сертификатына ийе болған бағша директорына усы сертификаттың әмел етиў мүддети даўамында лаўазым айлығына ҳәр айлық 30% қосымша үстеме төленеди;

💼 Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары тәрепинен менеджерлик сертификатына ийе болған талабанлар арасынан бағша директоры лаўазымына талабанлар резерви қәлиплестириледи.

☝️Бунда бағша директоры вакант лаўазымларына тек ғана менеджерлик сертификаты бар ҳәм усы резервте турған талабанлар арасынан тайынланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Шет тили муғаллимлери дыққатына!

❗️Министрлер Кабинетиниң 19.05.2021-жылдағы қарарына муўапық, 2025/2026-оқыў жылына шекем улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған барлық шет тили муғаллимлери кеминде B2 дәрежесиндеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы керек.

☝️Сонлықтан, барлық мектеплер, техникумлар ҳәм колледжлердиң шет тилинен сабақ беретуғын муғаллимлери 2025/2026-оқыў жылына шекем шет тилинен B2 дәрежесиндеги сертификат алыўы шәрт.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


❗️Tek 1 kún! 31-yanvar idea'da "Zor Bahalar"

🔥 43" Ssmart TV - 2 999 000 sum yamasa 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔥 Loretto 6kg- 2 999 000 sum yamasa 249 917 sumnan 12 ayǵa*

😎 Baslanǵısh tólem - JOQ
😎 Artıqsha % ler - JOQ

* Zor bahadaǵı texnikalar bársheńizge nesip etsin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


Айлық муғдарлары_01_10_2024.pdf
155.5Кб
⚡️Мектеп ҳәм бағшалардың хызметкерлериниң айлықлары муғдарлары

Ҳәзирги күнде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша базалық тариф ставкалары муғдарлары.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Әзиз ўатанласлар!

✅ «Жыл мектеби–2024»
таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.

🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 29-январь саат 19:00 жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.

1. 19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 9702;
2. 35-санлы мектеп (Хожели) – 9594;
3. 27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 6344;
4. 2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 5913;
5. 21-санлы мектеп (Қараөзек) – 4077;
6. 4-санлы мектеп (Мойнақ) – 2690;
7. 14-санлы мектеп (Шымбай) – 2617;
8. 12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2322;
9. 2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2216;
10. 36 ИДУМ (Шымбай) – 2126;
11. 31-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1718;
12. 37-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1663;
13. 23-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1600;
14. 1-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1486;
15. 26-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1380;
16. 3-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1316;
17. 19-санлы мектеп (Кегейли) – 1308;
18. 11-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 1115;
19. 38-санлы мектеп (Шымбай) – 1040;
20. 24-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 939.

☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Компьютер, проектор ҳ.т.б.) бериледи. Таңлаў 2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.

Мектепке даўыс бериў


⚡️Қысқартырылған жумыс ўақты белгиленген хызметкерлер дизими тастыйықланды

☝️Бул хызметкерлер басқаларға қарағанда азырақ ўақыт ислейди бирақ айлығы азаймайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


✅ “Еркектиң күшин даўысына қарап баҳалайтуғын болсақ, онда ешек ең күшлиси болады.

Ҳаялдың сулыўлығын оның қаншелли ашық кийиниўине қарап баҳалайтуғын болсақ, онда маймыл ең сулыўы болады”.

З.Очилдиев

☝️Сонлықтан адамға баҳа оның сыртқы көринисине, көп/қатты сөйлегенине қарап емес, пикирлеўине ҳәм тыңлап билиўине қарап бериледи.


🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Енди бағшалардың хызметкерлери де министрлик фондынан хошаметленеди

Президенттиң Пәрманына тийкар, 2025-жыл январдан баслап:

✔️мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи;

✔️республиканың барлық район (қала) ларында кеминде биреўден таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы жолға қойылады;

✔️барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәжирийбе арттырыўдың "Методикалық шеберлик сааты," таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде болса "Методикалық шеберлик күни" сыяқлы формалары басқышпа-басқыш енгизиледи;

✔️тренер ретинде жумыс алып барып атырган директор орынбасарларына лаўазым мийнет ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди.

💰Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң қоры есабынан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң басшы ҳәм педагог кадрларын да хошаметлеўге руқсат бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


🙂 😀😁😂☺️🙂

🤯 O'zbekistooon! Aksiyani zo'ri — texnomart*da 0-0-6!


FAQAT 2 KUN, 30-31-yanvar! Boshiga 1 so'm ham olmaymiz, texnikani o'z narxini 6 oyga bo'liib-bo'lib to'layverasiz!

***

🤯 Узбекистааан! Долгожданная акция — 0-0-6 в texnomart*!

ТОЛЬКО 2 ДНЯ, 30-31 января! Без никакой предоплаты и процентов, покупайте в рассрочку на 6 месяцев!

71-209-99-44
texnomart.uz

👇Obuna bo'ling: @texnomart


⚡️Жумыссыз пуқаралар қанша муғдарда алимент төлейди?

Шаңарақ кодексиниң 140-статьясына бола, егер алимент төлеўши усы дәўирде ислемеген болса ямаса оның ис ҳақы ҳәм (яки) дәраматын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ болса, алимент қарызы өндирилип атырған ўақытта Өзбекстандағы орташа айлық ис ҳақы муғдары бойынша есаплап шығарылады.

☝️Яғный, алимент төлеўши ҳеш жерде рәсмий (приказной) ислеп атырған болмаса ямаса ҳүжжетсиз ислеп жүрген, бирақ дәраматының анық есабын шығарыў имканы болмаса (мысалы, фирма ашпастан үй-жай «ремонты» менен шуғылланып жүрген пуқара айлығын нақ пулда алса оның есабын анықлаў имканы болмайды), оның төлейтуғын алимент муғдары Өзбекстандағы орташа айлықтан келип шығып есапланады.

📈 Статистика агентлигиниң мағлыўматына қарағанда, Өзбекстанда орташа айлық муғдары көтерилген болып, бүгинги күнде ол 5 357 200 сумды қурайды.

❗️Демек бүгинги күнде жумыссыз пуқара өзиниң перзентлери ушын ҳәр айда төмендеги муғдарларда алимент төлейди:

🔸бир бала ушын — 1 346 798 сум;
🔸еки бала ушын — 1 795 731 сум;
🔸үш ҳәм оннан артық балалар ушын — 2 693 597 сумнан кем болмаған муғдарда.

🧮 Егер пуқараның жумысы болып, турақлы дәраматы (айлығы) болса, ол мына калькулятор арқалы төлейтуғын алимент муғдарын анықлап алыўға болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

Показано 19 последних публикаций.