ЮНЕСКОның қобыз саз әспабына арналған нәўбеттеги семинары шөлкемлестирилди
Усы жылдың 12-13-декабрь күнлери пайтахтымыз Нөкис қаласында ЮНЕСКО халықаралық шөлкеминиң “Қобыз ҳәм Жыраў дәстүрлерин асыраў: Материаллық емес мәдений мийрасты билимлендириў ситемасына интеграция етиў” темасында семинары өткерилди.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы ҳәмде Мәденият министрлигиниң қоллап-қуўатлаўында шөлкемлестирилген болып, онда мәмлекетлик басқарыў органларының ўәкиллери, бақсы ҳәм жыраўлар, қобыз әспабын таярлаўшы усталар ҳәмде педагог-оқытыўшылар қатнасты.
Семинардың мақсети педагоглар арасында бул мийрасты үгит-нәсият етиў арқалы мәдений өзлигимизди беккемлеў, дөретиўшиликти раўажландырыў ҳәм әўладлар арасындағы байланысты күшейтиўден ибәрат.
Еки күнлик илаж даўамында материяллық емес мәдений мийрас жөнелислери ҳаққында лекциялар, қобыз ҳәм жыраўшылық дәстүрине бағышланған ҳүжжетли фильминиң презентациясы ҳәм оның додаланыўы, сондай-ақ, сертификат тапсырыў мәресими өткерилди.
👉 t.me/turizm_kr