Саламатлық ушын 🩺


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Медицина


ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ
❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.
📝Реклама ушын➡ @bayIanis_ushin

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Медицина
Статистика
Фильтр публикаций


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
103 ─ «Тез медициналық жәрдем хызмети» төлемли ме?

Ҳәзирги ўақытта халық арасында «Тез медициналық жәрдем хызмети» төлемли болған екен деген жалған хабарлар тарқалмақта.

Ҳүрметли пуқаралар! Бул жалған хабарға исенбеўиңизди сораймыз.

«Тез медициналық жәрдем хызмети» ҳәр күни 24 саат даўамында бийпул хызмет көрсетеди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


🍫 Шоколад тис ушын зыян емес, керисинше ол кариес раўажланыўының алдын алады.

Туўры, гәп таза ашшы шоколад ҳаққында кетип атыр, сүтли шоколад ҳаққында емес.

Күнделикли турмысымызда ушрасатуғын шоколадлар сүтли шоколадлар болып есапланады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Таңғы тилек


💐 Аллаҳ таала жүзимизди жарық;

💐
Қәлбимизди кең;

💐
Қәдиримизди бәлент;

💐
Сөзимизди жоқары;

💐 Ул-қызларымызды әдиўли перзент;

💐
Қарызларымызды жоқ;

💐
Ырысқымызды кең;

💐
Күнимизди берекетли қылсын!

БҮГИНГИ КҮНИҢИЗ МАЗМУНЛЫ ӨТСИН, АЎЫРМАҢ.
     
🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy


Кесек жеў ҳәм керосин ийисиниң унаўы неден дерек береди?

💥Бул белгилердиң ҳәммеси организмде микро ҳәм макро элементлер жетиспеўшилигинен дерек береди.

💥Темир жетиспеўшилиги кемқанлығында бензин, керосин ийисин унатыў келип шығады.

💥Кальций ҳәм темир жетиспеўшилигинде кесек жеўди қәлеў келип шығады. Әсиресе,  ҳәмиледарларда бул ҳалат анық жүзеге шығады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


🍌БАНАН КӨПЛЕГЕН КЕСЕЛЛИКЛЕРГЕ ЕМ

✔️ Банан жумыстағы аўыр күннен кейин күшти максимал дәрежеде тиклейди, кеўилди көтереди ҳәм ҳәттеки, терең ҳәм тыныш уйқыны тәмийинлейди.

✔️ Банан қурамына B, E группасының әҳмийетли витаминлери, микро ҳәм макро элементлер, талшықлар, сондай-ақ, С витамининиң күнлик дозасы киреди.

✔️ Оны арқайын тәбиий антидепрессант деп атаў мүмкин. Күнине 1-2 банан жеў түскинликке түсиўге жол бермейди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


✅ Ҳәр күни сүт ишиўге 10 себеп:

1. Тислер ҳәм сүйеклерди беккемлейди (Са ға бай);
2. Иммунитетти көтереди (Д витаминине ҳәм тәбийий антиденелерге байлығы себеп);
3. Кейпиятты көтереди (Д витамини бахт гормоны синтезинде қатнасады);
4. Рак раўажланыў қәўипин кемейтеди (Д витамин);
5. Жүрек ҳәм қан тамырларды беккемлейди (Калийге бай);
6. Булшық етлердиң өсиўи ушын зәрүр болған белокларды сақлайды;
7. Уйқыны жақсылайды
(мелатонин синтезин күшейтеди);
8. Терини жақсылайды (А ҳәм Е витаминлерине бай);
9. Қәўипсиз ҳәм ҳәммебап;
10. Егер сүтке пал қосып ишилсе, аязлаўдың алдын алады ҳәм емлейди


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Егер ҳәр куни Кока кола ишсеңиз не болады?

Қәнийгелердиң пикрине қарағанда, дерлик пүткиллей зыянлы синтетикалық элементлерден қуралған Кока-коланы ҳәр күни ишсеңиз системалардың бузылыўына алып келеди.

1. Семизлик.
2. Лейкемия.
3. Аяқ-қолдың исип кетиўи, булшық етлердиң күшсизлиги.
4. Он еки бармақлы ишектиң жарасы.
5. Қантлы диабет.
6. Психиканиң бөлеклениўи, депрессив жағдай.
7. Морт сүйеклер.
8. Тислердиң унырап сыныўы.
9. Нерв системасының бузылыўы.
10. Гастрит


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Стресс пенен гүресиўдиң 5 усылы.

☀️Бахыт гормонын ислеп шығарың. Спорт тәбийий аўырыў қалдыратуғын ҳәм ойын-күлки гормоны ендорфинди ислеп шығарыўды күшейттиреди.

🪴 Ёга менен шуғылланың. Бул аўырыўды басқарыўға ҳәм денедеги физиологиялық процесслерди тәртипке салыўға жәрдем береди: иммунитет, қан айланыў, ассиңириў ҳәм ендокрин система.

🫐 Өз диетаңызды гүзетип барың. Мазалы затлар ҳәм тазаланған углеводлар қанда қант муғдарының кескин көтерилиўине ҳәм түсиўине алып келеди, бул болса кейпиятыңыздың өзгериўине себепши болады.

🥦Рациондағы магний. Буларға көк шөп, лобия, суў отлары, ғозалар, туқымлар ҳәм органикалық тофу киреди. Магний денеге стресс менен гүресиўге жәрдем береди ҳәм тынышландырады.

🍣 Б витаминин көбирек алың. Ол кейпиятты жақсылайды. Бул витамин теңиз лосослары, органикалық гөш, чечевица ҳәм мәйеклерде бар.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Майды еритиў ушын шынығыў - биринши ҳәптеде нәтийжесин көриў ушын күнине 5-10 минут ислесеңиз соның өзи жеткиликли!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


📚Қанша көп жығылсаңда әўметсизбен демең,
себеби қәтелериң жеңилисиңде билинеди ҳәм алға қәдем таслаўыңа түртки болады.

📚Жаңалық жаратыўдан қорқпаң, егер адым атпасаңыз орныңызда тура бересиз.

📚Егер сиз жүриўди үйрене басласаңыз, жуўырыўға талпынасыз.

📚Егер жуўырыўды билип алсаңыз, ушыў ҳаққында ойлайсыз.

📚 Кимниң жетискенлиги көп болса билиң, ол басқалардың кемшилигин айтыўға ўақтын сарпламаған.

✍️Бәрше дүньяны өзгертириўге ҳәрекет етеди, бирақ ҳеш ким өзин өзгертиў ҳаққында ойламайды.


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Қуўатыңызды асырмақшысызба?
Ишеклерди тазалаң!


✅1 дана мәйек ақуўызын ажратып, оған 1 шай қасық зайтун майын қосып араластырылады. Азанда аўқатланыўдан 30 минут алдын қабыл етиледи. Бул ўақыт аралығында майлы нәрселер жеў мүмкин емес.

✅Емлик курс 10 күн даўамында исленеди.
Бул араласпа иммунитетти көтерип қоймастан, ишекти тазалап, организмди беккемлейди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
✅ Аяқларыңыз тез-тез яки даўамлы аўырып атырма? Бул машқаладан қутылыў аңсат.

Видеодағы рецептти қоллаң!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өз денсаўлығыңыз өз қолыңызда!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Кишмиш ҳәм пал жәрдеминде, денеңизди дузлардан тазалаң...

👉РЕЦЕПТ ҲӘМ ҚОЛЛАЎ УСЫЛЫ:

➖Организмди дуздан тазалаў ушын азанда аш қарынға бир қысым кишмиш жеў керек, кейин 2 саат даўамында ҳеш нәрсе жемейсиз.
➖ Ертеңине азанда бир ас қасық пал жең ҳәм және 2 саат аўқатланбаў керек.
➖ Пал ҳәм кишмишти таўсылғанша усылай алмастырып жеп турасыз.
➖Бир курс ушын, сиз 1 килограмм пал ҳәм кишмиш алыўыңыз керек.
➖Бул әпиўайы рецепт, буўын аўырыўларында емлейди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
ОРГАНИЗМГЕ ВИТАМИНЛЕР ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИН ҚАЛАЙ БИЛИЎ МҮМКИН?

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Баўыр - темир (Fe) ҳәм В топар витаминлер қоры.

Баўыр жеў арқалы В топарына кириўши бәрше витаминлердиң жетерлише дозасына ийе болыў мүмкин.

100 гр қуўырылған яки қайнатылға баўырда:
• B2 (riboflavin) — 200%;
• B3  (niatsin) – 90%; 
• B5 (pantoten kislotasi) – 70%; 
• B6 (piridoksin) – 50%; 
• B7 (biotin) – 130%; 
• B9 (folat kislotasi) – 65%; 
• B12 (kobalamin) – 1200%. 

Берилген пайызлар күнлик талапты аңлатады.

❗️Айтпақшы, баўырды писириўден алдын оның тоқымасын орап турыўшы жуқа қабығын алып таслаў керек. Бул қабық ишеклерде сиңбейди ҳәм өзинде баўыр токсинларын сақлайды.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Акмарал Жумабай кызы:
ДЕН-САЎЛЫҚ

Аўырмаса адам деген нар екен,
Ден-саўлығың жанып турған шам екен,
Бүгининде мен барлығын аңладым,
Кай жериң аўырса сол жер жан екен.

Аўырғанда адам жаны пал екен,
Ден-саўлық бул баҳасы жоқ шай екен,
Басымнан өткерип аңладым бәрин,
Қай жериң аўырса сол жер жан екен.

Ден-саўлықсыз кең дүньяда тар екен,
Ден-саўлықсыз аяқ қолың шал екен,
Аңлап жеттим ден саўлықтың қәдирин,
Қай жериң аўырса сол жер жан екен.

Ден-саўлығың болса кеўил тоқ екен,
Ден-саўлық бул жанып турған шоқ екен,
Ден-саўлықтың қәдирине жетейик,
Қай жериң аўырса сол жер жан екен.


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


❗️Балаларга шай бериўге болмайды

✅ Балаға шай бериў мүмкин емес. Себеби шай аўқат ўақтында яки оннан соң дәрриў ишилсе, сорылатуғын темир элементиниң муғдары әдеўир кемейеди. Таза, қайнатылған суў, компот (аз муғдарда қант қосылған яки қантсыз), мийўе ҳәм басқада шербетлер шайдың орнын басыўшы жақсы ишимлик есапланады.

✅ Шайды аўқатланғаннан соң 30 минуттан кейин ишиўге болады.

❗️Шай ишеберетуғынларға жиберип қоямыз

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Пал ҳәм пиязды араластырыў иммунитет системаңызды 200% ке күшейтетуғынлығын биласизбе?

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin


АЛМА ЖЕЎ УШЫН 7 СЕБЕП:

1⃣ Алма Aльцгеймер кеселлигинен қорғайды.
2⃣ Алма рак кеселлигине қарсы әжайып профилактика.
3⃣ Алма жоқары холестерин муғдарының алдын алыў ушын пайдалы.
4⃣ Алма жүрек ҳәм қан тамырлар ушын пайдалы.
5⃣ Алма қантлы диабеттен қорғайды.
6⃣ Алма азыўға жәрдем береди.
7⃣ Аўқаттан кейин алма (әсиресе, углеводлар) тислерди кариестен қорғайды.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin

Показано 20 последних публикаций.