ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ Қәдирли Ўатанласлар! Әзиз дослар! Көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үлкен үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршемизди және де уллы дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған Жаңа жыл елимизге өзиниң қутлы қәдемин қоймақта.
Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде гүллән халқымызды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, татыўлық, қут-берекет ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеймен.
Жуўмақланып атырған жыл өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалмақта.
Себеби, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде изде қалып баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм табысларға толы жыл болғанлығын терең аңлаймыз.
Әсиресе, елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта.
Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады.
Ең әҳмийетлиси, өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўда, мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўда, тараўларды раўажландырыўда ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатуғын ҳүжжетлерден болып табылады.
Толық оқыўА.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube