Репост из: XALÍQ USHÍN ⚖️
❗️Өзбасымша қурылған жайларына (имаратларына) кадастр ҳүжжетин алыўды қәлеўши пуқаралар дыққатына!
«Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмалардың ҳуқықларын тән алыў ҳаққында»ғы Нызам күшине киргенинен бери өзбасымша ийелеп алынып, турақ жай яки басқа имарат қурылған жер участкаларын анықлаў ушын хатлаў жумыслары алып барылмақта.
Усы процесте пуқаралар өзлериниң имаратларын базаға киргизип қалыўы жүдә әхмийетли. Себеби ҳәр мәкан реже график бойынша хатлаўдан өткериледи.
Егер графикте көрсетилген ўақытта пуқаралар үйинде болмай яки басқа себеплерге көре хатлаўдан өтпей қалса, ол имаратына мүлк ҳуқықын алалмай қалыуы мүмкин.
Жоқарыдағы сүўретлерде Нөкис қаласында 2025-жылы ҳатлаўдан өткерилетуғын мәканлардың дизими көрсетилген.
Басқа районлардың хатлаў графиклерин мына силтеме арқалы билип алыўыңыз мүмкин: https://kadastr.uz/uz/etirof-etish-reja-jadvali
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!