Өмир сабақлары.☘


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.
Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий
🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций




Кеўил бир гөззал бағ, тәрбия етип,
Татлы мийўесин жеп аралаў мүмкин,
Бир жыллы жүз бенен ўақтын хош етип,
Бир жаман сөз бенен жаралаў мүмкин,
Гүлленсин деп инсан кеўлиниң бағы,
Бағман гүл етеди тәңирге жазып,
Гүлди женшип кетер малдың туяғы..
Ал адам кеўли гүлден де нәзик...


@omir_sabaqlari

2k 1 17 5 25

@omir_sabaqlari

Бир бай ғаррының жатақханасында беккем сейф бар болып, уллары оның байлығы үстинде жүдә көп тартысар екен. Перзентлери оннан қызығып, сейфте не бар екенин сорағанда, "Пүткил өмир бойы ислеп тапқаным", деп жуўап берер екен.

Ғаррының уллары ол жоқ ўақтында сейфти ашпақшы болыпты. Олар узақ урынып сейфти ашыпты. Оның ишинде болса тек бир ғана кепинлик бар болып, сондай жазылған екен:
" Адамзат бир өмир ислеп, тапқаны сол болады. Сизлер болса нениң артынан қуўып жүрсизлер!? "

Соннан кейин уллар еткен ислеринен пушайман болып, бир-бири менен татыў жасай баслапты.

П. С.: Биз-ше, баҳасы бир кепинлик болған бул дүньяда нениң ғамында жүрмиз!?


@omir_sabaqlari

Өзиңизге болған исенимди сындырыўға урынып атырғанлардан жырақлаў болың. Бул майда адамларға тән болған пәзыйлетдур.
Адамгершиликли инсан болса, қайта, сиз де уллы ҳәм жоқары мәртебели инсан бола алыўыңыз сезимин кеўлиңизге сиңиреди.

©Марк Твен


@omir_sabaqlari

АДАМЛАРҒА ИСЕНЕСИЗ БЕ?

Сәўбетлеске болған исенимсизлик адамның сөзлеринен, көз қарасларынан сезилип турады. Буны сезген сәўбетлесиңиз де тезлик пенен мәмилени өзгертиўи мүмкин.
Ал, нәтийже-ше? Ақыбетте ортадағы мунасәбетлерге зыян жетеди.
Келиң, сизде бул тест жәрдеминде басқаларға салыстырғанда исенимиңиз қайсы дәрежеде екенин тексерип көриң.

1. Адамлар көбинесе басқа нәрсени сөйлейди, әмелде басқаша жумыс жүргизеди.
Сол распа?


А) Аўа, бул әжайып! (2 балл)
Б) Болып турады (1 балл)
в) Болыўы мүмкин емес (0 балл)

2. Күнлердиң биринде жақын достыңыз сизди алдап атырғанын сезсеңиз:

А) Билмесликке аламан (0 балл)
Б) Алдап жүргенин әшкара етемен
(1 балл)
в) Маған бул жумысы унамаса-да, артық алдамаўын өтиниш етип отырмайман (2 балл)

3. Көпшилик қандай қыйын болса -да, тек ҳақыйқатты сөйлеўди мақул көреме?

А) Өтирик гәптен не пайда (0 балл)
Б) Бир нәрсе дей алмайман (1 балл)
в) Ҳақыйқат бәрибир өмирде кемирек болса керек (2 балл)

4. Ҳәр қандай тараўда шерикликке таярсыз ба?

А) Аўа, маған бул нәрсе йош береди
(0 балл)
Б) Мудамы емес (1 балл)
в) Жоқ, маған ҳеш ким кесент бермесе деймен (2 балл)

5. Сиз басқалардың аўырын жеңиллестириўден өзиңизди тыя аласызба?

А) Буны тек өзим билемен (2 балл)
Б) Гейде болып турады (1 балл)
в) Ҳәр кимниң турмысқа өз қараслары бар (0 балл)

6. Өкинишлиси, тез-тез сондай ўақыялар болып турады, жақын досларыңыз сыртыңыздан турып сизди ғыйбат етеди.

А) Буны көп ўақыттан берли сеземен (2 балл)
Б) Болыўы мүмкин (1 балл)
в) Жоқ, мен досларыма исенемен
(0 балл)

7. Қашандур жақын достыңыз сизге буйрық бере басласа, қандай жол тутасыз?

А) Биле-тура керисин ислеймен
(2 балл)
Б) Ҳәртүрли жол тутаман (1 балл )
в) Айтысып отырмайман (0 балл )

8. Егер кимгедур сын пикир айтсаңыз, ол сол себепли туўры жолға түсип алса ҳәм сизиң сын пикириңиз жуўапсыз қалып кетсе:

А) Еслетип отырмайман (0 балл )
Б) Бир нәрсе дей алмайман (1 балл)
в) Тағы қайтадан еслетип көремен
(2 балл)

9. Адамлар гейде өзлерин жүдә биртүрли әжептәўир тутады ҳәм ақыбетте қәтелерге жол қояды.
Сондай болған ўақытта сиз қандай жол тутасыз?


А) Биреўлердиң қәтелеринен жуўмақ шығараман (0 балл)
Б) Түрлише жолларды излеймен
(1 балл)
в) Олардың жумысларына араласпайман (2 балл)

10. Кеўилсиз жағдай жүзеге келген ўақытта, кимдур сизиң ашыўыңызға тийсе :

А) Оны тынышландырыўға урынаман (0 балл)
Б) Не ислеўди билмес едим
(1 балл)
в) Бул мениң де ашыўымды келтиреди (2 балл)


#НӘТИЙЖЕЛЕР:

0—6 балл.
Сиз исенимшил, ашық ҳәм қызғаншақлық нелигин билмейтуғын адамсыз. Адамлар менен тез тил табысып кете аласыз. Жағымсыз ўақыяларды, қапашылықларды тез умытасыз.

7—14 балл.
Ҳәрдайымда басқаларға исенип кете бермейсиз. Егер өтирикшилигин билип қалсаңыз, сол адам менен шериклик етиўден тезлик пенен бас тартасыз. Гейде узақ ўақыт кек сақлап журетуғын әдетиңиз де жоқ емес.

15—20 балл.
Сиз адам тек өзине исениўи керек деп есаплайсыз. Тек жалғыз өзиңиз ислеўди, дем алысты мақул көресиз. Кимдур сизге жақпаса, келиспейтуғын ҳәрекетлери менен ашыўыңызды келтирсе, сол жағдайды узақ ўақыт көз алдыңыздан кетире алмай қыйналып жүресиз. Сизди басқалардың мәплери, қызығыўшылықлары, арзыў-үмитлери ҳәм әрманлары улыўма қызықтырмайды. Тек өзиңиз ҳаққыңызда ойлайсыз, қайғырасыз ҳәм сол турмысты бир өмирге өзиңиз ушын уран етип алдыңыз.
@omir_sabaqlari


Кеўилдиң әҳмийети ҳәм оны табыўдың қыйынлығы.. Кеўилсизликлер адамларды қырғын қылып жиберетуғын қураллардан да күшли ҳәм қорқынышлы....


@omir_sabaqlari


@omir_sabaqlari

АДАМЛАРҒА ИСЕНЕСИЗ БЕ?

Сәўбетлеске болған исенимсизлик адамның сөзлеринен, көз қарасларынан сезилип турады. Буны сезген сәўбетлесиңиз де тезлик пенен мәмилени өзгертиўи мүмкин.
Ал, нәтийже-ше? Ақыбетте ортадағы мунасәбетлерге зыян жетеди.
Келиң, сизде бул тест жәрдеминде басқаларға салыстырғанда исенимиңиз қайсы дәрежеде екенин тексерип көриң.

1. Адамлар көбинесе басқа нәрсени сөйлейди, әмелде басқаша жумыс жүргизеди.
Сол распа?


А) Аўа, бул әжайып! (2 балл)
Б) Болып турады (1 балл)
в) Болыўы мүмкин емес (0 балл)

2. Күнлердиң биринде жақын достыңыз сизди алдап атырғанын сезсеңиз:

А) Билмесликке аламан (0 балл)
Б) Алдап жүргенин әшкара етемен
(1 балл)
в) Маған бул жумысы унамаса-да, артық алдамаўын өтиниш етип отырмайман (2 балл)

3. Көпшилик қандай қыйын болса -да, тек ҳақыйқатты сөйлеўди мақул көреме?

А) Өтирик гәптен не пайда (0 балл)
Б) Бир нәрсе дей алмайман (1 балл)
в) Ҳақыйқат бәрибир өмирде кемирек болса керек (2 балл)

4. Ҳәр қандай тараўда шерикликке таярсыз ба?

А) Аўа, маған бул нәрсе йош береди
(0 балл)
Б) Мудамы емес (1 балл)
в) Жоқ, маған ҳеш ким кесент бермесе деймен (2 балл)

5. Сиз басқалардың аўырын жеңиллестириўден өзиңизди тыя аласызба?

А) Буны тек өзим билемен (2 балл)
Б) Гейде болып турады (1 балл)
в) Ҳәр кимниң турмысқа өз қараслары бар (0 балл)

6. Өкинишлиси, тез-тез сондай ўақыялар болып турады, жақын досларыңыз сыртыңыздан турып сизди ғыйбат етеди.

А) Буны көп ўақыттан берли сеземен (2 балл)
Б) Болыўы мүмкин (1 балл)
в) Жоқ, мен досларыма исенемен
(0 балл)

7. Қашандур жақын достыңыз сизге буйрық бере басласа, қандай жол тутасыз?

А) Биле-тура керисин ислеймен
(2 балл)
Б) Ҳәртүрли жол тутаман (1 балл )
в) Айтысып отырмайман (0 балл )

8. Егер кимгедур сын пикир айтсаңыз, ол сол себепли туўры жолға түсип алса ҳәм сизиң сын пикириңиз жуўапсыз қалып кетсе:

А) Еслетип отырмайман (0 балл )
Б) Бир нәрсе дей алмайман (1 балл)
в) Тағы қайтадан еслетип көремен
(2 балл)

9. Адамлар гейде өзлерин жүдә биртүрли әжептәўир тутады ҳәм ақыбетте қәтелерге жол қояды.
Сондай болған ўақытта сиз қандай жол тутасыз?


А) Биреўлердиң қәтелеринен жуўмақ шығараман (0 балл)
Б) Түрлише жолларды излеймен
(1 балл)
в) Олардың жумысларына араласпайман (2 балл)

10. Кеўилсиз жағдай жүзеге келген ўақытта, кимдур сизиң ашыўыңызға тийсе :

А) Оны тынышландырыўға урынаман (0 балл)
Б) Не ислеўди билмес едим
(1 балл)
в) Бул мениң де ашыўымды келтиреди (2 балл)

Топлаған балыңызды жазың

3.5k 0 20 10 31


4k 0 72 4 42

ОЗИНИЗДИ ТИНТИП, ТЕКСЕРИП КОРГЕНСИЗБЕ.....???

Тийкарында сиз озиңиз кимсиз, ҳәм қандай ҳакыйқатларыңыз барлығын озиңиз билесизбе?


@omir_sabaqlari


ПСИХОЛОГИК ФАКТ......?

Алымлардын айтыўынша инсан қанша уй жумыслары менен бәнт болса,....,
Тускинликтен -қайғыдан ,керексиз нарселерди ойлауғада ўақты болмас екен.


@omir_sabaqlari

4k 0 30 21 73

Адамлардың гәплери үлкен тасқа уқсайды.
Үстиңе артсаң белиң сынады.. Аяғыңның астына қойсаң бәлент боласаң...


@omir_sabaqlari




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🥰🥰😘😘😘
Ассалаўма әлейкум.
Кунди кеўилли баслаймыз,Аллаҳым ҳәммеге беккем ден саўлық шаңарақларға аманлық,жумысларымызға табыс берсин!
Күнлериңиз жақсы қуўанышлы хабарлаға толы болсын!


@omir_sabaqlari


#ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ_ТЕСТ

НОМЕР САЙЛАҢ.

Номерлер арқалы жағдайыңызға туўры жуўап алың, бул бир белги.

Зәрүрли бир қарар қабыллаўыңыз керекпе?
Қандайда бир истен қәўетерленесиз бе?

Онда номерлер сораўыңызға жуўап береди.

Дыққатыңызды жыйнап, ойыңызда жүрген сораўыңызды анық ойлап, суўреттен номер сайлаң!
Егер бирден 2 номерге көзиңиз түссе екеўин да таңлай бериң, еки жуўапта жағдайыңыздың жуўабы болады.

@omir_sabaqlari


#Ой_пикир

Жаздың соңғы күнлеринде бир себеплер менен Самарқандқа барып бир-еки күн болдым. Барған үйимиздиң бийкеси сондай жүзи ысық, тили шийрин екен тап өз туўысқанымыздың үйине келгендей болдым. Үйге киргеннен кишкене ғана бөпениң жағымлы ийиси мурныңа урады. Дәлизден өтип тар бөлме арқалы бизге төсек салып дастурхан жайып қойған жерге кирип отырдық. Кишкене ғана тар бөлмениң төринде бесикте қуўыршақтай миттәй ғана бөпе мыналар кимлер-әй дегендей көзи бақырайып бизлерге қарап жатыр. Негедур тиксинип кеттим. Нәрестеге қарамаўға тырыстым. Бизлерде сырттан бөтен адам келгенде нәрестени тасалар едик, көз тийип қалар дегендей. Шай-пай ишип, бой жазып үйренискеннен соң үй бийкесиниң қасында сөйлесип отырдым. Нәресте жыласа бесикти шайқап жубатты, аш болдыңба деп қутыдағы жасалма аўқатты қайнаған суўға араластырып ишкизип атыр. Бесиктен шешип алып астын тазалап бир майдан арқасын қағып еркелетип отырды. Анасы бир жерге кеткен шығар кешке шекем келер деген ой менен ол туўралы сорамадым. Арасында менде бесик шайқасып қарасқан болдым. Кеште тамағымызды жеп болғаннан соң және бирмайдан сөйлесип отырдық.
-Ҳаў бул батырдың мамасы қайда дедим ақыры шыдамай.
-Аяси билан дадаси Рассияга ишга кетган.
-Ийе бу жуда кишкинаку деппен.
-Икки хапталигида кеткан. Бир-икки кундан бу йигитча бир ойга толади-деп бөпениң мурнын қысып еркелетип қояды. Иккинчи қизимнинг уғли. Яхши иш чиқиб қолди, эри иккаласи кетти.
-Бирон нимага пул йиғияптими, уй олмоқчидур, балким-деймен еки ҳәптелик гөдекти таслап кеткендей пулға жүдә зәриў болған шығар деген ой менен.
-Туртхоналик уй олди, энди ишини тулдироман дейди, яхшироқ топсак яна уй олиб квартирага берип қоямиз дейди, ээ буларнинг орзу-хаваслари хеш тугамайдида.

Аўзын тамсанып мәмме излеп атырған бөпениң аўзына емизиктиң ушын жыллы суўға бир батырып алып салдым. Тап анасын емип атырғандай қуры емизикти терлеп тепшип сорып уйықлап қалды.
Нәрестем-ай, усы қуры емизикке ылайықпедиң. Сени еки ҳәпте емизген болса, анаңның сүтиниң дәми таңлайыңда қалдымекен. Дунья-малдың изинен қуўып жүргенде перзентимизге деген меҳримизди жойтып қоймаймыз ба, дегим келди.

Белгили ырымшыл қәрекеңбизғо кетерде сүп-сүйкимли нәрестениң желкесине қайта-қайта көз тиймесин деп түпирип кеўлимди жайлағандай болдым.


П.с Мен жазыўшы яки журналист емеспен. Көргенимди қағазға түсирдим, тек. Кемшилиги болса елестирмейсизлер😊

@omir_sabaqlari

4.2k 0 16 10 108



Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🧐Тек 30% адам буның жуўабын таба алады.

СОРАЎ: Таўық қайсы кепка ишинде жасырынған?

4.5k 0 18 26 29

@omir_sabaqlari

#ЕГЕР

1⃣ Сипсени тикейтип қойса, қублаға қаратса;

2⃣ Қонақ кеткеннен кейин артынан сыпырылса;

3⃣ Ашшы бурыш, пыяз, сипсе сыяқлы затларды қолдан қолға берсе;

4⃣ Алдыңнан қара пышық кесип өтсе;

5⃣ Босағада көрисилсе ямаса отырса;

6⃣ Шеп қабақ тартса;

7⃣ Шеп алақан қышыса;

8⃣ Қораз биймезгил шақырса;

9⃣ Бир күнде еки келин түсирип еки келин бир ўақытта, бир дәрўазадан кирип барса;

🔟 Байыўлы шақырса;

1⃣1⃣ Пәтия етилип атырғанда дастурхан үстинде ашшы бурыш ямаса пышақ турған болса;

1⃣2⃣ Ҳәўлиге мәжнүнтал егилсе;

1⃣3⃣ Сапар айында той берилсе;

1⃣4⃣ Әнжир терегиниң отыны жағылса;

1⃣5⃣ Биреў тислеген затты жесе;

1⃣6⃣ Кеседеги шай таўсылмастан, үстине шай қуйылса...

НЕ БОЛАДЫ?

#ҲЕШ НӘРСЕ БОЛМАЙДЫ!

4.9k 0 49 3 118

Ҳәтте бир тал шашыңызға тийместен-ақ сизди жерге жығылта алатуғынлар бар..

@omir_sabaqlari

4.4k 0 14 10 53

Ҳеш бир нәрсе мәңгилик емес.
Күш-қуўатта, ден-саўлықта,
Ҳәттеки айбатта.

Мубашшир Аҳмад

@omir_sabaqlari

5.2k 0 60 10 68
Показано 20 последних публикаций.