Не ушын


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Познавательное


"Не ушын❓" сораўына
жаўап бериўши канал
💡Канал жөнелиси | Илим
📭Реклама | @ne_ushin_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Статистика
Фильтр публикаций


🌙 Рамазан календары 2025

❗️Ҳижрий-қамарий айлар айдың туўылыўына қарап 29 ямаса 30 күннен ибарат болады. Сонлықтан да Рамазан айының басланыўы да ай шығыўына байланыслы бир күнге парық қылыўы мүмкин.

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын телевизорда " Феррари" ди реклама қылмайды?

— Қысқаша етип айтатуғын болсақ Феррари алатуғын адамлар телевизор көрмейди. Олардың буған ўақыты да, қызығыўшылығы да жоқ.

— Басқаша етип айтқанда, маркетиңде мақсетли аудитория деген түсиник бар. Телевизор көретуғынлардың ҳәтте 1% да Ферраридиң мақсетли аудиториясы есапланбайды екен.

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын бильярд столларының көпшилигиниң материалы жасыл реңде болады?

Бильярд гольф ҳәм крикет ойынлары менен байланыслы. Соның ушын үрп-әдетлерге ҳүрмет есабында бильярд столларының көпшилигиниң материалы гольф ҳәм крикет майданындағы отлардың реңи менен бирдей  жасыл реңде болады екен.

Каналымыз | @ne_ushin


Не ушын артықша дуз қан басымын асырады?

✅Организмдеги артықша натрий қан тамырларында суўдың сақланып қалыўына жәрдем береди. Бул жүрек ҳәм қан тамырларындағы стрессти күшейтеди ҳәм ўақыт өтиўи менен қан басымының турақлы көтерилиўине алып келиўи мүмкин.

✅Соның менен бирге, артықша дуз инсан нерв системасын ҳәдден тыс асырып жибереди. Бул стимулятсия нәтийжесинде адреналин гормони ислеп шиғарылады, бул қан тамырларының қысылыўына ҳәм қан басымының асыўына алып келеди.

✅Дуз тутыныўын 20 процентке шеклеў қан басымы дәрежесин түсиреди.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


❓Не ушын аўқатланыў ўақтында телефоннан пайдаланыўға болмайды ?

✔️ Қолында смартфон менен аўқатланатуғын адамлар 15% көбирек калория сарыплайды ҳәм 10% майлы тамақларды әбзал көреди. Смартфон менен аўқатланыў ўақтында мий организмге қабыл етилетуғын калориялар муғдарын обиектив баҳалай алмайды.

✔️Смартфоннан пайдаланған ўақытта силекей ҳәм асқазандағы ас сиңириў ушын суйықлық керекли муғдарда ислеп шығарылмайды. Бул болса асқазан силекей қабатының исиўине алып келиўи ҳәм аўыр асқазан-ишек кеселликлерин келтирип шығарыўы мүмкин.

Каналымыз | @Ne_ushin


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Каналымыз | @ne_ushin_admin


Не ушын Chargoggagoggmanchauggagoggchaubunagungamaugg көли усылай аталған ?

- Усы көл Массачуссетс штатындағы Вебстер жақынында жайласқан. Оның аты хинду тилинен аудармаланғанда "Мен көл жағалауында балық услайман, сиз мениң жағалауымда балық услайман хәм ортада хешким балық усламайды " деген мәнисти береди екен.

-Бул көлдиң аты узын болғаны менен ол оншелли улкен емес. Бары- жоғы 6 кв км. Бирақ ол Массачуссетс штатындағы екинши орында туратуғын улкен душшы көл есапланады. Көлдиң ортасында бирқанша атаулар бар болып, олардың базыларында адамдар жасайды.

П.с: Ана көлдиң атын сизде өқымадыңызғо я ?

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын айырым ўақытларда ханаға не ушын киргенимизди умытып қаламыз ?

➖Сиз қандай да бир зат ушын басқа ханаға барасыз, бирақ есиктен өтиўиңиз бенен не ушын киргениңизди умытасыз. Бул ҳалат сизге таныс, солайма ?

➖ Бунын себеби төмендегише, бир ханадан екиншисине өтиўде инсан мийи əтираптағы орталық өзгериўи ҳəм жаңа ўақыяның баслаўына ийкемлеседи.

➖Себеби, ол қысқа мүддетли ядын жаңалайды ҳəм ески ўақыя ҳаққындағы ядларын өширип жибереди, ҳəтте сизге бул мағлыўмат керек болса да.

Биз бенен бирге болың😊!

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын қулаққа 👂 суў киргенде қулақ тазалағыш пенен тазалаў мүмкин емес ?

🚫Қулаққа суў кирген ўақытта дәрриў қулақ тазалағыш жәрдеминде тазалаў ҳаққында ойлаймыз. Бирақ, пахталы таяқша менен суўды қулақтың бир бөлегине жыйнап қойыўымыз мүмкин. Қулақ ишиндеги суўдың бир бөлегин тосыў арқалы қулақтағы еситиў каналының жолын тосып қойыўымыз мүмкин.

❗️Буннан тысқары, нәзик териге зиян жеткизиў арқалы қулақлар көбирек май ислеп шығарыўына себеп болады. Бул болса жағдайды еле де жаманластырады.

Каналымыз @Ne_ushin


Телеграм группа сатып аламан

2023 жыл
2022 жыл
2021 жыл
2020 жыл

Владелец (Egalik)сизде болыу қайтып откеред не ислеу керек барын Лич тусындиремен
✅Толем группа атырма отсе сразу таслап беремен
Канал алмайман❌ тек группа

@JASUR_QR отзыв гры содан отзыв корсеныз болады

Baylanıs @JASUR_GO

Реклама


❓Енергетикалық ишимликлер денеге қандай тәсир көрсетеди ?

🥤Енергетикалық ишимликлер нормасынан артық қабыл етилгенде қанда глюкоза муғдары көбейип кетеди. Қумшекердиң аўысық бөлеги майға айланады ҳәм инсулин организмде көбейип, қантлы диабетке алып келеди. Ең жаманы, адам бул ишимликке ериксиз байланып қалады.

🟣 Шыпакерлердиң ескертиўинше, бундай ишимликлер қысқа мүддетте организмге зыянлы тәсир көрсете баслайды. Бирақ, қурамында ортофосфат кислотасы бар болғанлығы ушын буны сезбейсиз.

☑️ Мысалы, 45 минуттан кейин дофамин ислеп шығарылыўы артып, бас мийде кеўил көтериў орайын қозғатады. 70-80 минуттан кейин реакция процесси басланып, организмде ҳәлсизлик жағдайлары жүзеге келеди.

❎ Соның менен бирге, енергетикалық ишимликлер нерв системасын истен шығарады. Руўхый кеселликлерге шалыныў қәўипи артады, адамларда басқыншылыққа мейилликти пайда етеди.

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын қолларымыз 💪 уйып қалады?

—Илимпазлар қол уйыўып қалыўының ең кең тарқалған себеби қолдың надурыс жағдайда қалыўы екенлигин анықлады.
—Ең қəўипли тəсир ретинде болса лəң (фалаж) тəн алынған. Оның белгилери (қол уйыўлары, пикир жəмленбеслиги , көриў қəбилети ҳəм координатсияның айныўы ) пайда болыўы менен екиленбей тез медициналық жəрдем шақырыў усыныс етиледи.

Биз бенен бирге болың 😊!

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын таңда ҳәм кеш киргенде "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи" деп айтыўымыз керек ?

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Ким таң атқанда ҳәм кеш киргенде "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи" деп 100 мәрте айтса, Қиямет күни оннан ҳеш бир адам абзал бола алмайды. Тек ғана оған уқсап (100 мәрте) айтса яки оннан көп айтса абзал болады», деди.

Зикирдиң мәниси: Аллаҳға ҳәмд айтыў менен Оны айып ҳәм нуқсаглардан пәклеп яд етемен.

Дерек © paziyletuz

Каналымыз | @ne_ushin


👀 Шаршаған көзлер ушын бес усылдағы пайдалы шынығыў.

1️⃣ Көзимизди ылажы болғанынша беккем жумып, терең дем аламыз. Мойын, жүз, бастың булшық етлерин тартамыз. Демимизди 2-3 секунд услап турамыз, кейин тез дем шығарылады. Дем шығарыўда көзлер үлкен ашылады. Бул усылды бес мәртеге шекем тәкирарлаймыз.

2️⃣Көзлеримизди жумып, маңлайымыз ҳәм көз бослығының төменги бөлимлерин домалақ ҳәрекетлер менен массаж ислеймиз.

3️⃣ Көзлеримизди жумып, қасларды бос етип ҳәм көзлеримизди шеп тәрептен оңға ҳәм оң тәрептен шепке айлантырамыз. Бул ҳәрекетти 10 рет тәкирарлаймыз.

4️⃣ Бас бармағымызды нәзерден 25-30 см аралыққа қойып, еки көз бенен бармақ ушына 3-5 секунд қараймыз, бир көзимизди 3-5 секунд жумамыз, кейин тағы еки көз менен қараймыз, жумамыз ҳәм тағы басқа көзимизди ашамыз. Бул шынығыў да 10 рет қайталанады.

5️⃣Бармақларымыздың ушы менен басымызды азғантай сығып, көзлеримизди он мәрте ашып-жумамыз. Терең дем алып шығарамыз. Бул шынығыў да 10 мәрте қайталанады.

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын математика жөнелиси бойынша Нобел сыйлығы жоқ?

Көпшилик адам Алфред Нобелдиң жақсы көрген кызы математик Госта Миттаг-Леффлерге турмысқа шыққан деп ойлайды. Сол себепли Алфред Нобел математиклерге ашыўы келген ҳәм сол жөнелис бойынша сыйлық берилмесин деп ўәсият еткен дейди. Бирақ бул пикир қәте.

Математика жөнелиси бойынша Нобел сыйлығы жоқлығының исенимли себеби бар. Алфред Нобел математикаға онша итибар бермеген ҳәм инсаниятқа пайда келтиретуғын әмелий пән деп есапламаған. Сол себепли математика жөнелиси бойынша Нобел сыйлығы жоқ.

Каналымыз | @ne_ushin


Assalawma aleykum hammege. Scam Hunter Usı kanalda moshennikler tuwrali barlıq mağliwmatlar bar, solarga aldanıp qalmas ushin qosılıp qoyın. Eger sizler moshennikke aldangan, yamasa sondaylardi biletin/korgen bolsanız usı kanal adminine xabarlasın.

Kanal : @scam_hunterx

Reklama


Не ушын грип болғанда төмендегилерге әмел етиўимиз керек?

ГРИПП ЕСИК ҚАҒЫП КЕЛГЕНДЕ...

1⃣ Жатып емлениўге ҳәрекет етиң. Грипптен тәўир болыў ушын жатып емлениўге әмел еткен мақул. Жумыста, оқыўда ямаса басқа да жумыслар менен бәнт болсаңыз грипп қолайсыз тәсирлерге себеп болады.

2⃣ Шыпакерге көриниң. Маман қәнийге кеселлик дәрежесин анық белгилеп береди, бул таўир болыўды тезлестиреди. Өзиңизше, «биреўлер»диң усынысы менен дәри ишпең. Грипптиң ерте басқышынан баслап қәнийге мәслаҳәти алынса ҳәм оған әмел етилсе, кеселликтен демде тәўир боласыз.

3⃣ Бөлмени самаллатып турың. Наўқас жатқан бөлмени тез-тез самаллатып турыў керек. Бул ҳаўада вируслар топланыўының алдын алады.

Каналымыз. @Ne_ushin


Не ушын аўқатланып болғаннан кейин уйқы тартады?

Неге бундай болыўына илимпазлар арасында 2 та тийкарғы қараў бар.

— Олардан бири, аўқаттан кейин қан мийден шығып, ас қазан ҳәм ишеклерге ағып шығыўы ҳәм мыий зәрүр болған кислород нормасын алмауы, бул болса бизң уйқы жағдайына алып келиўин айтып өтеди.

— Екиншиси, Британиялық илимпазлар тәрепинен ортаға тасланған қараў болып табылады. Олардың, анықлаўларынша, миймиз сергеклик ушын жуўапкер болған клеткаларды, кешки аўқаттан кейин өширип қойыўын анықлады. Сол себепли сергеклик ушын жуўапкер болған мыий клеткалары сигнал жибериўди тоқтады

Каналымыз @ne_ushin


❓Не ушын аяқларды шалыстырп отырыў қәўипли екенлигин билесизбе?

🟣Дизе астыннан еки үлкен артерия қан тамыры өтип, бул қан тамырлар аяқлардың төменги бөлеги ҳәм де табандағы миңлаған зәрүрли нерв талшықларын, булшық етлерди қан менен тәмийинлейди.

☑️ Егер бир аяқты екинши аяқ үстине қойғаныңызда, аяқтың дизе астындағы төменги тәрепи булшық ет ҳәм де нерв талшықларына жетерли азық елементлер жеткерилмей қалады.

❗️Бундай жағдай капилляр ҳәм де вена қан тамырларының варикоз кеңейиўин ҳәм көплеген басқа машқалаларди келтирип шығарады.

▶️ Егер исеним пайда етиўди қәлесеңиз, 40 жастан асқан ҳәм бундай жағдайда отырыўды әдет еткен инсанлар аяқларына итибар бериң ҳәм бундай машқалалардың белгилерин көресиз.

P.s/ Сизге болса бундай әдеттен ўаз кешиўиңизди усыныс етемиз.

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын Coca-Cola ишимлигине қосылатуғын затлар сыр сақланады?

2006-жылда Туркияда тарийхта биринши рет Coca-Cola ишимлиги бойынша суд болып өтти. Ишимликтиң сыртындағы қағазында фосфор кислотасы, кофеин, карамел, карбонат ангидрид кислотасы ҳәм қандай да бир қосымша (экстракт) да жазылған. Тап усы экстракт не екенлиги адамларды ойландырған еди. Судта компания сырын ашыўға мәжбүр болған ҳәм экстракт Sochineal (кошенил) жәнликтен алынатуғын суйықлық екенлиги тән алынады.

Кошенил-Мексика ҳәм Кариб теңизи атаўларында ушырайтуғын жәнлик түри. Олар қыймылдамай өсимликке жабысып азықланады.

Каналмыз | @ne_ushin

2k 0 11 2 24
Показано 20 последних публикаций.