#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-26-санлы, 21.02.2025 ж.) қабыл етилди.
Пәрманға көре, 2025-жылы базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:
🔹аймақларда жәми 8,1 миллион м2 болған 135 мың квартиралы турақ жайларды қурыў;
🔹ипотека кредитлери бойынша дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар санын 1,5 есеге арттырыў ҳәм усы мақсетлерге Мәмлекетлик бюджеттен 2,5 триллион сўм қаратыў;
🔹турақ жай ҳәм ипотека базарын финанслық ресурслар менен тәмийинлеў ушын 20,9 триллион сўм муғдарында ипотека кредитлерин ажыратыў;
🔹"Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайларды қурыўда қатнасатуғын қурылыс шөлкемлерин айланыс қаржылар менен тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 700 миллиард сўм ҳәм коммерциялық банклердиң өз қаржылары есабынан 3,0 триллион сўм муғдарындағы қаржыларды қаратыў.
️ 📜2025-жылда "Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайлар қурыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.
2025-жыл 1-марттан "Жаңа Өзбекстан" массивлери ушын жаңа аймақлар урбанизация принциплерине муўапық таңланады.
https://t.me/maman_advokat
Үй-жай ҳәм ипотека базары және де раўажландырылады