МАМАН АДВОКАТ


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Блоги


Сорауларыныз хам пикирлериңизди 👉 @maman_advokatbot жибериң
Тел: 90 700-04-40
Каналда юридикалық мағлыуматлар, жаналықлар хамде адвокаттың жеке пикирлери жазылады.
Пуқаралар хам юридикалық шахсларға шартнама тийкарында юридикалық жардем көрсетиледи.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Блоги
Статистика
Фильтр публикаций




#социаллық_кешбек

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген пуқаралар қой, мал, тауық гөшлери, қумшекер, дәри, медицина хызметлеринен пайдаланғаны ушын 12% кешбэкке ийе болады. Яғный усы затларды сатып алғанда соның 12 пайыз пулын қайтарып алыу хуқықына ийе.

https://t.me/maman_advokat

3.4k 0 24 11 30




4.1k 0 49 31 129

Китайлылар Ташкент қаласындағы “Аския” базарын сатып алыпты. Тезирек Узавтомоторстыда сатып жибериу керек клент шығып турғанда. 🫣🤣

Хәзир басабас Китайлықлар Өзбекстанға кирип келмекте. Ақыбети қандай болыуын билмеймен бирақ олардың ағып келип, жергиликли бизнеслерди сындырыуы хаққында буннан бес алты жыл алдын жазған едим.

https://t.me/maman_advokat

3.7k 0 19 33 83

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мен Зеленскийдиң ишинен нелер өтип атырғанлығын түсинемен. Оған хазир қатты ауыр. Бирақ мәмлекетиниң азатлығы ушын хәмме затқа таяр. Хақыйқый, кемтар, мәрт Президент. Оған хүрметсизлик қылғанына ашындым. Туурысы көзиме жас келди. Ол бундай мүнәсабетке ылайық емес еди. Әдилсизлик болып атыр.

https://t.me/maman_advokat

4.6k 0 15 187 133



#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Үй-жай ҳәм ипотека базары және де раўажландырылады


"Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-26-санлы, 21.02.2025 ж.) қабыл етилди.

Пәрманға көре, 2025-жылы базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:

🔹аймақларда жәми 8,1 миллион м2 болған 135 мың квартиралы турақ жайларды қурыў;

🔹ипотека кредитлери бойынша дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар санын 1,5 есеге арттырыў ҳәм усы мақсетлерге Мәмлекетлик бюджеттен 2,5 триллион сўм қаратыў;

🔹турақ жай ҳәм ипотека базарын финанслық ресурслар менен тәмийинлеў ушын 20,9 триллион сўм муғдарында ипотека кредитлерин ажыратыў;

🔹"Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайларды қурыўда қатнасатуғын қурылыс шөлкемлерин айланыс қаржылар менен тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 700 миллиард сўм ҳәм коммерциялық банклердиң өз қаржылары есабынан 3,0 триллион сўм муғдарындағы қаржыларды қаратыў.

️ 📜2025-жылда "Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерде көп квартиралы турақ жайлар қурыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.

2025-жыл 1-марттан "Жаңа Өзбекстан" массивлери ушын жаңа аймақлар урбанизация принциплерине муўапық таңланады.

https://t.me/maman_advokat


Зелен брат бенен Трамптың ақ үйде ушрасқанын көрген шығарсызлар.

Трамп Зеленге урысты 3 хәпте ишинде тоқтатаман деп еди. Зелен оған Путинде 3 күнде деп айтақан еди деди. 🫣🤣

Изинен Трамптың қасындағы жүрналист Трампқа айтқан бул гәплериңизден соң кеширим сорамайсызба деди. Сорамайман деди. Зелен оған Сиз Украинада болдыңызба деди. Журналист урысты интернетте, сторисларда көрдим деп еди. Зелен оны айландырып сөгежақ болды. 😬🤣

Зелен өзин исенимли хәм еркин тутты. Айрым костьюм мәселесинде берилген күлгили сорауларғада зор жууап қайтарды.

Қысқасы келисим тастыйықланды. Урыс дауам етеди.

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бахар келди наубахар келди” деген қосықты айтайын десем қолайсыз болып тур. 🫣😁

Бәршени бахар муәсими хәм ораза аййамы менен шын кеулден қутлықлайман. Тилеклериңиз Аллахтаа даргайында қабыл болсын. Елимизден тынышлық хәм берек арымасын.

https://t.me/maman_advokat

4.9k 0 6 32 147

Жәрийма баллары 12 баллдан асса айдаўшы транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады


Нызам менен, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген қосымшаларға көре, төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди:

🔹Жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланатуғын жәрийма баллары белгиленген муғдардан асқанлығы ушын ҳәкимшилик жаза қолланылыўы;

🔘Бунда:

Белгиленген ҳуқықбузарлықлар исленгенлиги ушын транспорт қуралының айдаўшысына усы ҳуқықбузарлықларда нәзерде тутылған тийкарғы жаза менен бирге жәрийма баллары есапланады. Бунда исленген ҳәр бир ҳуқықбузарлық ушын есапланатуғын жәрийма балының ең жоқары муғдары 2 баллдан артпаўы керек.

Жәрийма баллары белгиленген ҳуқықбузарлықлардан бири биринши мәрте әмелге асырылған күннен баслап бир жыл даўамында есаплап барылады. Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ушын есапланған жәрийма баллары бир жыл өткенинен кейин транспорт қуралының басқарыўшысынан автоматластырылған түрде шешиледи.

️➖Есапланған жәрийма баллары бир жыл даўамында 12 баллдан асқан жағдайларда, соңғы исленген ҳуқықбузарлық ушын белгиленген тәртипте қосымша жаза түринде айдаўшы транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылады. Бундай ҳуқықтан айырыў мүддети 6 айдан кем болмаўы белгиленди.


🔹Қысылған тәбийий газде, суйылтырылған нефть газинде ямаса дизель ҳәм газ тәризли жанылғы араласпасында ислейтуғын транспорт қуралларынан пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузғанлық ушын;

🔹Транспорт қуралында адам тасыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын;

🔹Транспорт қуралларын қуўып өтиў қағыйдаларын бузғанлығы ушын;

🔹Жол ҳәрекети ушын;

🔹Ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлериниң фото- ҳәм (ямаса) видео сүўретин олардың абыройын төменлетиўге алып келетуғын түрде бузып тарқатқанлығы ушын.

https://t.me/maman_advokat

5.8k 0 13 18 37

Кеше исенимли бир адамнан еситтим. Хүрметли Президентимиз Тахтакөпирден Қазақстанның Қызылорда қаласы арқалы өтетин жолын ашажақ дейди. Әне жаңалықтық көкеси. Поезд жол барады екен Қараөзектиң үстинен.

https://t.me/maman_advokat

7.6k 0 125 43 184

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мен көплеген өмирден налыйтын, қымбатшылық, газ жоқ, свет жоқ, жумыс жоқ, және бир зат жоқ деп жылайытын адамларды көремен. Социал тармақға кирип қалсаң хәмме наразы. Хайран қаламан. Сизлерге өзи не керек? Зор заманда жасап атырмызғо.

Президентимиз барлық имканиятты жаратып қойыптығо. Мен өткен бес жыллық өмириме, алдыңғы өмиримди салыстырсам түптен парық қылады. Мен алдыңғы дәуирди жаманлай жақ емеспен. Мен реформалардың нәтийжесин айтпақшыман. Алдын свет газ деген мүлдем жоқ едиғо. Қәне хәзир жоқпа? Күн түни жанып турғо. Пул жоқ дейсизлер, бирақ кеште кафе ресторанда отыратын жер жоқ. Хәр үйде бир машын.

Алдын хәммеси пластик еди. Оны банкке барып яки көшеден алмассаң кеминде 10 пайыз еди. Банктен доллар алыуды айтпаяқ қойайын. Судлардың еркинлиги нол еди. Адвокатлар адам емес, күштиң барлығы бир еки органда еди. Хәзир не? Хәзир кеулиңизге келген нәрсени ислеп атырсызлар. Биреу бир зат деп атырған жоқ. Шүкир етиңлерай. Хәмме заттың обал сауабы бар. Президентимиз аман болсын.

https://t.me/maman_advokat

6.7k 0 26 168 212

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Зор фильм еди я? Балалық уақытта хәр күни кеште усы сериялды көриуге асығар едик. Светте усы сериял басланарда бир саат жанар еди. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat


Адвокатлық кәсипке таярлау курсымыз тез күнде басланады. Уақтын айтамыз.

Курсқа жазыламан дегенлер болса администратордың 91.871-44-44 нөмерине шығып хабарлассаңыз болады. Басланып кеткеннен кейин курсқа жазылыу тоқтатылады.

https://t.me/maman_advokat

5k 0 12 9 15

#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Нызам (ӨРН-1032-санлы, 20.02.2025 ж.) менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди


Оған көре, Нызамға тийислисинше ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў бойынша хызметлер ушын төлемлер бойынша қарызларды өндириў ҳаққындағы даўалар, арзалар ҳәм шағымлар менен пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судларға мүрәжат етилгенде ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутыўшы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ олардың талапларын қанаатландырыў толық ямаса бир бөлеги бийкар етилген жағдайда усы мәмлекетлик бажыны ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилерден өндириў белгиленбекте.

✅ Буннан тысқары, сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң ўәкилханаларын Өзбекстан аймағында аккредитациялаўда мәмлекет бажысын төлеў ҳәр бир жыл ушын әмелге асырылатуғынлығын анықластырыўшы өзгерис киргизилмекте.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

https://t.me/maman_advokat


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

️Жол ҳәрекети қағыйдалары боцынша жынаят кодексине өзгерислер киритилди.


"Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1033-санлы, 20.02.2025-ж.) қабыл етилди.

Жынаят кодексине киргизилген қосымшаларға көре, төмендегилер ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди:

🔹Автомототранспорт қуралларының ҳәм олардың тиркемелериниң (ярым тиркемелериниң) мәмлекетлик номер белгилерин ямаса идентификация номерлерин нызамға қайшы түрде таярлағанлық, өткергенлик ямаса олардан пайдаланғанлық, сондай-ақ, оларды қәлбекилестиргенлик ушын;

🔹Автомототранспорт қураллары, қалалық электр транспорты қураллары айдаўшыларын ҳәм тракторшы-машинистлерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, имтиханлар өткериў ҳәм гүўалықлар бериў тәртибин бузғанлық ушын;

🔹Транспорт қуралын мәс жағдайында басқарғанлық ямаса тексериўден өтиўден бас тартқаны ушын;

🔹Транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахстың транспорт қуралын басқарғанлығы ушын;

🔹Қысылған тәбийий газде, суйылтырылған нефть газинде ямаса дизель ҳәм газ тәризли жанылғы араласпасында ислейтуғын транспорт қуралларынан пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларын бузғаны ушын.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

https://t.me/maman_advokat


Жол-жөнекей қарызға кир.

“Алоо. Хауу. Мен банктен. Аха. Жол хақы төлеуге жол-жөнекей 20 мың сум алған екенсиз. Ауа. Соны төлеу керек. Қанша? 1 млн сум” 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

4.5k 0 9 29 106

#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Перзентин нызамсыз диний билим алыўға тартқанлық ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди


Нызам (ӨРН-1035-санлы, 20.02.2025-ж.) менен айырым нызам ҳүжжетлерине бала ҳуқықлары қорғалыўын және де беккемлеўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди.

Нызам менен "Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында"ғы нызамға киргизилген қосымшаға көре, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар өз баласын жеке исенимлерине муўапық диний ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаў ҳуқықына ийе екенлиги, олар тәрепинен өз баласын нызамға қайшы түрде диний билим алыўға тартыўға, яғный баланы дизимнен өткерилмеген ямаса лицензияға ийе болмаған шөлкемлерге ямаса арнаўлы диний мағлыўматқа ийе болмаған ҳәм диний шөлкемлердиң Өзбекстан бойынша орайлық басқарыў уйымының рухсатысыз диний билимлендириўди әмелге асырып атырған шахсларға диний билим алыў ушын тапсырыўға жол қойылмайтуғынлығы белгиленди.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаға көре, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен өз баласын нызамға қайшы түрде диний билим алыўға тартыў БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, усы ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта әмелге асырылса БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға ямаса 15 суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болыўы белгиленди.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

https://t.me/maman_advokat


#2025_жыл_1_марттан

Нызамшылыққа көре, тәжирийбе-сынаў түринде республиканың алыс ҳәм шетки аймақларында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагог кадрлары ушын мобиль маманлығын арттырыў хызметлери енгизиледи.

https://t.me/maman_advokat

Показано 20 последних публикаций.