❓5 жыл жумыс стажына ийе ҳаял-қызларды оқыўға қабыллаў ҳаққында қарар шықты ма?
✅ Жуўап: Аўа, сондай қарар шықты. Бул бойынша Ҳүкиметтиң 9-июньдағы 322-санлы қарары қабыл етилди.
Бирақ!
Бул тәртип бойынша айырым тәреплерин билип қойыўыңыз керек.
🎙Толық аудиохабарда👆
Бириншиден, 5 жыл стажы бар ҳәмме ҳаял-қыз оқыўға киреди, дегени емес. Ҳәр жылы 500 контракт ушын (грант жоқ) орын ажыратылады. Мысалы, 10 мың ҳаял-қыз усыныснама алса, соннан тек 500и усы тәртип бойынша қабыл етиледи.
Екиншиден, стажы барлар имтихансыз оқыўға киреди, дегени емес. Барлық усыныснама алғанлар тестке әлбетте киреди ҳәм жоқарырақ балл алыўы керек.
❗️Усыныснама балл қосып бермейди.
Үшиншиден, бул тек ғана колледж ямаса техникумды тамамлағанлар ушын әмел етеди, мектепти питкерип, орта мағлыўмат пенен ислеп атырғанларға тийисли емес.
Төртиншиден, бул тек колледж/техникум дипломындағы қәнигелик бойынша ислеп атырғанларға әмел етеди. Мысалы, банк колледжин питкерип, 5 жыл тигиўши болып ислегенлерге усыныснама берилмейди.
Makan.uz