KRuz.uz |Рәсмий канал


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


❗️ ️Автомобильде жүдә үлкен тезликте ҳәрекетлениў 5 млн 625 мың сом жәриймаға себеп болыўы мүмкин

🚘 Әмелде белгиленген тезликти саатына 20 км.ге шекем, 20 км.ден 40 км.ге шекем, 40 км.ден артық шамаға асырып жибергенлик ушын дифференцияласқан жәриймалар белгиленген еди.

🚧 Енди транспорт қураллары басқарыўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин саатына 60 километрден артық шамада асырып жибериўи БЕМның 15 есеси (5 млн 625 мың сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

️✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


️Рәсмий: енди машинасын мәс ҳалда басқарғанлар жынайый жуўапкершиликке тартылады

Жынаят кодексине киргизилген қосымшаларға бола, транспорт қуралын мәс ҳалда басқарыў ямаса тексериўден өтиўден бас тартыў жағдайлары ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди.

️✅ @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Aйдаўшы 6 мәрте қызыл шырақтан өтип кетсе, айдаўшылық гүўалығынан айырылады

Енди жәрийма баллары "Е-jarimaball" системасында есапланады. Бир жыл даўамында, 8 баллға шекем смс арқалы ескертиледи, егер 12 баллдан артып кетсе кеминде 6 ай транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылады.

Баллар нелер ушын бериледи?
➖ Светофор қызыл шырақғы - 2 балл.
➖ Қадаған етилген орынларда қуўып өтиў - 1,5 балл;
➖ Тезликти асырыў - 0,5-2 балл;
➖ Рухсатсыз тонировка - 1-2 балл.
➖ ️Айдаўшылық гүўалығысыз, қамсызландырыўсыз ямаса дизимнен өтпестен басқарыў - қағыйдабузарлыққа қарап тийисли баллар бериледи.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️Кегейлидеги айырым орынларда газ өшеди

Оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 22-февраль күни Абат АПЖ, Ақтуба АПЖ (Тамғалы, Үш там) ҳәм Жаңабазар АПЖ (Қылқалы) аймақларында тутыныўшыларды тәбийий газ бенен тәмийинлеў саат 10:00 ден 18:00 ге шекем ўақтынша тоқтатылады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❄️ Бүгин Қарақалпақстанда жаўын (қар) жаўыўы мүмкин

Өзгидрометтиң мәлим етиўинше, бүгин Қарақалпақстандағы айырым орынларда жаўын (жаўын, қар) болыўы мүмкин.

Самал 9-14 м/с тезликте, температура 2-7° жыллы болады.

@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❓Әмелдеги аттестация кимлер ушын мәжбүрий болады?

2020 -жылдың ноябрь-декабрь айларында категория сертификатын алғанлар ушын 2025-жыл январь-июнь айлары аттестациясы нәўбеттен-тысқары, август-декабрь айлары аттестациясы болса нәўбеттеги мәжбүрий болады.

❗️Аттестацияға ҳүжжет тапсырыўда итибар бериң! Төленген пул қайтарып берилмейди.

👇Аттестатсияга таярлық көриў ушын диагностика тестлерин төмендеги ботлар жәрдеминде орынлаўыңыз мүмкин:

Өзбек тилинде: 👉 https://t.me/uztditestbot
Рус тилинде: 👉https://t.me/uztditest_rusbot
Қарақалпақ тилинде: 👉 https://t.me/uztdi_qrtestbot

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


🤩 Kunlar isishi bilan tехnоmartda narxlar ham “erib” ketdi!

Do‘stlar, texnikadan kam-ko‘stingiz bormi? texnomartda hammasidan bor. Ustiga ustak, 22-23 fevralda shunday skidkalar bo‘ladiki, cho‘ntagingiz BAYRAM QILADI!

Bunday kun har kuni ham bo‘lavermaydi! Demak, dam olish kunlari hamma “kim o‘zarga” texnika olishga, tехnоmartga shoshilamiz!

🏃‍♂️Demak, dam olish kunlari hamma “kim o‘zarga” texnika olishga, tехnоmartga shoshilamiz!


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
«Түлкишек» қосығында Арал теңизиниң қурып қалыўы ҳаққында айтылған ба?

Белгили жазыўшы Оразбай Әбдираҳманов өзиниң авторлығындағы «Аралым — дәртим мениң» китабында балалар фольклорынан алынған «Түлкишек» қосығы Арал теңизиниң қурыўына байланыслы екенлигин бир неше фактлер менен көрсеткен. Бул ҳаққында репортёр Айзада Амангелдиева видео таярлады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Абдуқодир Ҳусановтың «Манчестер Сити»дағы ойыны

«Ман Сити»диң «Реал»ға қарсы ойынында Абдуқодир Ҳусанов тийкарғы қурам менен ойынға кирди.

Ойыннан қысқа видео.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❓Ҳәзирде жәриймалар муғдары қанша?

➖ Тағылмаған ремен: 187 500;
➖ Техникалық көрик, биринши медициналық жәрдем комплекси: 187 500;
➖ Ҳүжжетсиз айдаў: 375 000;
➖ Қамсызландырыўыз айдаў: 375 000;
➖ Қызылда өтиў: 750 000;
➖ Нызамсыз парковка: 750 000
➖ Мәмлекет номерисиз автомобильди басқарыў: 1 млн 875 мың сом;
➖ Тезлик (+20 км/саат): 375 000;
➖ Тезлик (+20 -40 км/саат): 1 млн 875 мың сом;
➖ Тезлик (40+ км/саат): 3 млн 375 мың сом;
➖ Қарама-қарсы жөнелисте ҳәрекетлениў: 3 млн 750 мың сом;
➖ Мәс жағдайда транспорт қуралын басқарыў - 9 млн 375 мың сом ҳәм 3 жылға шекем машина басқарыў ҳуқықынан айырыў;
➖ Рухсатсыз рең бериў: 9 млн 375 мың сом.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❓"Мошенник"лерге алданып қалмаў ушын не қылыў керек?

Банк пластик картаңыз ҳәм өзиңизге тийисли мағлыўматларға абайлы болың.

Банктен картаңызды алып атырғанда банк карталарына байланыслы қәўипсизлик қағыйдаларын ҳәм сыр сақлаў керек болған мағлыўматларды сорап алың.

Онлайн алдаўшылардан қалай сақланыў бойынша жоқарыдағы видеодан мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
payme plus obunasi bu:

💸 Oyiga 5 mln so‘mgacha komissiyasiz pul o‘tkazmalari.
📺 Setanta Sports obunasi.
📊 Barcha daromad va xarajatlarni kuzatish.
⏳ "Keyinroq to'lash"" xizmati.

📲 payme plus xizmatini hoziroq ulang.


💰 Жәҳән урысы қатнасыўшыларына 10 мың доллардан пул бериледи

📑 Бул бойынша Президент пәрманы қабыл етилди. Пәрманға бола:

Eкинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине 10 мың АҚШ доллары муғдарында;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслардың ҳәр бирине 25 миллилон сом муғдарында;

1941-1945-жыллардағы урыс дәўириндеги мийнет фронты қатнасыўшыларының ҳәр бирине 3 миллион сом муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


⁉️ 8-март байрамында неше күн дем алыс болады?

Усы жылы 8-март – Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине 'https://t.me/karinformuz/11276https://t.me/karinformuz/11276' rel='nofollow'>туўра келеди.

Мийнет кодексине муўапық, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

Оған бола, байрам қарсаңында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлердиң дем алыс күнлери төмендегише болады:

1️⃣ 8-март, шемби – байрам күни, дем алыс күни;

2️⃣ 9-март, екшемби – дем алыс күни;

3️⃣ 10-март, дүйшемби – қосымша дем алыс күни.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Қарақалпақстанда 3 пуқара 588,2 млн сумлық энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны анықланды

Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Кегейли, Мойнақ ҳәм Бозатаў районлық бөлимлери тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўлерде пуқаралар Р.Д., М.А. ҳәм И.Ж. өзлериниң үйлеринде улыўма пайдаланыўдағы электр ҳәм газ тармақларына тиккелей жалғанып, жәми 588,2 млн сумлық энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны анықланған.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Енди банклердеги аманатлар тезирек қайтарып бериледи

Жаңа нызамға көре, банк аманатларын қайтарыў мүддети сезилерли дәрежеде қысқартырылады. Енди аманатшылар ақшасын қайтарып алыўды 3 айға шекем күтпейди. 2027-жылдан баслап банклер аманатларды 7 күн ишинде қарыйдарларға қайтарыўы мәжбүрий болады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


‼️ Тахтакөпирдеги айырым орынларда "свет" өшеди

Усы жылдың 19-февраль күни саат 10:00 ден 18:00 ге шекем райондағы «Дәўқара», «Белтаў» АПЖ, «Қаратерең» МПЖ аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Тайынлаў

Султанов Тлеуберген Айтмуратович - Қоңырат районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары-аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Т.Султанов тайынлаўға шекем Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар



Показано 19 последних публикаций.