Кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң орынланыўы ҳәм ислеген жумыслары бойынша есабат-сайлаў жыйналысы өткерилдиҚарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң мǝжилислер залында 2024-жыл даўамында «Жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң ис бериўши ҳәм кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен орынланыў жуўмақлары ҳәмде 2020-жылдың февраль айыннан 2025-жылдың февраль айына шекемги дәўирдеги кәсиплик аўқам комитети тәрепиннен ислеген жумыслары бойынша есабат-сайлаў жыйналысы өткерилди.
Жыйналысқа Өзбекстан транспорт, жооҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқам Республика Кеңеси баслығының орынбасары Боҳодир Султанов, Кәсиплик аўқам Қарақалпақстан Республика Кеңеси баслығы Гүлмира Палўаниязова, Транспорт тасыўларын муўапықластырыў бөлими баслығы Махсет Утениязовлар қатнасты.
Жыйналыста күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды. Өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар есап-китап етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Жыйналыс шеңберинде быйылғы жылы болып өтетуғын есабат-сайлаўларды ашық ҳәм әдалатлы өтиўин тәмийинлеўге тийисли түсиниклер берип өтилди.
————————————————————————
Касаба уюшма қўмитасининг жамоа шартноманинг бажарилиши ва ҳисобат-сайлов умумий йиғилиши бўлиб ўтдиҚорақалпоғистон Республикаси Транспорт вазирлигининг мажлислар залида "Жамоа шартномасининг 2024 йил давомида иш берувчи ва касаба уюшма қўмитаси томонидан ижроси бўйича умумий йиғилиши ҳамда Ўзбекистон давлат санъат ва маданият институти Нукус филиали касаба уюшма қўмитасининг 2020 йилнинг февраль ойидан 2025 йилнинг февраль ойи оралиғида ишлаган фаолияти тўғриси"да ҳисобот-сайлов умумий йиғилиши ўтказилди.
Йиғилишга Ўзбекистон транспорт, йул ва капитал қурилиш, қурилиш индустрияси ходимлари касаба уюшмаси Республика Кенгаши раисининг ўринбосари Султонов Боходир Фазилович, Касаба уюшмаси Қорақалпоғистон Республика Кенгаши раисининг ўринбосари Гулмира Палўаниязова Транспорт ташувларин мувопиқлаштириш бўлими бошлиғи Махсет Утениязовлар иштирок этдилар.
Йиғилиш кун тартибидаги, масалалар бўйича масъулларнинг ҳисоботлари ўқиб эшиттирилди. Ўтган йил давомида амалга оширилган ишлар сарҳисоб қилиниб, келгусидаги вазифалар белгилаб олинди.
Йиғилиш доирасида бу йил бўлиб ўтадиган ҳисобот-сайловларни шаффоф ва адолатли ўтишини таъминлашга доир тушунчалар бериб ўтилди.
📱 Instagram |
🌐 sayt |
✉️ telegram |
📱 facebook|
📱twitter