Karakalpakstan Football Association


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Спорт


Қарақалпақстан Футбол Ассоциациясының рәсмий каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Спорт
Статистика
Фильтр публикаций


💚 Өзбекстан футбол ассоциациясының гезексиз сайлаў Конгресси өткерилиўи ҳаққында

Алдын хабар етилгениндей, Өзбекстан футбол ассоциациясы уставына муўапық, 2025-жыл 22-февраль күни ӨФА президентлигине сайлаў болып өтеди.

Усы жылдың 20-январь күни ӨФА тәрепинен өз ағзаларына усы лаўазымға талабанлар бойынша өз усынысларын жибериўлерин сорап мүрәжат етилген. ӨФА рәсмий электрон почтасына келип түскен талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар ӨФА сайлаў комитети тәрепинен Өзбекстан футбол ассоциациясы уставы ҳәм сайлаў кодексине муўапық тексерилип, ӨФА уставының 30-статьясына тийкарланып, конгресстен 30 күн алдын ӨФА секретариятына усынылды.

ӨФА уставының 33-статьясына муўапық, ӨФА ағзалары гезексиз сайлаў конгрессиниң өткерилиў орны ҳәм күн тәртиби ҳаққында конгресс өткерилиўинен кеминде 10 күн алдын хабардар етилиўи керек. Усы мүнәсибет пенен, конгресстиң өткерилиў орны ҳәм күн тәртиби 2025-жыл 12-февраль күни барлық ағзаларға жеткерилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, ӨФА сайлаў кодексиниң 11-статьясында талабанлардың рәсмий дизими ҳаққындағы мағлыўматлар баспасөзде де жәрияланыўы зәрүр екенлиги келтирилген болып, ӨФА ағзалары тәрепинен Өзбекстан футбол ассоциациясы президенти лаўазымына Қурбонов Баҳодир Низомовичтиң кандидатурасы алға қойылды.

Жоқарыдағылардан келип шығып, Өзбекстан футбол ассоциациясының гезексиз сайлаў Конгресси 2025-жылдың 22-февраль күни ӨФА имаратында болып өтетуғыны мәлим етиледи.


⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


⚽️ Жолдаслық ойыны
🏟️ U-17

🇺🇿 Өзбекстан 0:1 Морокко 🇲🇦

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube




🤩 Өзбекстан ампутантлар сайланды командасы - Азия чемпионы! ✅

Өзбекстан ампутантлар сайланды командасы Бангладеште болып өткен Азия чемпионатында чемпионлыққа еристи. Командамыз топар басқышында Индонезияны 8:1, Непалды 13:0 ҳәм Бангладешти 3:0 есабында жеңип, ярым финалға жол алды. Ярым финалда болса Иракты 3:0 есабында жеңип, финалға шықты.

Финалда болса Өзбекстан сайланды командасы Индонезия үстинен 6:0 есабында жеңиске ерисип, Азия чемпионы болды!

Өзбекстан ампутантлар сайланды командасын жеңис пенен қутлықлаймыз!


️⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


🏟 Тийкарғы қурам

⚽️ Жолдаслық ойыны
🏟️ U-17
🇺🇿 Өзбекстан - Морокко 🇲🇦

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


🏆 CAFA қызлар футзал чемпионаты.

🔥 2-тур
📍 Душанбе. Тәжикстан

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


#match_day

⚽️ Жолдаслық ойыны
🏟️ U-17
🇺🇿Өзбекстан - Морокко 🇲🇦
📆 12.02.2025
17:00

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


🎓Университет аймағындағы мәҳәллелер арасында спорт жарыслары шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында мәҳәллелерде халық, әсиресе, жаслар арасында ғалабалық спорт жарысларын системалы шөлкемлестириў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спортқа тартыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Усы тийкарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң факультетлер аралық дене мәденияты кафедрасы тәрепинен университет аймағында жайласқан «Шайырлар», «Шығыс», «Алмазар» ҳәм «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынларының жаслары ҳәм де жасы үлкен пуқаралары арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыслар өткерилди. Жарысқа мәҳәллелерден жәми 80 нен аслам нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.

Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды. Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған дипломлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Өткерилген жарыстың тийкарғы мақсети ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, университет пенен мәҳәллелер арасында бирге ислесиўди және де күшейтиў болып табылады.


⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


🏆 Футзал бойынша Қарақалпақстан ХХІ чемпионаты.
🔥 1/8 финал.
📆 22.02.2025

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


🏆 Футзал бойынша Қарақалпақстан ХХІ чемпионаты.
🔥 20-тур.

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


🏆 Футзал бойынша Қарақалпақстан ХХІ чемпионаты.
🔥 21-тур.

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
📹2025-жылғы режелер додаланды.

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


👨‍💻 2025-жылғы режелер додаланды.

Бүгин ККФА мәжилислер залында футбол тренерлери менен биргеликте 2025-жылда болып өтетуғын жарыслар, ҳәмде Қарақалпақстан сайланды командаларына тренерлер бекитиў мәселесинде жыйналыс болып өтти. Жыйналыс даўамында усыныс ҳәм пикирлер тыңланды.

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🥇 Телеграм каналымызда өткерилген сораўнама бойынша Футзал бойынша Қарақалпақстан ХХІ чемпионатында 17-турдың ең сулыў голы - 44% даўыс пенен “Пантера” футзалшысы Фархад Султамуратовтың голы деп табылды.

⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram  📱 Instagram  📱 YouTube


Репост из: PFK "ARAL"
📺 Futbol TV да “Арал командасы.

Бүгин саат 19:00 де Футбол ТВ каналы “Бизнинг футбол” көрсетиўинде командамыз бас тренери Нағметулла Қутыбаев ҳәмде командамыз капитаны Саламат Қутыбаевлар мийманда.

⚡️ ПФК "Арал" мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram 📱 Instagram 📱 WhatsApp 📱 Facebook



Показано 16 последних публикаций.