КҮН НƏПЕСИ
ТƏМИЙНАТТЫҢ ТУРАҚЛЫЛЫҒЫ УШЫН
Тǝмийнаттың турақлылығына ҳǝм исенимлилигине ерисиў – филиалымыз жǝмǝǝтиниң ең баслы ўазыйпасы болып табылады. Буның ушын болса «Жазды-жаз, қысты-қыс» деместен тынымсыз жумыс алып барыў талап етиледи. Гүз мǝўсиминиң соңғы күнлеринде де тармақлардың пайдаланыўға таярлығын тǝмийнлеў бағдарындағы жумыслар бир қǝлипте жүргизилмекте. Кегейли районлық ЭТ ағзалары бүгин «Қǝлли жағыс» фидериниң 278-трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа электр узатыў тармағының киши оңлаў жумысларын ǝмелге асырыўға киристи. Бул райондағы «Көк өзек» АПЖ аймағында жасаўшы халықтың сапалы электр энергиясына болған талабын қанаатландырыўға хызмет етеди.
«АЭТ» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы баспасөз хызмети